QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.83K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Зәҳәрли газ — оның қәўипли тәрепи сонда, ол ийиссиз, реңсиз ҳәм дәмсиз болады. Инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанлығын сезбейди. Ҳаўа райының кескин суўытып кетиўи нәтийжесинде, пуқаралардың жыллылыққа деген талабы артады. Сонлықтан, жасалма жылытыў үскенелеринен пайдаланыў жағдайларының көбейиўи ақыбетинде айырым пуқаралар зәҳәрли газден зыянланып, аўыр аўҳалда емлеўханаларға түспекте.

Ҳүрметли пуқаралар! Тәбийғый газден пайдаланғаныў қағыйдаларына қатаң түрде әмел етейик.

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МУСЫЛМАНЛАРЫ ҚАЗЫЯТЫНА ЖАҢА ҚАЗЫ ТАЙЫНЛАНДЫ

Усы жылдың 28-ноябрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназаров басшылығында Қарақалпақстан Республикасында искерлик алып барып атырған имам-хатиблердиң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста узақ жыллар Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы ҳәм Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы орта арнаўлы Ислам билим журты директоры лаўазымларында табыслы жумыс ислеп келген Шамсуддин Баҳауддинов ден-саўлығына байланыслы, өз арзасына муўапық лаўазымларынан азат етилди.

Усы лаўазымға қазының орынбасары ҳәм “Имам Ийшан Муҳаммед” жоме мешитиниң имам-хатиби ўазыйпаларында жумыс ислеп келген Баҳраматдин Разов тайынланды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Пенсия тайынлаўда пуқарадан бирде-бир ҳүжжет талап етилмейтуғын система жаратылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 31-октябрьдеги «Халыққа пенсия тайынлаў бойынша көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы қолайлықларды жаңа басқышқа алып шықпақта.

Ендигиден былай алпыс жасқа толған ер адамларға, елиў бес жасқа жеткен ҳаял-қызларға пенсия сол күнниң өзинде автоматластырылған тәризде тайынлаў илажлары көрилмекте. Әҳмийетлиси, онда пенсияға шығыўшыдан бирде-бир ҳүжжет талап етилмейди.

Бул әмелият 2025-жылдың 1-мартынан баслап енгизилиўи нәзерде тутылмақта.

Бул қарарды мәмлекетимизде халықты социаллық қорғаў, материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў бағдарындағы реформалардың бир бөлеги сыпатында көриў мүмкин.

Өзбекстанда кексе, бағыўшысын жойытқан ҳәм мийнетке жарамсыз халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасы басқышпа-басқыш реформаланбақта. Пуқараларға пенсияларды тайынлаў бойынша көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Órt — tilsiz jaw

Gaz úskenelerinen durıs paydalanıń.

Tábiyǵıy gaz tarmaqtan óshirilip qoyılǵanda, barlıq úskenelerdi óshiriwdi umıtpań.

Jas balalarǵa gaz úskenelerinen paydalanıwǵa ruxsat etpeń!

Bólmede gaz iysin sezseńiz gaz úskenelerin óshiriw menen birge terezelerdi, esiklerdi ashıp bólmege taza hawa kirgiziń.

Gaz iysi shıǵıp bolǵanǵa shekem elektr ásbaplarınan paydalanıw, elektr shıraların jaǵıw hám óshiriw, shırpı jaǵıw qadaǵan etiledi.

Ózińizdi, shańaraǵıńızdı hám mal-múlkińizdi órt qáwpinen saqlań.

Eger órt kelip shıǵıw qáwpin sezseńiz tezlik penen 1050, 101 telefon nomerlerine qońıraw etiń!

Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Qońırat
#Кamalak_juldızları

"Кamalak juldızları" jańa talantlardı júzege shıǵarmaqta.
____

"Kamalak yulduzlari" yangi iste'dodlarni kashf etmoqda.

@qongiratrkuz‌‌‌‌
Президент Шавкат Мирзиёев фармацевтика ва электротехника саноатида ишлаб чиқаришни янада қўллаб-қувватлаш, корхоналарнинг экспорт салоҳиятини ошириш масалалари бўйича йиғилиш ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев провел совещание по вопросам дальнейшей поддержки производства и повышения экспортного потенциала предприятий в фармацевтической и электротехнической промышленности.

#Mirziyoyev #yigilish #farmatsevtika #elektrotexnika

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов басшылығындағы гүз-қыс штабы исши топары реновация бағдарламасына киргизилген авариялық жағдайдағы турақ жайларды гүз-қыс мәўсимине таярлаў, қыс айларынан шығынсыз
алып шығыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысын көзден өткерди.

Мағлыўмат ушын, быйыл гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў мақсетинде райондағы 232 көп қабатлы турақ жайлардың ҳәр бирине район ҳәкимлиги ҳәм кәрхана шөлкемлерден жуўапкерлер бириктирилип,хатлаў өткерилди.Хатлаўда анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша район ҳәкимлигинде арнаўлы штаб шөлкемлестирилди.Штаб тәрепинен тийисли  уйымлар менен биргеликте бул жайлардың ысытыў системасы,электр сымлары,қазанхана ҳәм морылары,подъезд әйнеклери ҳәм есиклери,төбе бастырмалары толық көзден өткерилип, анықланған кемшиликлерди 1-декабрьге шекем сапластырыў нәзерде тутылған.

@qongiratrkuz