QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.9K subscribers
46.4K photos
4.89K videos
27 files
14.1K links
Download Telegram
ACWA Power компаниясы (Сауд Арабстаны) Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 1500 МВт болған самал электр станциясы қурылысын жойбарламақта. Жойбар ең шетки аймақлардағы тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын самал станциясын миллий тармаққа жалғайтуғын жоқары кернеўли ҳаўа электр узатыў тармағын (844 км) өз ишине алады.

Сол мунәсибет пенен бүгин Қоңырат район ҳәкимлиги ACWA Power жойбар координаторлары менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер  Кабинетиниң “Қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў механизмин және де жетилистириў ҳаққында”ғы 541-санлы қарарына муўапық қоршаған орталыққа тәсир көрсететуғын 1 ҳәм 2 дәрежелерге тийисли болған искерлик түрлери бойынша жәмийетшилик еситиўлерин  шөлкемлестирди.

Илажға мәҳелле белсендилери, мәпдар тәреплер, мәмлекетлик емес коммерциялық болмаған шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў шөлкемлери ўәкиллери мирәт етилди ҳәм олардың пикир-усыныслары тыңланды.

@qongiratrkuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#3_декабрь_майыплар_күни
#абат_шаңарақ_
#абат_көше_
#абат_мәҳәлле

"Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды"

Қоңырат районында да майыплылығы болған инсанлардың мәплерин қорғаў, оларды жәмийетимиздиң тең ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде түрли илажлар әмелге асырылмақта.
3 -декабрь-халық аралық майыплар күни мүнәсибети менен район ҳәкимлиги,3-сектор баслығы, "Нураный"қоры ҳәм тийисли шөлкемлердиң катнасыўында "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайды" ураны астында
ушырасыўлар, қәўендерлик илажлар шөлкемлестирилди. Сәнеге бағышланып аймақтағы имканияты шекленген инсанлар ушын  байрам дәстурханы жайылды. Районлық мәденият бөлими тәрепинен усынылған концерт бағдарламасы илаж қатнасыўшыларына үлкен заўық бағышлады.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

Ҳүрметли  Қоңырат районы турғынлары!

Гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергиясы, тәбийий газ,суйылтылған газ,ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде  Қоңырат районы ҳәкимлигинде ШТАБ шөлкемлестирилди.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер сизде усы мәселеге байланыслы сораўлар ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын

☎️+998613121542
☎️+998613123636

телефон номерлерине қоңыраў етсеңиз болады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы фармацевтика тараўы ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы медицина тараўында исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған тараў ўәкиллери, мәмлекетлик емес клиникалар басшылары, фармацевтика тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 8-август күни исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгенлигин, пәрман орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстанда мәмлекетлик мүлк объектлерин инвестиция киргизиў миннетлемелери менен сатыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланғанлығын, буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы және бир тарийхый пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.

Өз нәўбетинде усы жаратып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимизде медицина тараўы бойынша хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халқымыз ушын сапалы ҳәм арзан дәри-дәрмақ өнимлерин жеткерип берилиўин қадағалаў, ишки имканиятларымыздан келип шығып дәри өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелери сөз етилди.

Ушырасыўда сондай-ақ, тараў ўәкиллери болған исбилерменлер тәрепинен бир қатар пикир ҳәм усыныслар билдирилип, машқалалар атап өтилди.

Өз нәўбетинде барлық көтерилген мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM