QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.93K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
❗️ Дыққат хабарландырыў!

Күни кеше Узгидрометеорология орайының хабарына бола, усы жылдың 11-18-
январь күнлери республикамызда күндизги ўақытлары ҳаўа-райының кескин төменлеп кетпейтуғынлығын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәстүрий оқыў процеси 2023-жылдың 12-январь күнинен баслап басқышпа-басқыш басланатуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

Усыған қосымша етип айтып өтиў орынлы, республикамыздағы жәми 721 мектептен 12-январь сәнесинен баслап 571 мектеп, 13-январь сәнесинен баслап 8 мектеп, 14-январь сәнесинен баслап 9 мектеп, 16-январь сәнесинен баслап 133 мектеп дәстүрий оқыў процесин баслайды.

Бунда узақ аймақларда жайласқан айырым мектеплерге алыс аралықтан қатнап оқыйтуғын оқыўшылардың бар екенлиги есапқа алынған.

Соның менен бирге оқыў саатларының басланыў ўақты 8:30 дан 9:30 ға ўақтынша көширилди ҳәм де 1 сабақ ўақты 35 минут белгиленген.

Бул бойынша республикадағы барлық мектеп директорлары хабардар етилгенлигин мәлим етемиз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 31 жыллығы ҳәм "14-январь ўатан қорғаўшылары күни" мүнәсибети менен  Қоңырат районы "Қырыққыз" ППЖ аймағында жайласқан 99574-әскерий бөлимде  байрам салтанаты болып өтти.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов, әскерий бөлим жеке қурамы ҳәм әскерий хызметшилердиң шаңарақ ағзалары, сондай-ақ мәкеме-шөлкемлер басшылары қатнасты.

Илажда Коңырат районы ҳәкими орынбасары А.Мамутов сөзге шықты ҳәм ана ўатанды қорғаўдай  муқәддес кәсипке өз өмирин бағышлаған бәрше офицер, сержант ҳәм әскерлерге миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, әскерий миннетин шын кеўилден орынлап, жоқары нәтийжелер көрсеткен бир қатар әскерий хызметшилер ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам иләжи Қарақалпақ эстрада жулдызлары тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти


👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қўнғирот тумани  ҳокими Б.Б.Мадаминовнинг 14 январь - Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам табриги!

Азиз тумандошлар!
Ҳурматли ҳарбий хизматчилар,  фахрийлар ва азиз ёшлар!

Авваламбор, Сиз, азизларни
14-январь - Ватан ҳимоячилари куни ва Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганлигининг 31 йиллиги билан чин қалбимдан муборакбод этаман.

Ватанимизнинг мудофаа қудратини ошириш, юртимизда тинчликни таъминлаш ва чегараларимиз дахлсизлигини мустахкамлашдек масъулиятли ва шарафли фаолиятингизда улкан зафарлар тилайман.

Шу муносабат билан барчангизга мустаҳкам соғлиқ, оилавий бахт, тинчлик-хотиржамлик, хизматларингизда ўлкан муваффақиятлар тилайман. Чегараларимиз дахлсиз, осмонимиз мусаффо бўлсин.
Яна бир бор байрамингиз муборак бўлсин, азиз Ватан ҳимоячилари!


👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#қутлықлаў

14-январь ЎАТАН ҚОРҒАЎШЫЛАР КҮНИ

Тынышлығымыз қорғаўшылары байрамыңыз қутлы мүбәрек болсын!

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими
«Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Миллий армиямыз – Жаңа Өзбекстанның беккем қорғаны!» атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Media kontent
🏆 «Men G‘olib» оммавий югуриш мусобақаси ўтказилади

14 январь куни иккита муҳим давлат санаси – Ватан ҳимоячилари куни ва мамлакатнинг Қуролли кучлари ташкил этилганининг 32 йиллигини нишонлаш кунида «Humo Arena» старт-финиш майдончасида «Men G’olib» анъанавий қишки оммавий югуриш мусобақаси бўлиб ўтади.

Тадбир дастурига 3 та масофа киритилган: 3 км, 10 км ва 1 км масофада «Family Run» (оилавий оммавий югуриш мусобақаси). Ҳаваскор югурувчилар шахсий мусобақаларда иштирок этади, идоравий тузилмалар учун эса жамоавий мусобақалар ташкил этилади. 14 январь куни иштирокчиларнинг йиғилиши 07:00 да бошланади, мусобақага 08:00 да старт берилади.

«Men G‘olib» кубоги Мудофаа вазирлиги, Миллий гвардия, Ички ишлар вазирлиги, Фавқулодда вазиятлар вазирлиги, Давлат хавфсизлиги хизмати, Давлат божхона қўмитаси, Президент хавфсизлиги давлат хизмати, Ўзбекистон Республикаси Бош прокуратурасининг вакилларидан ташкил топган 8 та жамоа ўртасида ўйналади.

Ҳаваскор югурувчилар учун 10 январгача Prorun.uz сайтида очиқ тарзда рўйхатдан ўтиш (пуллик) имконияти мавжуд. 10 км, 3 км ва «Family Run» масофалари учун рўйхатдан ўтиш қиймати – 150 000 сўм. Иштирокчиларнинг старт пакетлари 12 январь куни соат 10:00 дан 18:00 гача Енгил атлетика федерациясида, қуйидаги манзилда берилади: Ислом Каримов кўчаси, 98, мўлжал – «Пахтакор» стадиони.

▪️ Батафсил

〰️〰️〰️〰️〰️
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

14-январь- Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған илажлар даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Ўатан қорғаўшылары күни кең түрде белгиленди

Республикамызда 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди.

Бүгин пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Толық оқыў

Ватан ҳимоячилари куни кенг нишонланди

Республикамизда 14-январь – Ватан ҳимоячилари куни ва Қуролли Кучларимиз ташкил этилганлигининг 32 йиллиги кенг нишонланди.

Бугун пойтахтимиздаги “Мотамсаро она” ҳайкали пойига Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва Вазирлар Кенгаши, Шимолий-Ғарбий харбий округи, ҳуқуқ тартибот органлари меҳнат жамоалари, олий таълим муассасалари уруш ва меҳнат фахрийлари номидан гулчамбарлар қўйилди.

Тадбирда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этди.


Тўлиқ ўқиш

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен тараўға қаратылып атырған үлкен итибар айрықша атап өтилди.

Толық оқыў

Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам дастури бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 14-январ – Ватан ҳимоячилари куни ва Қуролли Кучларимиз ташкил этилганлигининг 32 йиллиги муносабати билан байрам тадбири бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этиб, ҳарбий хизматчиларни, фахрийлар ва бутун халқимизни байрам билан табриклади.

Шунингдек, ҳурматли Президентимиз, Қуролли Кучлар Олий Бош Кўмондони томонидан соҳага қаратилаётган улкан этибор алоҳида тилга олинди.


Тўлиқ ўқиш

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#online

ЎАТАНДЫ МӘРТЛЕР ҚОРҒАЙДЫ

Елимизде  Ўатан қорғаўдай уллы иске өзин бағышлаған әскерий хызметкерлер үлкен ҳүрмет -иззетке бөленип, ҳәр жылы 14-январь -Ўатан қорғаўшылары күни көтериңки кейпиятта байрамланады.
Сәне мүнәсибети менен райондағы пайызлы орынлардың биринде салтанатлы байрам илажы болып өтпекте.

Онда байрам  дәстүрханы жайылып, елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған
әскерий хызметкерлер , ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мирәт етилди. Байрам илажында район ҳәкими Бекзод Мадаминов жыйналғанларды бул қутлы сәне менен қутлықлап, мәмлекетимизде бул байрам тек ғана әскерий хызметкерлердиң емес, ал гүллән халқымыз ушын тынышлық , парахатшылық байрамы сыпатында кеңнен байрамланатуғынлығын атап өтти.
Буннан соң бир қатар мийнет нураныйлары,тараў басшылары шығып сөйлеп, ўатан қорғаўшыларының халқымыздың тыныш турмысын тәмийнлеўде алып барып атырған хызметлеринде табыслар тиледи.

@qongiratrkuz
Әскерий тараў хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды

Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен барлық тараўлар қатарында әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгин Нөкис қаласындағы әскерий қалашада бир топар әскерий тараў хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм байрам қарсаңында жана турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа үй гилтлерин тапсырды.

Ҳарбий соҳа ходимларига янги уй-жойларнинг калитлари топширилди

Ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан барча соҳалар қатори ҳарбий хизматчилар ва уларнинг оила аъзоларини ижтимоий қўллаб-қувватлаш, ҳарбий шаҳарчаларни ободонлаштириш, замонавий инфратузилмани шакллантириш бўйича тизимли ишлар амалга оширилмоқда.

Бугун Нукус шаҳридаги ҳарбий шаҳарчада бир гуруҳ ҳарбий соҳа ходимлари учун қурилган кўп қаватли уйлар фойдаланишга топширилиши муносабати билан тадбир бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни 14 январь - "Ватан ҳимоячилари куни" ва байрам арафасида янги уй-жойлар фойдаланишга топширилиши муносабати билан самимий табриклади. Шунингдек, бир қатор ҳарбий соҳа ходимларига янги хонадон калитларини топширди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Ўатан қорғаўшылары күни кең түрде белгиленди

Республикамызда 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыллығы кең түрде белгиленбекте.

Бүгин пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.

Толық оқыў

Ватан ҳимоячилари куни кенг нишонланди

Республикамизда 14-январь – Ватан ҳимоячилари куни ва Қуролли Кучларимиз ташкил этилганлигининг 33-йиллиги кенг нишонланмоқда.

Бугун пойтахтимиздаги “Мотамсаро она” ҳайкали пойига Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва Вазирлар Кенгаши, Шимолий-Ғарбий харбий округи, ҳуқуқ тартибот органлари меҳнат жамоалари, олий таълим муассасалари уруш ва меҳнат фахрийлари номидан гулчамбарлар қўйилди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Толық оқыў

Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан байрам дастури бўлиб ўтди

Бугун Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида 14-январ – Ватан ҳимоячилари куни ва Қуролли Кучларимиз ташкил этилганлигининг 33 йиллиги муносабати билан байрам тадбири бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев иштирок этиб, ҳарбий хизматчиларни, фахрийлар ва бутун халқимизни байрам билан табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
ЎАТАНДЫ МӘРТЛЕР ҚОРҒАЙДЫ

Елимизде  Ўатан қорғаўдай уллы иске өзин бағышлаған әскерий хызметкерлер үлкен ҳүрмет -иззетке бөленип, ҳәр жылы 14-январь -Ўатан қорғаўшылары күни көтериңки кейпиятта байрамланады.

Өзбекстан Ресрубликасы Қураллы күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қоңырат районының орайлық көшелери бойлап әскерий парад болып өтти.

Ерте таңнан райондағы Қарақалпақстан көшеси бойлап  әскерий хызметкерлер ҳәм техникалар, ҳуқық қорғаў хызметкерлери бир сапта ҳәрекетленип, район халқына жоқары байрам кейпиятын инам етти.

 Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Миллий армиямыз- мақтанышымыз

   Қоңырат районындағы пайызлы орынлардың биринде 
14 -январь - Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған байрам илажы болып өтти.

Онда байрам  дәстүрханы жайылып, елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған
әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мирәт етилди.

   Илажда район ҳәкими  Бекзад Мадаминов сөзге шығып, бүгинги сәне ҳақыйқый мәнисте халқымызға тән болған Ўатанға садықлық, батырлықтың тымсалына айналып атырғанлығын атап өтти. Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиздиң ғәрезсизлигин, шегараларымыздың қәўипсизлигин тәмийнлей алатуғын миллий армиямыз қәлиплести. Армия қатарында ҳәр тәреплеме шыныққан, қурал- жарақ, техникаларды пухта меңгере алатуғын әскерлер хызмет етпекте. Байрам илажында район хәкимлиги тәрепинен тараў алдыңғыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар берилди. Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосықлар байрамға өзгеше пайыз бағышлады.


Telegram
ЎАТАНДЫ ҚОРҒАЎ- ӘДИЎЛИ ЎАЗЫЙПА

Елимизде Ўатан қорғаўдай уллы иске өзин бағышлаған әскерий хызметкерлер үлкен ҳүрмет -иззетке бөленип, ҳәр жылы 14-январь -Ўатан қорғаўшылары күни көтериңки кейпиятта байрамланады.

Қоңырат районындағы  Мәденият сарайында елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған
әскерий хызметкерлер , ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм кең жәмәәтшилик ўәкиллериниң қатнасыўында байрам илажы болып өтти.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары Абат Мамутов сөзге шығып мәмлекетимизде бул байрам тек ғана әскерий хызметкерлердиң емес, ал гүллән халқымыз ушын тынышлық , парахатшылық байрамы сыпатында кеңнен байрамланатуғынлығын
атап өтти.

Ана ўатанды жырлаўшы қосықлар орын алған концерт бағдарламасы жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етти.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook