QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.24K subscribers
45.6K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл аймаққа айландырыў бойынша жумыслар басланды

Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Басланған жумысларда ҳәр жылы Республика ўалаятларынан келген көмекшилер, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Абаданластырыў басқармалары ҳәм жергиликли пуқаралар қатнасып, яғный, 2018-2023-жыллар даўамында көплеген майданларға шөл өсимликлери егилди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында 2024-жылғы сексеўил егиў мапазы баслап жиберилди.

Онда үш әўлад ўәкиллери ҳәм депутатлар қатнасып, ең баслысы жаслар елимиздиң экологиясын жақсылаў жолында өзлериниң салмақлы үлесин қосты.

Илаждың ашылыў мәресиминде республикамыз басшысы шығып сөйлеп, барлық мийнеткешлерге машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи.

Сондай-ақ, илажда Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, жол хожалығы ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери егис мапазын шөлкемлестириў жумысларында көрсеткен белсендилиги ҳәмде елимиз абаданлығы жолындағы хызметлери ушын медальлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Арал теңизиниң қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў мақсетинде туқымларды жыйнаў ҳәм қорғаў тоғайлықларын пайда етиў жумысларына ҳәр жылы мыңнан аслам машина-механизмлер, киши авиация ҳәм исши күши қатнасып келмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🖌Усы жылдың 9-февраль күни Президентимиз тәрепинен және бир тарийхый «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды.

❗️Усы қарар менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар имканиятлар берилген. Атап айтқанда:

🔹киши бизнести қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасына 320 млрд. сумлық кредит қаржылары бағдарланады;

🔹«Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тǝрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ушын 50 млрд. сум қаржы бағдарланады;

🔹Социаллық салық төлеп атырған өзин-өзи бǝнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши қǝдем» банк пластик карталары арқалы 5 млн. сумға шекемги муғдарда бир жыл мүддетке микроқарызлар бериў ушын коммерциялық банклер тǝрепинен 60 млрд. сум қаржы бағдарланады;

🔹Ҳǝр жылы «Келешек кǝсиплери» жойбары шеңберинде 1 ярым мың жаслар санлы технологияларға ҳǝм шет тиллерине оқытылады. Бунда санлы технологияларды үйрениў ушын «Жаслар дәптери» фонды есабынан субсидия ажыратыў мүддети Қарақалпақстан Республикасы ушын бир жылға шекем узайтылады;

🔹2024-жылда киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик ҳәм санаат зоналары инфраструктура объектлери ушын 5 млрд. сум қаржы ажыратылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Online
#семинар


Жаслардың IT тараўына болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Қоңырат районы ҳәкимлиги ҳәм Санлы технологиялар Министрлиги менен биргеликте жаслар ушын семинар болып өтпекте.Оған  Санлы технологиялар Министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық секторы баслығы Т.Баекеев ҳәм район ҳәкимиı орынбасары А.Мамутов
қатнаспақта. Т.Баекеевтың  басшылығындағы резидентлер оқыўшы жасларға lТ тараўы бойынша теориялық ҳәм әмелий сабақлар өтпекте.
____

Ёшларнинг IТ соҳасига бўлган қизиқишини орттириш мақсадида Қўнғирот тумани ҳокимлиги ва Рақамли технологиялар Вазирлиги ҳамкорлигида ёшлар учун семинар бўлиб ўтмоқда. Тадбирда туман ҳокими ўринбосари А.Мамутов ва Рақамли технологиялар Вазирлиги Қорақалпоғистон Республикаси ҳудудий сектори бошлиғи Т.Баекеевлар иштирок этмоқда.
Т. Баекеевнинг  бошчилигидаги резидентлер ўқувчи ёшларга IТ соҳаси бўйича назарий ва амалий дарслар ўтмоқда. 

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районында жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарындағы илажлардан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

@qongiratrkuz
📊 Қарақалпақстан Республикасының социал-экономикалық жағдайы санларда
🏢 Статистика агентлигиниң дәслепки мағлыўматларына бола, 2023 жылда Қарақалпақстан Республикасының социал-экономикалық жағдайы санларда:
🔸жалпы аймақлық өним көлеми - 32,9 трлн сўм
🔸ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеми - 18,8 трлн сўм
🔸орынланған қурылыс жумыслары көлеми - 6 трлн сўм
🔸тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялар көлеми - 11,9 трлн сўм
🔸 көрсетилген базар хызметлери көлеми - 12,9 трлн сўм
🔸 усақлап сатыў саўда товар айланысы көлеми - 11,3 трлн сўм
🔸 сыртқы саўда айланысы көлеми - 544,3 млн АҚШ доллары
🔸аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлери көлеми - 16,5 трлн сўм
🔸 жаңадан ашылған кәрхана ҳәм шөлкемлер саны - 6 436
🔸турақлы халқ саны (2024 жыл 1 январь жағдайына ) - 2 млн адам

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев Асакадаги йирик тўқимачилик корхонаси билан танишди ва жамоа билан суҳбатлашди
___

Президент Шавкат Мирзиёев
Асакадағы ири тоқымашылық
кәрханасы менен танысты ҳәм кәрхана жәмәәти менен сәўбетлести.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
🟣#Live

📜14-февраль-Уллы сәркарда хәм шайыр, мәмлекетлик искер Захириддин Муҳаммед Бабур туўылған кун.

Сәне мүнәсибети менен Қоңырат районындағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде әдебий кеше өткерилмекте.
Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен Бабур ғәзеллеринен қатарлар оқылып,шайыр дөретиўшилигине байланыслы сахналық көринислер жыйналғанлар нәзерине усынылмақта. Илаж саз - саўбетлер менен даўам етпекте.

@qongiratrkuz