QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.19K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
⁉️Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?

⚡️Зәҳәрли газд жаныўшы материяның (көмир, тәбийий гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.

⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы
-Тәбийий гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек)
-Ханалардың жоқарғы бөлегиниң қараўытып ыс басыўы
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.

⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшиликке алып келеди.

⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден саўлығыңызға итибарсыз болмаң.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

@qongiratrkuz
#Билесиз_бе

Нызамшылыққа көре, халық ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыў менен байланыслы барлық хызметлер басқышпа-басқыш “Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине субсидия ажыратыўдың бирден-бир электрон платформа”сына өткерилиўи белгиленген.

▶️ Соның менен бирге, субсидияларды ажыратыўдың мақсетке муўапықлығы электрон платформа арқалы онлайн тексериледи.
__

#Биласизми

Қонунчиликка кўра, аҳоли ва тадбиркорларга субсидия ажратиш билан боғлиқ барча хизматлар босқичма-босқич “Аҳоли ва тадбиркорлик субъектларига субсидия ажратишнинг ягона электрон платформа”сига ўтказилиши белгиланган.

▶️ Шунингдек, субсидияларни ажратишнинг мақсадга мувофиқлиги электрон платформа орқали онлайн текширилади.

@qongiratrkuz
Forwarded from 5 TASHABBUS OLIMPIADASI (Boburxon Dadabayev)
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🎨Yosh musavvirlar shoshilamiz!

🖐 “Besh tashabbus olimpiadasi” doirasidagi “Yosh musavvir” tanloviga ro’yxatdan o’tish davom etmoqda. Tanlovning respublika bosqichi g’oliblari 1-o’rin 20 mln, 2-o’rin 15 mln, 3-o’rin 10 mln so‘m va qolgan ishtirokchilarning barchasi 5 mln so’m pul mukofoti bilan taqdirlanadi.

📝 Ishtirok etish uchun 5tashabbus.uz saytidan ro’yxatdan o’ting.


@material_5tashabbus
Пуқаралардың бизнес басламаларын қаржыландырыў жетилистириледи

«Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде пуқаралардың бизнес басламаларын қаржыландырыўды жетилистириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-149-санлы, 02.04.2024-ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға муўапық, 2024-жыл 1-апрельден усы жылда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер өзин-өзи бәнт еткен физикалық шахсларға (тийкарғы жумыс орнына ийе шахслар буған кирмейди) төмендегише ажыратылады:

🔹33 миллион сумға шекемги, бир жылдан соң усы қарыз алыўшының исбилерменлик жумысы нәтийжелилиги, қарыздың мақсетли ислетилгенлиги ҳәмде зәрүрликке қарап топар кепиллиги (кеминде 3 пуқара) менен қосымша 50 млн. сумға шекем револьвер тийкарында;

🔹усы кредитлерден қыйтақ жерди раўажландырыўдың бир неше жөнелислеринде (қусшылық, қояншылық, шәрўашылық, пал ҳәррешилик, балықшылық ҳәм ықшам ыссыхана) пайдаланыўы ушын;

🔹жер майданы 10 сотихдан артық болған қыйтақ жерлерге ҳәм ижарашыларға 50 млн. сумға шекем гиреўсиз;

🔹10 сотихли ықшам ыссыханаларды қурыў ҳәм балықшылықты шөлкемлестириў ушын 100 млн. сумға шекем гиреўсиз.

🔹Мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги ўәкилликли банклер менен биргеликте 2024-жыл 1-июльдан мәҳәллелерде бағдарламалар шеңберинде ажыратылған кредитлерден мақсетли пайдаланылыўы мониторингин ҳәм олардың нәтийжелилигин баҳалаў механизмин енгизеди.

Аҳолининг бизнес ташаббусларини молиялаштириш такомиллаштирилади

"Оилавий тадбиркорликни ривожлантириш дастурлари доирасида аҳолининг бизнес ташаббусларини молиялаштиришни такомиллаштиришга доир қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида”ги Президент Қарори (ПҚ-149-сон, 02.04.2024 й.) қабул қилинди.

🔰 Қарорга кўра, 2024 йил 1 апрелдан 2024 йилда оилавий тадбиркорликни ривожлантириш дастурлари доирасида кредитлар ўзини ўзи банд қилган жисмоний шахсларга (асосий иш жойига эга шахслар бундан мустасно) қуйидагича ажратилади:

🔹33 миллион сўмгача, бир йилдан сўнг ушбу қарз олувчининг тадбиркорлик фаолияти самарадорлиги, қарзнинг мақсадли ишлатилганлиги ҳамда заруратга қараб гуруҳ кафиллиги (камида 3 нафар фуқаро) билан қўшимча 50 млн сўмгача револьвер асосида;

🔹ушбу кредитлардан томорқани ривожлантиришнинг бир нечта йўналишларида (паррандачилик, қуёнчилик, чорвачилик, асаларичилик, балиқчилик ва ихчам иссиқхона) фойдаланиши учун;

🔹ер майдони 10 сотихдан ортиқ бўлган томорқа ер эгаларига ва ижарачиларга 50 млн сўмгача гаровсиз;

🔹10 сотихли ихчам иссиқхоналарни барпо этиш ва балиқчилик фаолиятини ташкил этиш учун 100 млн сўмгача гаровсиз.

✔️ Маҳаллабай ишлаш ва тадбиркорликни ривожлантириш агентлиги ваколатли банклар билан биргаликда 2024 йил 1 июлдан маҳаллаларда дастурлар доирасида ажратилган кредитлардан мақсадли фойдаланилиши мониторингини ва уларнинг самарадорлигини баҳолаш механизмини жорий этади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
"МИЙНЕТ НУРАНЫЙЛАРЫ, ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ"

биринши мәртебе өзгеше форматта- мийнет ветераны
Жарылқап Турсынбековтың шаңарағында болып өтти

⬇️⬇️⬇️
Өмирдиң ойлы-бийик жолларын басып өткен нураныйларымыздың тәжирийбеси, үгитлери жаслар ушын ибрат мектеби.
Президентимиздиң басламасы менен жас әўладты тәрбиялаўда "устаз-шәкирт "дәстүрине әмел етиў, устазларды улығлаў, оларды арттырған тәжирийбесинен өнимли пайдаланыў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес.Усындай ийгиликли ислердиң әмелий даўамы сыпатында бүгин "Түркистан" МПЖ да жасаўшы  ҳүрметли мийнет нураныйы Жарылқап Турсынбековтың шаңарағында мийнет ветеранының өмир жолы менен таныстырыў, жасларды дурыс жолға бағдарлаў мақсетинде болып өткен "Мийнет нураныйлары, Ҳәким ҳәм жаслар ушырасыўы"н айтып өтсек арзыйды.
Нураныйлар ҳәм жаслар мирәт етилген ушырасыўда район ҳәкими Бекзод Мадаминов, Миллий қәўипсизлик хызмети Қоңырат районы бөлими баслығы Э.Исматов, бир қатар нураныйлар ҳәм белсенди жаслар
сөзге шығып, елимизде әмелге асырылып атырған жедел реформалар тийкарында халықтың абаданлығы, жаслардың бахытлы келешегин тәмийнлеў сыяқлы ийги мақсетлер жәмленгенлигин атап өтти.
Пүткил саналы өмирин халыққа хызмет етиўге бағышлаған, ҳадал мийнети менен үлкен абыройға ийе болған мийнет ветераны, "Дослық"ордени ийеси Жарылқап Турсынбековтың мийнет жолы, халық ушын ислеген ийгиликли ислери жасларға үлги етип көрсетилди.
Төрт ул, бир қызды өмирлик жолдасы Оразгүл Аўезова менен тәрбиялап,12 ақлықтың атасы болып отырған Жарылқап Турсынбековтың шаңарағы мәҳәлледе ең үлгили шаңарақ ретинде тилге алынады.
Өз гезегинде Ж.Турсынбеков өмири ҳәм мийнет искерлиги даўамында топлаған бай тәжирийбеси менен бөлисип, нураныйларға көрсетилип атырған ҳүрмет-иззет ҳаққында өзиниң кеўилден шыққан пикирлерин билдирди.
Бүгинги еркин ҳәм абат жәмийетимиз, пәраўан турмысымыз, булардың бәри мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар нәтийжеси екенлиги атап өтип, жасларды илимли, билимли болыўға, тынышлығымызды көз қарашығындай асыраўға шақырды.
Үш әўлад ўәкиллери тәрепинен жақсы нийетлер менен нәллер отырғызылды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
"МИЙНЕТ НУРАНЫЙЛАРЫ, ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ"

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz