QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.19K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
⚡️ "Jas shegarashılar" áskeriy watansúyiwshilik sport jarısınıń Qońırat rayonı basqıshı ótkerildi

🔹Respublikamızdıń shegara aymaqlarında jaylasqan mektep oqıwshıları arasında ótkerilip atırǵan "Jas shegarashılar" áskeriy watansúyiwshilik sport jarısınıń Qońırat rayonlıq basqıshı ótkerildi.

🔥Qızıqlı bellesiwlerge bay ótken jarısta 3-orındı 7-sanlı mektep, 2-orındı 35-sanlı mektep hámde 54-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebi komandası sıylı 1-orındı jeńip alıp, keyingi Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollamanı qolǵa kirgizdi.

@qongiratrkuz
Мәҳәллелерде алып барылған хатлаўлар нәтийжесинде социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардан исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши 140 ҳаял "Ҳаяллар дәптери" не дизимге алынған. 
Районлық шанарақ ҳәм ҳаял-кызлар бөлими тәрепинен кредит алып, өз исбилерменлиги менен шуғылланыўды мақсет еткен ҳаялларға исбилерменликти қалай баслаў керек екенлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.Ушырасыўда салық инспекциясы ҳәм саўда-санаат палатасы районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен  қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

@qongiratrkuz
#Сектор
#көшпели_қабыллаў

Халықтың машқалаларын
үйрениў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде сектор баслықларының көшпели қабыллаўлары турақлы өткерилмекте.

Қоңырат районы прокуроры,2-сектор баслығы  Ж.Муфтуллаевтың "Елабад" ППЖ да болып өткен нәўбеттеги көшпели қабыллаўында  келип түскен ҳеш бир мәселе итибарсыз қалдырылмады. Шөлкем ҳәм мекемелер басшыларының қатнасыўында өткерилген бул қабыллаўда мүрәжат етиўшилердиң шағымлары ҳәм усыныслары үйренилип, машқалалардың шешими қадағалаўға алынды.

__


Аҳоли муаммоларини  ўрганиш ва уларни қийнаб келаётган масалаларга ечим топиш мақсадида сектор раҳбарларининг сайёр қабуллари доимий ўтказилмоқда.

Қунғирот тумани прокурори, 2-сектор раҳбари Ж.Муфтуллаевнинг "Елабад" ПФЙ даги  навбаттаги сайёр қабулида келиб тушган ҳеч бир масала беэътибор қолдирилмади.Тегишли идоралар ва муассасалар раҳбарлари иштирокида ўтган ушбу қабулда мурожаат этувчиларнинг шикоятлари ва таклифлари ўрганилиб, муаммолар ечими назоратга олинди.

@qongiratrkuz