QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.65K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
Айырым напақа муғдарлары көбейтиледи

Президентимиздиң тийисли пәрманы (ПП-24-санлы, 31.01.2024-жыл) менен айырым ҳүжжетлерге өзгерислер киргизилди. Усы тийкарда 2024-жыл 1-февральдан төмендеги напақалар муғдары 621 мың сум етип белгиленди:

- зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға напақа;

- мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа тийисли пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда;

- өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине напақа;

- бағыўшысын жоғалтқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары.

Усы муғдарлар рәсмий ең кем тутыныў қәрежетлеринен келип шығып белгиленген.

Айрим нафақа миқдорлари оширилди

Президентимизнинг тегишли фармони (ПФ-24-сон, 31.01.2024 йил) билан айрим ҳужжатларга ўзгартиришлар киритилди. Унга кўра, 2024 йил 1 февралдан қуйидаги нафақалар миқдори 621 минг сўм этиб белгиланди:

— зарур иш стажига эга бўлмаган кекса фуқароларга нафақа;

— иш стажи тўлиқ бўлмаган чоғдаги ёшга доир пенсиянинг энг кам миқдори қўшимча тўловни ҳисобга олган ҳолда;

— ўзгалар парваришига муҳтож ногиронлиги бўлган 18 ёшгача болаларнинг парвариши билан банд бўлган боланинг қонуний вакилига нафақа;

— боқувчисини йўқотганлик нафақаси олувчиларнинг бир нафар меҳнатга қобилиятсиз оила аъзоси учун нафақа (кейинги ҳар бир меҳнатга қобилиятсиз оила аъзоси учун — 212 000 сўм);

— боқувчисини йўқотганлик пенсияси олувчиларнинг бир нафар меҳнатга қобилиятсиз оила аъзоси учун пенсиянинг энг кам миқдори.

Мазкур миқдорлар расмий энг кам истеъмол харажатларидан келиб чиқиб белгиланган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Пәрманы менен Қарақалпақстанлы исбилерменлерге
жер участкалары туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен ажыратылып атыр


Президент Фармони билан Қорақалпоғистонлик тадбиркорларга ер участкалари тўғридан-тўғри узоқ муддатли ижара ҳуқуқи билан ажратилмоқда    


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#оnline

Әмелий жәрдем берилмекте

Өзбекстан мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң 1- ярым жыллық ис режесине тийкарланып, Қоңырат районындағы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери жумысларын үйрениў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў бойынша Қоңырат районы Ҳәкимлигинде әмелий жәрдем бериў жумыслары өткерилмекте.
Кеңестиң шөлкемлестириў жумыслары бөлими баслығы М.Атамуратова ҳәм бөлим бас қәнигеси Б.Палымбетов тәрепинен алып барылған әмелий жәрдем көрсетиў бойынша жумыслар даўамында басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлериндеги ҳәзирги күндеги кемшиликлер сол жердиң өзинде дүзетилип, басланғыш шөлкемлерге ис ҳүжжетлерин толықтырыў бағдарында қызықтырған сораўларға жуўаплар берилмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
«Санластырыў тараўында тәжирийбели қәнигелерди таярлаў жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди

✍️ Қарарға муўапық, 2024-жылы 1-марттан баслап:

🔹 мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин питкериўшиси IT-хызметлерин экспорт етиўши шөлкемге жумысқа киргенде, базалық есаплаў муғдарының 75 есесине шекем, майыплығы болған жас питкериўшиси усындай шөлкемге жумысқа жайласқан жағдайларда болса 105 есесине шекем бир мәртелик субсидия ажыратыў системасын нәзерде тутатуғын бағдарлама;

🔹халықаралық IT-сертификатларына ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60 процентине шекемги бөлегин қаплап бериў тәртиби;

🔹инглиз тилинде B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатлар алыў қәрежетлерин толық қаплап бериў тәртиби енгизиледи.

👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/181463.html

#digital
#қарар

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
Agentlik janındaǵı Kekseler hám mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa sanatoriylarǵa jollama alıw ushın náwbetke qoyıwdıń jańa - “IHMA sanatoriya” moduli jolǵa qoyılmaqta.

🏃 “IHMA Sanatoriya” moduliniń jolǵa qoyılıwınan tiykarǵı maqset sistemanı sanlastırıw, ashıqlıqtı támiyinlew, kemshiliklerdi saplastırıw arqalı sistemanı jáne de jetilistiriwden ibarat.

🖋 Jańa moduldiń abzallıqları:


☑️ Jańa sistema “PHAJdıń birden-bir elektron arxivi”, “Pensiya qorı”, “MSEK” bazalarına tolıq integraciyalanǵan bolıp, barlıq maǵlıwmatlar onlayn ráwishte alınadı. Bul integraciya múrájat etken shaxslardıń haqıyqıy halatın, olarǵa belgilengen pensiya hám mayıplıq dárejesin avtomat túrde anıqlaw imkaniyatın beredi.

☑️ Arzalardı Mámlektlik xızmetler orayları, Insan sociallıq xızmetler orayları, Birden-bir interaktiv mámleketlik xızmetler portalı yaki “Birden-bir milliy sociallıq qorǵaw” MSdaǵı jeke kabineti arqalı tapsırıw múmkin;

☑️ Jańa sistemada Insan sociallıq xızmetler orayları xızmetkerlerine oraydan yaki sol orınnıń ózinde sanatoriylarǵa jollama ushın arzalardı kiritiw imkaniyatı jaratıladı;

☑️ Barlıq kelip túsip atırǵan arzalar kategoriyası boyınsha ajıratıladı, óz aldına bólimde náwbetke alınadı hámde kategoriyalarǵa ajıratılǵan rejeden kelip shıǵıp jollama beriledi;

☑️ SMS-xabarnama sisteması engiziledi, náwbeti kelgen shaxsqa 20 kún ishinde baylanıs quralları arqalı SMS xabar jiberiledi;

☑️ Jollamalar ámel etiw múddeti baslanıwınan 10 kún aldın beriledi.

🖋 Bul haqqında Ministrler Kabinetiniń 2024-jıl 25-yanvardaǵı 46-sanlı qararında aytıp ótilgen.

📝 Telegram | 💻 Instagram | 📝 Facebook | 🎖 ihma.uz
Қарақалпақстанлы ректор, техника пәнлери докторы Қоңыратбай Шарипов Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри лаўазымына тайынланды.

Ол 2019-жылдың ноябрь айынан берли Ташкент мәмлекетлик Экономика университети ректоры лаўазымында жумыс ислеп киятырған еди.

Мағлыўмат ушын, Шарипов Қоңыратбай Авезимбетович 1963-жылы 24-мартта Қоңырат районында туўылған.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайына жаңа басшы тайынланды

Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметлерин раўажландырыў агентлиги директорының биринши орынбасары сыпатында ислеп келген Отабек Ҳасанов Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы етип тайынланды.

Республика Маънавият ва маърифат марказига янги раҳбар тайинланди

Президенти ҳузуридаги Давлат хизматини ривожлантириш агентлиги директори биринчи ўринбосари сифатида ишлаб келаётган Отабек Ҳасанов Маънавият ва маърифат марказининг раҳбари этиб тайинланди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#online

МЕДИЦИНАЛЫҚ ХЫЗМЕТ САПАСЫ АРТПАҚТА

БМШ раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ортасында дүзилген 4-санлы қосымша келисимге тийкарланып, 2 277 586 542
сўм қаржы есабынан ScintCareCT 16 компьютер томография үскенеси Қоңырат РМБ не алып келинип орнатылмақта.
Алдынлары район халқы бундай үскенениң хызметинен пайдаланыў ушын Нөкис,Ташкент қалаларына барыўына туўра келер еди.

Енди қаржы ҳәм ўақытты үнемлеп, районның өзинде және бийпул пайдаланыў имканиятына ийе болды.
_

БМТ тараққиёт дастури ва Ўзбекистон Республикаси Ҳукумати ўртасида тузилган 4-сонли қўшимча келишувга асосан 2 227 586 542 сўм маблағ эвазига ScintCareCT 16 компьютер томограф ускунаси олиб келиниб ўрнатилмоқда.

Аввал туман халқи бундай ускуна хизматидан фойдаланиш учун Нукус, Тошкент шаҳарларига боришига тўғри келар эди. Энди эса маблағ ва вақтни тежаб, туманнинг ўзида яна бепул фойдаланиш имкониятига эга бўлди.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменлер ушын жеке қабыллаўы болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикамыз аймағындағы исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәр ҳәптениң жума күни «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилген.

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев «Ашық есиклер күни» шеңберинде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша жеке қабыллаўын өткерди.

Онда қала ҳәм районларымыздан бир қатар исбилерменлер, тийисли тараў басшылары қатнасты.

Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.

Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Ҳәр ҳәптениң жума күнинде өткерилиўи белгиленген Ашық есиклер күнинде исбилерменлер алдында ушырасып атырған тосықлар ҳәм машқалаларды сапластырыў, олардың усыныс ҳәмде пикирлерин тыңлаў менен бирге бизнес жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў ушын арнаўлы Штаб ағзалары да жумыс алып барады ҳәм бул турақлы түрде даўам еттириледи.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter