Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги
—
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы халқына Жаңа жыл қутлықлаўы
—
Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы!
Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман. Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта. Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.
Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде жасларымызға, исбилерменлеримизге бурын болмаған имканиятлар жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.
Атап айтқанда, жуўмақланып атырған жылда 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сўм қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа 20 миллиард сум қаржы ажыратылғанын, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып ѳтсек болады.
Сондай-ақ, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келди. Сѳзимизге мысал ретинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сумлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.
Соның менен бирге жуўмақланған жылда Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен 58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.
Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында 3,1 триллион сумлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды. Әлбетте, булардың барлығы елимизде “Инсан қәдири ушын” деген идея астында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң әмелий кѳриниси саналады.
Кирип киятырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып қала береди.
Қәдирли ўатанласлар!
Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!
Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!
Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!
Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Мине, ҳәр бир тараўда үлкен жетискенликлер, тынымсыз жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер менен 2023-жылға да жуўмақ жасадық. Ҳәр биримизге үмит, арзыў-нийетлеримизге қанат бағышлап Жаңа 2024-жыл да кирип келмекте.
Сиз әзизлерди, көп миллетли Қоңырат дияры халқын Жаңа жыл менен шын кеўилден қутлықлайман!
Бәршеңизге бийбаҳа байлық- беккем ден саўлық ,шаңарағыңызға пайыз-берекет тилеймен!
Қәдирли дослар!
2023-жылда барлық тараўларда халқымыздың пидайы мийнетлери нәтийжесинде үлкен өзгерислерди әмелге асырдық. Заманагөй ислеп шығарыў кәрханалары, үй-жайлар, жоллар, билимлендириў, медицина объектлери, мәденият ҳәм спорт дәргайлары қурылды. Жаңа жыл алдынан Жаслар орайы, Руўхый- ағартыўшылық орайы пайдаланыўға тапсырылды.
Бул жаңаланыўларда ҳәр бириңиздиң үлесиңиз бар.
Жаңа Өзбекстанда инсан мәпи , оның өмири, ҳуқықлары ең уллы қәдрият дәрежесине көтерилди.
Президентимиз жәриялаған "Инсан-жәмийет-мәмлекет" принципи бүгин алып барылып атырған реформалар негизин
қурайды.
Буның нәтийжесин бүгин ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақ, ҳәр бир жәмәәт өз мысалында көрмекте.
Ең әҳмийетлиси, адамларымыздың ертеңги күнге исеними оянды.
Бир сөз бенен айтқанда,тарийхта жарқын из қалдырған өткен жылды үлкен шүкирлилик пенен шығарып салмақтамыз.
Әзиз дослар!
Бәршеңизди кирип келген 2024-жыл менен және бир мәртебе қутлықлап, Жаңа жылда халқымыздың барлық арзыў-нийетлери иске аса бериўин тилеймен!
Жаңа Жыл елимизге қут-берекет алып келсин!
Ҳүрмет пенен,
Қоңырат районы ҳәкими
Бекзод Мадаминов.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz

⚡️2024-жыл Өзбекстанда " Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы" деп жәрияланды!
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz