Халықтың тийкарғы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм базарларда баҳалар турақлылығын сақлаў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын арнаўлы қарар қабыл етилди
Хүрметли Президентимиздиӊ тапсырмасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Қарақалпақстан Республикасы музлатқышлы сыйымлар шөлкемине ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген түрде, музлатқышлы сыйымларды қурыў ҳәм үскенелеў ҳәмде қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясы тутыныўы қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары қабылланды.
Қарақалпақстанда халықтың қыс-бәҳәр айларында тийкарғы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм базарларда баҳалар турақлылығын сақлаў мақсетинде тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар имканиятлар жаратылды.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы музлатқышлы сыйымлар шөлкемине ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген ҳалда музлатқышлы сыйымлар қурыў ҳәм үскенелеў кәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды.
Яғный, шөлкемге ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген ҳалда музлатқышлы сыйымларды қурыў ҳәм үскенелеў қәрежетлериниң 30 проценти, бирақ, 150 млн. сумнан артық болмаған муғдарда субсидия бериледи. Субсидия алыў ушын арза бериўши “Agro-subsidiya” мәлимлеме системасына электрон арза менен мүрәжат етеди.
Қарар бойынша сондай-ақ, музлатқышлы сыйымлардың қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясы тутыныўы қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ҳаққындағы реже тастыйықланды. Режеге тийкар район (қала) электр тармақлары мәкемеси тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған АКТ ҳәм есап-фактураларда көрсетилген электр энергиясы тутыныўы қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ, ҳәр бир есабат айы ушын 15 мың киловатт саат электр энергиясы баҳасынан аспаған муғдарда Аўыл хожалығына хызметлер көрсетиў агентлиги тәрепинен тутыныўшының хызмет көрсетиўши коммерциялық банкинде ашылған есапбетлерине өткерип бериледи.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

#дыққат
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️
2023-жыл 8-декабрь күни, саат 14:00 де Қоңырат районы "Жаслық"посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы 54-санлы мектепте Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың аймақ халқын қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтеди.
Еслетпе!
Көшпели қабыллаўда суд-ҳуқық мәселеси менен байланыслы мүрәжатлар көрип шығылмайды.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➥ @qongiratrkuz

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қоңырат
#Рәўшан
Арнаўлы репортаж | Конституция -халықшыл мәмлекет,турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыс тийкары
___
Махсус репортаж | Конституция - халқчил давлат, барқарор тараққиёт ва фаровон ҳаёт асоси
#8dec #uzbekiston24
mtrk.uz

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Әзиз Ўатанласлар!
Қəдирли дослар!
Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәнелердиң бири болған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Быйылғы байрам елимизде “Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тийкары” деген сүрен астында өткерилмекте.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы бас нызамымыз болып, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийлеўде ең тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Конституция қабыл етилген байрам сәнеси быйыл ҳәр жылғыдан да көтериңки рухта белгиленбекте.
Әзиз дослар!
Бəршеңизди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген байрам сәнеси менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Prezident matbuot kotibi | Sherzod Asadov
Қәдирли дослар!
Ҳәр қандай мәмлекеттиң келбети сол елдиң пухта ислеп шығылған Конституциясы болып есапланады.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекетимиздиң жүзи сыпатында оның өз алдына қойған мақсет ҳәм ýазыйпаларын, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, миннетлерин өзинде жәмлеген.
Бас Нызамның кирис сөзинде елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыý мақсет етип алынғаны, мазмунында инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ҳуқықлары ең уллы қәдриятлар сыпатында көрсетилип, теңлик, әдиллик,
пуқараларды ҳуқық ҳәм еркинликлеринен суд қарарысыз айырып болмаслығы киби принциплер беккемленип қойылған.
Бүгинги қутлы сәне - 8-декабрь- Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен бәршени шын кеýилден қутлықлаймыз. Елимиздиң гүллеп- раўажланыўы жолындағы машақатлы жумысларыңызда табыс, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық, пайыз-берекет тилеймиз!
Қоңырат районы ҳәкимлиги
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

🔷Өзбекстан Республикасы Конституциясына 31 жыл толыўы мунǝсибети менен Қоңырат районында «Конститyция - халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыс тийкары!» атамасында ҳәр түрли байрам илажлары өткерилмекте.
❇️Қоңырат технологиялық суў менен тәмийинлеў кәрханасында «Конституция кешеси» үгит-нәсият илажы өткерилди. Илажда «Ҳәким Сулайман» мешити, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, 38-санлы улыўма билим бериў мектеби муғаллими ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң Қоңырат районлық бас қәнигеси қатнасты.
🔰Конституциямыздың ҳәр бир статьясында инсан мәпи, оның еркинлиги, абадан турмыста жасаўы, бийпул билим алып өзи қәлеген кәсипти ийелеўи, ең баслысы оның ҳуқықлары толық нызам менен қорғалатуғынлығы айрықша атап өтилди.
💫Илаж даўамында аймақта социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, шаңарақларда руўхый қәдириятларды беккемлеў, миллетлерара татыўлықты тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Forwarded from Karakalpakstan.uz
Assalawma áleykum, qádirli watanlaslar!
Búgin Ózbekstan Respublikası Konstituciyası qabıl etilgenine 31 jıl toldı. Álbette, búgingi ámelge asırılıp atırǵan reformalardıń huqıqıy tiykarı hám puqaralarımızdıń huqıqları Konstituciyamızda jámlegen. Sol sebepli, hár jılı Konstituciya kúnin xalqımız bayram sıpatında kútip aladı. Usı pursattan paydalanǵan halda barlıq jerleslerimizdi búgingi bayram menen qutlıqlayman! Tınıshlıq hám párawanlıq hesh bir shańaraqtı tárk etpesin. Aspanımız bárqulla ashıq bolsın.
Húrmet penen,
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń Baslıǵı F.Ermanov
🌐 Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter

"ЖАСЛЫҚ"ТА ЖАҢА ТУРАҚ ЖАЙ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-август күнги "Қарақалпақстан Республикасында авария жағдайындағы ҳәм пүткиллей ескирген көп квартиралы үйлерди реновация етиў арқалы халықтың жасаў шараятларын және де жақсылаў илажлары ҳаққында"ғы 557-санлы қарарына муўапық Қоңырат районындағы "Жаслық"ППЖ жайласкан 11 авария ҳалатындағы көп квартиралы үйлерди реновация етиў тийкарында төрт бес қабатлы ҳәр бири 45 квартиралы үйлерди Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң қосымша дереклери есабынан қурыў белгиленген еди.
Бүгин Қоңырат районындағы "Жаслық" посёлка пуқаралар жыйынында жаңадан қурып питкерилген 45 квартиралы бес қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа турақ жайдың ашылыў салтанатында район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып,турақ жай ийелерин бүгинги Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни менен қутлықлады ҳәм турақ жай ийелерине квартира гилтлерин салтанатлы жағдайда тапсырды.