#8_Март
#Жаслық_ППЖ
Жәннет аналар аяғы астында
Қоңырат районы орайынан 200 километр қашықлықта жайласқан "Жаслық"посёлка пуқаралар жыйынындағы пайызлы орынлардың биринде район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илажға усы шетки аймақта жасап ҳәм мийнет етип атырған нураный аналар ҳәм белсенди ҳаял-қызлар мирәт етилди.
Илажда тастыйықлап өтилгениндей шаңарақ ҳәм жәмийет көрки, өмиримиздиң мазмуны болған аналарымыз, апа-сиңлилеримиз бар екен үйимизде пайыз -берекет ҳүкимлик етеди.
Байрам кешесинде пидайылығы менен көзге түсип киятырған мийнет алдыңғыларына район хәкиминиң ҳүрмет жарлыкдары ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.Илаж қатнасыўшыларының ҳәр бирине инам етилген район ҳәкиминиң баҳалы саўға сәлемлери,гүллери олардың нәзик қәлбине бир әлем заўық бағышлады. Концерт бағдарламасынан орын алған ана, бәҳәрди улығлаўшы тәсирли нама қосықлар ҳаял-қызларымыздың кеўлин хошлады.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик
#өзин_өзи_бәнт_етиў
#Бир_мәҳәлле_бир_өним
ЖЕТИ ҒӘЗИЙНЕНИҢ БИРИ
Қоңырат районындағы"Таллық" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Гуламжан Сапарниязов Ўатан сағынышын, ана журт қәдирин ҳәммеден де жақсы билетуғын заманласларымыздың бири.
Ол бир неше жыл даўамында сырт елде жумыс иследи. Лекин,"Ҳәр ким өз елинде султан"емес пе?
Ол шаңарағына қуўысып, елимиздеги жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып, өзин-өзи бәнт етип, үйиндеги қыйтақ жеринде таўық бағыўды баслады.
-Дәслеп мәҳәллемиздеги ҳәким жәрдемшиси Зухра Төребаеваның көмеги менен жеңилликли кредит, соң субсидия алып, "ID GULAMJAN" ислеп шығарыў кәрханасын ашыўға еристим,-дейди ол -Өзимнен басқа және тоғыз адамнын бәнтлигин тәмийнледим. Базарды арзан ҳәм сапалы таўық гөши менен тәмийнлеп келмектемиз. Дәраматымыз да жаман емес.Ең баслысы, өз шаңарағымнан кирип-шығып мийнет етип, халыққа пайдам тийип атырғанына шүкирлилигим көп.

#Tańlaw
Qońırat rayonında "Mırza Uluǵbek miyrasxorları" respublika tańlawı shólkemlestirildi
Talantlı jaslardı qollap-quwatlaw maqsetinde «Uluǵbek» fondı, Innovacion rawajlanıw ministrligi, Jaslar isleri agentligi, Joqarı hám orta arnawlı bilimlendiriw ministirligi, Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesi, wálayatlar hám Tashkent qala hákimlikleri sherikliginde 16 jastan 25 jasqa shekemgi jaslar arasındaǵı intalı jaslardı anıqlaw maqsetinde "Mırza Uluǵbek miyrasxorları" respublika tańlawı shólkemlestiriliwi belgilengen edi.
Búgin rayon aymaǵındaǵı Jaslar orayı imaratında usı tańlawdıń Qońırat rayonlıq basqıshı bolıp ótti.
Tańlawda talantlı jaslar ózleriniń jańadan islep shıǵılǵan joybarların komissiya aǵzalarına túsindirip ótti.
Tańlaw juwmaģına kóre joqarı ball toplaǵan bes jasqa sertifikatlar tapsırıldı hám Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollama berildi.

Forwarded from QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
❗️❗️❗️ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ
ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫ ЛОГОТИПИ ЖОЙБАРЫН ИСЛЕП ШЫҒЫЎ УШЫН ТАҢЛАЎ ЖӘРИЯЛАНАДЫ❕
⚡️Сиз Қарақалпақстанның арқа дәрўазасы, әййемги бес қаланың бири Қоңыраттың бирден-бир белгисин ислеп шығыў процессинде қатнасыўды қәлейсиз бе? Ондай болса сизди Қоңырат районының логотипин жаратыў бойынша шөлкемлестирилип атырған таңлаўда қатнасыўға шақырамыз❕
Таңлаў усы жылдың 1-март сәнесинен 15-март сәнесине шекем даўам етеди.
Таңлаў жеңимпазы
2⃣.0⃣0⃣0⃣.0⃣0⃣0⃣ сум менен сыйлықланады
Қатнасыў шәртлери:
❇️Логотиптиң басқа жерде ушыраспайтуғын версиясын ойлап табыў ҳәм оның әҳмийетине итибар бериў.
❇️жойбардың қарақалпақша, өзбекше, русша, инглисше үлгилерин усыныў,
📱идеяларыңызды
+998957752420
телеграмм номерине жибериўиңиз мүмкин.
(📵Бул номерге қоңыраў етилмейди)
♻️Жиберилген үлгилер оригиналлығы, өзгешелиги,
тартымлылығы, Қоңыраттың өзине тән өзгешелиги менен уйғынласыўы лазым.
✅Материаллар жиберилгенинде үстине "Логотиплер таңлаўы"на деп жазыўыңыз соралады.
🔰Таңлаў ушын материаллар
1- марттан 15 -мартқа шекем қабыл етиледи.
Қоңырат районы ҳәкимлиги