QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.8K photos
5.08K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
#Live

Беккем шаңарақ-жәмийет тиреги

   Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 31-декабрь күнги «Шаңарақ институтын және де раўажландырыў ҳәм жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў илажлары ҳаққында» ғы 820-санлы қарары тийкарында Қоңырат районы  «Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў оқыў орайы» ныӊ гезектеги оқыў курслары өткерилмекте. Оған 30 жасқа шекемги болған, енди турмыс қурып атырған жас шаңарақ ийелери қатнаспақта.
  Оқыў курсларында тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен шаңарақтағы мүнәсибет мәденияты, жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет көрсетиў, шаңарақтағы келиспеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў жоллары бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Арамыздағы_адамлар
#Қарақалпақстан_телеканалында

Өзгеден жәрдем күтпестен,
ҳеш кимге мүрәжат та етпестен,майыплылығын себеп қылмай, мийнет етип,халыққа хызмет көрсетип киятырған қаҳарманларымыз мәмлекет мени бағады деген түсиниктеги айырым заманласларымызға ибрат болыўы анық.
Олар 2-топар майыплылығы болыўына қарамастан бири етикшилик, екиншиси усташылық пенен шуғылланып, шаңарағына да, жәмийетке де пайдасын тийгизбекте .

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz‌‌
🟣#Live

#ШЕМБИЛИККЕ_БЕЛСЕНЕ_ҚАТНАСАЙЫҚ

🌳 Журтымыз  абатлығы - кеýлимиз абатлығы!

🍀Бәҳәр-ояныў,жаңаланыў пасылы.
Бүгин ерте таңнан  Қоңыратлылар да республикамыз бойлап өткерилип атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў иләжларына кирисип кетти.

  🌿Қәдирли журтласым, аýылласым, жаннан әзийз қоңсым!
Әтирап-аймақтың тазалығын сақлаўға ҳәм көклемзарластырыўға бәршемиз белсене қатнасайық!

❗️Мәҳәллемиздиң, көшемиздиң тазалығына бийпарық болмайық!

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Журналистика тараўына қызығыўшылар дыққатына!

Қарақалпақстан телеканалы саз сәўбетли, дем алыс ҳәм кино бағдарламалары редакциясының көрсетиўлеринде, сиясий бағдарларда, хабар ҳәм жаңалықларда баслаўшылық ушын кастинг жәриялайды.

Егер, сиз қарақалпақ, өзбек, рус тиллеринде өз пикириңизди дәл ҳәм анық баянлай алатуғын болсаңыз ҳәр күни саат 9:00 ден 18:00 ге шекем Қарақалпақстан телеканалында кастингде қатнасыўыңыз мүмкин.

Талабанлар 20-35 жас аралығында болыўы керек.

Байланыс ушын (61) 226-52-92


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Live
#Шембилик
#Қоңырат_мпж

Ҳәр бәҳәр келиўи менен  көшелер,мәҳәллелерди абат етиў,әтирапты азада, тәртипли жағдайға келтириў өзгеше дәстүрге айналып бармақта.
Сонлықтан бүгин республикамыз бойлап өткерилип атырған шембиликке Қоңырат районы турғынлары да белсене қатнасып, өзлери жасап атырған, мәҳәлле, көшелерди шығындылардан тазалаў, абаданластырыў, тереклерди ҳәклеў жумысларын алып бармақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz