QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
#jasıl_mákan

🌱"Qońırat soda zavodı"JSHJ QK xızmetkerleri tárepinen " Jasıl mákan" ulıwma milliy joybarı sheńberinde kárxana aymaǵına hám A-380 jolınıń boylarına seksewil tuqımı hám miyweli dekorativ terek nállerin egiw jumısları alıp barılmaqta.
___

"Qo‘ng‘irot soda zavodi"MCHJ QK xodimlari tomonidan "Yashil makon" umummiliy loyihasi doirasida korxona hududi hamda A-380 yoʻlining boʻylariga saksovul urugʻlari va mevali manzarali daraxt nihollarini ekish ishlari olib borilmoqda.

@qongiratrkuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔊🌈Dıqqat bizde tańlaw!

📌Jaslar isleri agentligi Qońırat rayonlıq bólimi baslaması menen Kamalak balalar shólkemi janındaǵı Sárdarlar Keńesi iskerligin qollap-quwatlaw hámde olardıń talantların júzege shıǵarıw maqsetinde "Eń Kreativ mektep Sárdarlar Keńesi" foto tańlawına start beremiz.
Bunda siz mektebińiz Sárdarlar Keńesiniń iskerligi sáwlelengen bir dana fotonı bizge jollaysız.
Tańlawǵa fotomateriyallar 27-28 noyabr kúnleri qabıl etiledi.
📝Bahalaw tártibi dawıs jıynaw arqali tek qana 29-noyabr bir kún dawam etedi.
🏆Jeńimpaz bolǵan 1-2-3 orındı iyelegen Mektep Sárdarlar Keńesi 30-noyabr kúni ótkeriletuǵın Moynaq-Qońırat Sárdarlar forumına qatnasiw hámde Moynaq rayonına bir kúnlik biypul sayaxat etiw imkaniyatın qolǵa kiritedi.

❗️Fotomateriyallardı https://t.iss.one/BarnoMuratbayevna mánziline sıpatlı túrde jollaysız❗️
⚠️Dawıs jıynaw Qońırat jasları telegram kanalında ámelge asırıladı.

🤝Kanalımızǵa aǵza bolıń: @qonjasnews_1
Бүгин, ноябрь айының соңғы екшембиси,26-ноябрь -Халық аралық Аналар күни.

8-март -халық аралық ҳаял-қызлар күнинен айырмашылығы бул күни тек аналарды,
перзент инам еткен өмирлик жолдасты ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды қутлықлайды.

Күн тарийхы : Батыс Вирджиниядан жас америкалы қыз Анна Джарвис өзиниң өмирден ерте көз жумған анасының ҳүрметине бул күни барлық аналарға ҳүрмет-иззет көрсетиў басламасын көтерип шығады.Оның ҳәрекетлери бийкар кетпеди.1910-жылы Вирджиния штаты ең биринши болып Аналар байрамын белгиледи.1912-жылы бул байрамды кең ен жайдырыў мақсетинде Халық аралық Аналар күни Ассоциациясы дүзилди.
Аналар күни - бул ең тәсирли байрамлардың бири, себеби биз балалықтан ҳәм соңғы демлеримизге шекем тәкирарланбас ҳәм бирден-бир образ- барлығын кеширетуғын,аяйтуғын,қандай жағдай болыўына қарамастан бизди сүйетуғын Анамызды қәлбимизде,жүрегимизде алып жүремиз.
Бул мәңгилик байрам: әўладтан әўладқа бизлердиң ҳәр биримиз ушын ең баслы инсан-бул АНА.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
@qongiratrkuz
Енди  жүзлеген каналларды бақлаýдың қәжети жоқ,өзиңиз жасап атырған районыңыздағы жаңалықларды бир каналда оқыýыңыз мүмкин.Жазылғансыз ба,тексерип көриң 👇

https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Вакансия_ҳәпте_даўамында

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен ҳәпте даўамында Нөкис қаласы ҳәм районлық бөлимлерде анықланған бос жумыс орынлары менен танысың!


1.Нөкис қаласы

2.Тахтакөпир районы

3.Хожели районы

4.Шымбай районы

5.Шоманай районы

6.Мойнақ районы

7.Қоӊырат районы

8.Тақыятас районы

9.Нөкис районы

10,Кегейли районы

11.Қараөзек районы

12.Қанлыкөл районы

13.Бозатаў районы

14.Әмиўдәрья районы

15.Төрткүл районы

16.Беруний районы

17.Елликқала районы

Министрликтиң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
❗️❗️❗️ДЫҚҚАТ ЕСЛЕТПЕ!

Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди: Алдаўшылардан абайлы болың!!!

   📌 Ҳүрметли пуқаралар, ҳәзирги ўақытта айырым қостырнақ ишиндеги "исбилерменлер" үйлерди аралап жүрип, пуқараларға "Айрықша жағдайлар басқармасы ямаса өрт қәўипсизлиги басқармасында жумыс ислеймен, егер мениң менен морыларды тазалаў бойынша ямаса газ плиталарыңызды оңлап бериў бойынша шартнама дүзбесеңиз жәрийма саламан" деген мәнисте алдап, хызмет көрсетпестен пул өндирип ҳәм өзлериниң қәлбеки шәртнамаларындағы ислемейтуғын телефон номерлерди берип кетпекте. Егер усындай жағдайларға дус келсеңиз;

биринши нәўбетте сол адамның шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин талап етиң ҳәм илажы болса видео, фото сүўретке түсирип алың (шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет көрсетпесе, демек исенимли емес).

қатаң түрде, хызмет көрсеткеннен кейин ғана төлемди әмелге асырың.

морыларды тазалатыў ямаса газ плита, электр ток сымларына хызмет көрсетиў зәҳәрли (угар газ) газден зыянланыўдың ҳәм өрт қәўпиниң алдын алады. Бирақ, бундай хызметке шәртнама дүзиў мәжбүрий емес.

ҳәр түрли бәнелерди айтып, хызмет көрсетпестен пул талап етсе, Ишки ислер органларына ☎️"102" қысқа номерине хабарласың.

☝️Умытпаң!!! Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери үйдиң өрт қәўипсизлиги жағдайын үйренгени ушын пул талап етпейди. Бәрҳулла жанында хызмет гуўалығы болады. Егер ҳүжжет талап етсеңиз әлбетте көрсетеди.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы.

@qongiratrkuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Jaqsı_xabarlar

JÁNE GRAN PRI❗️❗️❗️

⚡️Qońırat rayonı 10-sanlı "ESEMURAT JIRAW" atindaǵı balalar muzıka hám kórkem óner mektebinde úlken jetiskenlik!

Mektep oqıwshıları Tashkent qalasında ótkerilgen "TALANTLAR FESTIVALÍ"atlı tańlawda Milliy muzıka bólimi oqıtıwshısı B.Qdirbaevtıń oqıwshıları GRAN PRI di qolǵa kirgizdi.Al, fortepiano bólimi oqıtıwshısı P.Kelmaǵambetovanıń  oqıwshıları  Uzaqbaeva Adima 3 -orındı Amangeldieva Aray 4 orındı hám Maxsetbaeva Jasmina 4 -orındı iyeledi. Ózbekstanda qanday jarıs bolsa da birinshilikti qoldan bermey kiyatırǵan oqıwshıardı jeńisi menen qutlıqlaymız!

@qongiratrkuz
❗️SHTATÍNA QÍSQARTÍW KELGEN XÍZMETKER MÚDDETINEN ALDÍN PENSIYAǴA SHÍǴÍWÍ MÚMKIN, EGER DE...

📃 "Puqaralardıń mámleketlik pensiya támiynatı haqqında"ǵı nızamnıń 14-statyasına muwapıq texnologiyadaǵı, islep shıǵarıw hám miynetti shólkemlestiriwdegi ózgerisler, xızmetkerler sanı (shtatı) yamasa jumıs ózgesheliginiń ózgeriwine alıp kelgen jumıslar kóleminiń qısqarǵanlıǵı yamasa kárxananıń tamamlanǵanlıǵi múnásibeti menen jumıstan azat etilgen hám jumıssız dep tán alınǵan shaxslar:

Er adamlar — 58 jasqa tolǵanda hám jumıs stajı keminde 25 jıl bolǵan jaǵdayda;

Hayallar — 53 jasqa tolǵanda hám jumıs stajı keminde 20 jıl bolǵan jaǵdayda pensiya alıw huqıqına iye boladı dep belgilengen.

✏️ Demek, shtatına qısqartıw kelgen xızmetker múddetinen eki jıl aldın pensiyaǵa shıǵıwı múmkin, tek onıń ushın ol joqarıda kórsetilgen jasqa hám jumıs stajına ıye bolıwı hám miynet organlarında jumıssız dep tán alınǵan bolıwı kerek.

Pensiya qorı Qońırat rayonı bólimi

Ísenim telefonı : (61) 312-19-
41

@qongiratrkuz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Саудия Арабистони Подшоҳлиги инвестициялар вазири Ҳолид ал-Фалиҳ бошчилигидаги делегацияни қабул қилди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев принял делегацию Саудовской Аравии во главе с министром инвестиций Королевства Халидом аль-Фалихом.

#Mirziyoyev #qabul #SaudiyaArabistoni #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter