Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылда “Жумыссызлықтан аўлақ” аймаққа айландырыў иләжлары ҳаққында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов баянат жасады.
Мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде орынларда халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў, ҳәр бир мәҳәлледе, аўыл ҳәм елатлы пунктлерде пуқаралар ушын шараят жаратып, турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша кең көлемли әмелий илажлар алып барылмақта.
Аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў, халық дәраматларын асырыў, бул арқалы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты кемейтиў мақсетинде 2023-жылда жәми 192 мыӊ 987 халықтың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген.
Бүгинги күнде усы бағдарда тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәм де ҳәкимликлер тәрепинен әмелий илажлар алып барылыўы нәтийжесинде өткен даўирде жәми 202 мыӊ 774 пуқаралардыӊ турақлы, мәўсимлик ҳәм легалластырыў есабынан бәнтлиги тәмийинленип, жыллық реже 105 процентке орынланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылда “Жумыссызлықтан аўлақ” аймаққа айландырыў бойынша аймақларда жумыс орынларын жаратыў, халықты дәраматлы жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде келеси жылы жәми 268 мыӊ 230 пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген. Соннан, 133 мың 440 пуқара турақлы, 87 мың 304 пуқара мәўсимлик ҳәм 47 мың 486 пуқара ўақтыншалық жумыс орынларында бәнтлиги тәмийинленеди.
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлериниң есап-китаплары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Ш. Даулетияров баянат жасады.
Соңғы үш жыл даўамында өндирислик мүтәжликлер ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў материаллары - 2,1 есе, зыянсызландырыўшы реагент материаллары - 1,5 есе, объектлерди қорықлаў хызмети - 1,7 есе, авария хызметлерин сапластырыў ушын жумсалатуғын материаллар - 1,5 есе ҳәмде ис ҳақылары 1,2 есеге өсиўи, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-сентябрьдеги №475-санлы қарарына тийкар усы жылдың 1-октябрь сәнесинен электр-энергия тарифлери 2 есеге ҳәм табийғый газ тарифлери 2,3 есеге көбейиўи ишимлик суўының өзине түсер баҳасының жәнеде көтерилиўине алып келди.
Өзбекстан Республикасының «Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў ҳаққында»ғы 784-санлы Нызамның 45-статьясына тийкар, ишимлик суў ҳәм ақаба суў хызметлериниң тарифлери дәрежесине кескин тәсир ететуғын факторлар анықланған жағдайда тарифлерди кайта көрип шығыў белгиленген. Көтерилген мәселеден келип шығып, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлерине бир қатар өзгерислер киргизилмекте.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Соңғы үш жыл даўамында өндирислик мүтәжликлер ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў материаллары - 2,1 есе, зыянсызландырыўшы реагент материаллары - 1,5 есе, объектлерди қорықлаў хызмети - 1,7 есе, авария хызметлерин сапластырыў ушын жумсалатуғын материаллар - 1,5 есе ҳәмде ис ҳақылары 1,2 есеге өсиўи, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-сентябрьдеги №475-санлы қарарына тийкар усы жылдың 1-октябрь сәнесинен электр-энергия тарифлери 2 есеге ҳәм табийғый газ тарифлери 2,3 есеге көбейиўи ишимлик суўының өзине түсер баҳасының жәнеде көтерилиўине алып келди.
Өзбекстан Республикасының «Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў ҳаққында»ғы 784-санлы Нызамның 45-статьясына тийкар, ишимлик суў ҳәм ақаба суў хызметлериниң тарифлери дәрежесине кескин тәсир ететуғын факторлар анықланған жағдайда тарифлерди кайта көрип шығыў белгиленген. Көтерилген мәселеден келип шығып, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлерине бир қатар өзгерислер киргизилмекте.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер киргизиў туўралы болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2023-жыл 6-ноябрьдеги 39-санлы қарары тийкарында, 54-санлы “Халқабад” сайлаў округинен сайланған Жоқарғы Кеңес депутаты Данияров Абат Сапарбаевичтиң Нөкис қаласы ҳәкими болып тайынланыўына байланыслы депутатлық ўәкиллиги мүддетинен бурын тоқтатылғаны қарап шығылды.
Усы тийкарда Данияров Абат Сапарбаевич депутатлық дәўиринде ағза болған Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети қурамынан шығарылды.
Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепипнен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Усы тийкарда Данияров Абат Сапарбаевич депутатлық дәўиринде ағза болған Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети қурамынан шығарылды.
Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепипнен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
#online СЕССИЯ Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 65- сессиясы басланды. Сессияға Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, мекеме,кәрхана,өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары қатнаспақта. Сессияны Қоңырат районы ҳәкими, Халық депутатлары…
Сессияда , сондай-ақ,"Меҳир ҳәрекети" акциясы шеңберинде алып барылып атырған илажлар,"Ҳаяллар дәптери"ҳәм "Жаслар дәптери"нде есапта турған пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәселелер додаланды.
Сессия күн тәртибинен орын алған буннан басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелелер бойынша депутатлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип,тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz

ARNAWLÍ TAKTIKALÍQ OQÍW SHÍNÍGÍW BOLÍP ÓTTI
Jańa jıl qarsańında puqaralardıń qáwipsizligin támiyinlew baslı wazıypa.Qońırat rayonı Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi tárepinen jańa jıl bayramında hám jańa jıl shırshası átirapında júz beriwi múmkin bolǵan ayrıqsha jaǵdaylardıń aldın alıw maqsetinde rayonlıq AJMTSH xızmetleri menen birgelikte arnawlı taktikalıq oqıw shınıǵıw bolıp ótti. Arnawlı taktikalıq oqıw shınıǵıwda AJMTSH xızmetleri ózleriniń kónlikpelerin jáne de bekkemlep aldı.
@qongiratrkuz