QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.22K subscribers
45.6K photos
4.76K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2024-жыл бюджети жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министри Р.Султанов баянат жасады

Келеси жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбарында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў тийкарғы мақсет етип белгиленип, усы тийкарда қәлиплестирилген.

Яғный, Исбилерменлер ушын қолайлы бизнес орталығын жаратыў, социаллық тараўды раўажландырыў ҳәм социаллық жақтан қорғаўды күшейтиў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, аймақларды, әсиресе, мәҳәлелердиң машқалаларын шешиў, суў ҳәм жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў тийкарғы жөнелис сыпатында белгилеп алынған.

Усы жөнелислерди әмелге асырылыўда зәрүр болған жумысларды жеделлестириў, ажыратылған бюджетти өз ўақтында қаржыландырыў ҳәм мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибинде кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасын 2023-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәмде 2024-жылға белгиленген режелер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мүрәжаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов баянат жасады.

2023-жылдың жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдың тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерине итибар қарататуғын болсақ, жыл жуўмағында жалпы аймақлық өним көлеми 104,1 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 101,5 процентке, аўыл хожалығы өнимлери 103,5 процентке, қурылыс-кесип алып ислеў 107 процентке ҳәмде хызметлер көлеми 111,1 процентке өсиўи күтилмекте.

Сондай-ақ, 209,1 мыңға жақын жумыс орынлары жаратылып, бәнтлик бағдарламасының орынланыўы 108,4 процентке орынланыўы, жумыссызлық дәрежеси жыл басындағы 9,1 проценттен 8,2 процентке кемейиўине ерисиледи.

2024-жылда бир қатар ўазыйпалар әмелге асырылыўы белгиленген. 2023-жылға салыстырғанда жалпы ишки өним көлеми 105,6 процентке жеткерилиўи,  санаат 106,1 процентке, аймақлық санаат 106 процентке, аўыл хожалығы 103,7 процентке, қурылыс жумыслары 108 процентке жеткерилиўи режелестирилген.

Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселе қарап шығылып, қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығыныӊ орынбасары Т.Романов баянат жасады.

Бүгинги күнде ҳәрекет етип турған «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы 2000-жылы қабыл етилген болып, бүгинги раўажланыўлар, экономикалық, социаллық ҳәм басқа да тараўлардағы жаңаланыўлар шараятында туризм тараўындағы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерге бир қатар өзгерислердиң киргизилгени себепли әмелдеги нызамды Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Соныӊ менен бирге халқымызға сапалы туристлик хызметлерди көрсетиўши заманагөй, жоқары нәтийжели ҳәм бәсекиге шыдамлы туризм тармағын қәлиплестириў ушын ҳуқықый шараятлар жаратыў арқалы пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, ишки туризм ҳәм кириў туризмин раўажландырыў ушын ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириў шараятларын жаратыў, туризм тараўындағы қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың турақлылығын тәмийинлеў зәрүрлиги де талап етилмекте.

Сонлықтанда, «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары ислеп шығылды.

Таярланған Нызам жойбары 10 бап ҳәм 45 статьядан ибарат болып, оныӊ тийкарғы идеясы қолайлы экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятларды жаратыў арқалы туризм тараўын экономиканың стратегиялық тармағына айландырыў, аймақлардың үлкен туристлик потенциалынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў, туризм тармағын басқарыўды жетилистириў, миллий туристлик өнимди жаратыў ҳәм жәҳән базарларына алып шығыў, туризм тараўындағы унамлы имиджди қәлиплестириў саналады.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары бойынша болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады.

Бүгинги күнде елимизде кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул реформалар нәтийжесинде еӊ алды менен халқымыз ушын абадан ҳәм мүнәсип турмыс шараяты жаратылмақта. Әлбетте, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси тәрепинен усы реформалардыӊ нызамлы тийкарын жаратыўда системалы жумыс алып барылып атыр.

Бүгинги усынылып атырған Нызам жойбары да мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың даўамы болып табылады ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер киргизилмекте.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылда “Жумыссызлықтан аўлақ” аймаққа айландырыў иләжлары ҳаққында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов баянат жасады.

Мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде орынларда халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў, ҳәр бир мәҳәлледе, аўыл ҳәм елатлы пунктлерде пуқаралар ушын шараят жаратып, турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша кең көлемли әмелий илажлар алып барылмақта.

Аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў, халық дәраматларын асырыў, бул арқалы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты кемейтиў мақсетинде 2023-жылда жәми 192 мыӊ 987 халықтың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген.

Бүгинги күнде усы бағдарда тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәм де ҳәкимликлер тәрепинен әмелий илажлар алып барылыўы нәтийжесинде өткен даўирде жәми 202 мыӊ 774 пуқаралардыӊ турақлы, мәўсимлик ҳәм легалластырыў есабынан бәнтлиги тәмийинленип, жыллық реже 105 процентке орынланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасын 2024-жылда “Жумыссызлықтан аўлақ” аймаққа айландырыў бойынша аймақларда жумыс орынларын жаратыў, халықты дәраматлы жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде келеси жылы жәми 268 мыӊ 230 пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген. Соннан, 133 мың 440 пуқара турақлы, 87 мың 304 пуқара мәўсимлик ҳәм 47 мың 486 пуқара ўақтыншалық жумыс орынларында бәнтлиги тәмийинленеди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлериниң есап-китаплары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Ш. Даулетияров баянат жасады.

Соңғы үш жыл даўамында өндирислик мүтәжликлер ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў материаллары - 2,1 есе, зыянсызландырыўшы реагент материаллары - 1,5 есе, объектлерди қорықлаў хызмети - 1,7 есе, авария хызметлерин сапластырыў ушын жумсалатуғын материаллар - 1,5 есе ҳәмде ис ҳақылары 1,2 есеге өсиўи, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-сентябрьдеги №475-санлы қарарына тийкар усы жылдың 1-октябрь сәнесинен электр-энергия тарифлери 2 есеге ҳәм табийғый газ тарифлери 2,3 есеге көбейиўи ишимлик суўының өзине түсер баҳасының жәнеде көтерилиўине алып келди.

Өзбекстан Республикасының «Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў ҳаққында»ғы 784-санлы Нызамның 45-статьясына тийкар, ишимлик суў ҳәм ақаба суў хызметлериниң тарифлери дәрежесине кескин тәсир ететуғын факторлар анықланған жағдайда тарифлерди кайта көрип шығыў белгиленген. Көтерилген мәселеден келип шығып, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлерине бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер киргизиў туўралы болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2023-жыл 6-ноябрьдеги 39-санлы қарары тийкарында, 54-санлы “Халқабад” сайлаў округинен сайланған Жоқарғы Кеңес депутаты Данияров Абат Сапарбаевичтиң Нөкис қаласы ҳәкими болып тайынланыўына байланыслы депутатлық ўәкиллиги мүддетинен бурын тоқтатылғаны қарап шығылды.

Усы тийкарда Данияров Абат Сапарбаевич депутатлық дәўиринде ағза болған Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети қурамынан шығарылды.

Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепипнен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter