#Мәҳәлледе_дуў_дуў_гәп
📌Руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли илажлар даўам етпекте
♻️Қоңырат районындағы "Таллық, Хан-жап, Қаратал, Қашы" мәкан пуқаралар жыйынындағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли кеше болып өтти.
❇️Онда сөзге шыққанлар 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен билдирилген пикир, усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.
📚Кеше даўамында нураныйларға руўхыйлықтың тийкарғы дәреги болған бийбаҳа китаплар саўға етилди.
🔰Сондай-ақ, кешеде районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.
➥ @qongiratrkuz

#jaqsı_xabarlar
Tashkent qalasında "Sirius" oqıw orayı hám Nızamıy atındaǵı Tashkent mámleketlik pedagogika universiteti menen birgelikte, mental arifmetika boyınsha ótkerilgen Xalıqaralıq olimpiadaǵa Qońırat rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 1, 33 hám 56- sanlı mekteplerden de oqıwshılar qatnastı. Sonnan 1 оқыўшы гран-при,15 oqıwshı 1-orındı, 4 oqıwshı 2-orındı hám 4 oqıwshı 3-orındı iyeledi. Eń joqarı kórsetkishlerdi qolǵa kirgizgen oqıwshılar Dubay qalasında 7-8-may kúnleri bolıp ótetuǵın xalıqaralıq olimpiadaǵa jollama aldı.Jeńimpazlar Qońırat temir jol vokzalında rayon hákimi orınbasarları hám rayonlıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimi baslıǵı ,ata-analar tárepinen saltanatlı kútip alındı.
Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Репортаж
#Sevimli_tv
Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Ғалаба хабар қураллары қатнасында Қоңырат районына шѳлкемлестирилген "Медиа-тур” ҳаққында таярланған репортаж “Sevimli” телеканалының "ZAMON" информациялық бағдарламасы арқалы эфирге берилди.

#Командир_басшы_ҳәм_жаслар
Қорғаныў министрлигине қараслы Қоңырат районындағы әскерий бөлимде Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте "Жаңа Өзбекстан армиясы-мәмлекет қүдирети,жоқары мақтаныш ҳәм садықлық тымсалы"ураны астында "Командир,басшы ҳәм жаслар " ушырасыўы өткерилди.Илажда әскерий бөлим командири ҳәм жаслар ислери агентлиги ўәкили жасларымызды әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда миллий армиямыздың роли , олар арасында саламат турмыс тәризин тәмийнлеў,жәмийетимизге жат иллетлерден асыраў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти.Ашық сәўбет тәризинде өткерилген илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.Талантлы жаслар тәрепинен атқарылған қосық,намалар, сахналық шығыўлар илаж қатнасыўшыларына үлкен заўық бағышлады.
Әскерий техникалар көргизбеси жаслардың Ўатансүйиўшилигин және де асырды.
Илажда халық аралық турнирлерде жеңимпаз болған жас спортшыларға ҳәм ушырасыўға белсенди қатнасқан жасларға естелик саўғалары берилди.