#online
Қысқa таярлық қалай?
Бүгин Қоңырат районы прокуратурасы тәрепинен гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў, мәўсимди шығынсыз өткериў бойынша район аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм халықтың бул бағдардағы машқалалары үйренилмекте.
2-3- ноябрь күнлери газлестирилмеген “Әжинияз”, “Үстирт” “Хорезм” “Сүўенли” , ”Көкдәрья” АПЖ турғынларына жәми 55 тонна көмир , 110 дана суйылтылған газ баллонлары тарқатылған болса, бүгин
ийис газинен зәҳәрлениў ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде көп қабатлы үйлердиң қазанханалары, ысытыў системалары исши топар тәрепинен үйренилмекте.
Үйрениўлер даўамында 58 көп қабатлы үйлердиң қазанхана ҳәм морылары тазаланып, 7 насаз ысытыў қазанханалары пломбаланды.
"Қоңырат" МПЖ аймағындағы М.Дәрибаев көшесин газ бенен тәмийнлеўши Д-114 газ тармағының жарамсыз бөлеги жаңасына алмастырылмақта. 2 трансформатор пунктинде оңлаў жумыслары әмелге асырылып,1.2 км узынлықтағы электр сымлары тартылмақта.
Үйрениўлер даўам етпекте.
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz

#Вакансия_ҳәпте_даўамында
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен ҳәпте даўамында Нөкис қаласы ҳәм районлық бөлимлер тәрепинен анықланған бос жумыс орынлары менен танысың!
1.Нөкис қаласы
2.Тахтакөпир районы
3.Хожели районы
4.Шымбай районы
5.Шоманай районы
6.Мойнақ районы
7.Қоңырат районы
8.Тақыятас районы
9.Нөкис районы
10.Қараөзек районы
11.Кегейли районы
12.Бозатаў районы
13.Қанлыкөл районы
14.Төрткүл районы
15.Беруний районы
16.Әмиўдәрья районы
17.Елликқала районы
Министрликтиң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @QR_bantlik
Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter

#Ашық_сәўбет
#тоқсанбасты_усылы
Палыз егинлерин тоқсанбасты усылында егиў тәбийий витаминли азық - аўқатлар жетиспеўшилиги сезилетуғын ерте бәҳәрде базарларымызға қосымша өним, халқымызға жақсы дәрамат алыўға тийкар болады.
Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм райондағы сектор баслықлары 3-сектор аймағында жайласқан "Оңғарбай Курбаниязов" массивинде фермер хожалықлары баслықлары менен ушырасып, сәўбетлести. Ушырасыўда егиннен босаған майданларға тоқсанбасты усылында пияз ҳәм чеснок егиў, гүзлик бийдайды азықландырыў ҳәм пахта далаларындағы жыйын-терим жумысларын жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмастан жеделлестириў ҳәм ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша пикирлер алмасылып, усыныслар билдирилди.
https://t.iss.one/qongiratrkuz

Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы медицина бирлеспелери баслықлары менен ушырасты
Мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында халықтыӊ денсаўлығын беккемлеўге, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиўге, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўге, тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем көрсетиў мәкемелериниӊ жумысларын түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Жəне бир əҳмийетли тəрепи сонда, Аралбойы халқының саламатлығы ҳәмийше Ҳүрметли Президентимиздиң дыққат-итибарында ҳәм айрықша ғамхорлығында болып келмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер әтирапында пикирлесиў мақсетинде республикамыз аймағындағы бас шыпакерлер менен ушырасты.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 7-июль күни Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген арнаўлы Қарар денсаўлықты сақлаў тараўын және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Қарар тийкарында республикамызда медициналық жәрдем кѳрсетиўди шѳлкемлестириўди жетилистириў, халықтың арасында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кадрлар потенциалын және де арттырыў бағдарында бир қатар илажлар алып барылмақта.
Өткерилген ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў баслы ўазыйпа
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы азық-аўқат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Айтып өтиў керек, дийқан базарлары бүгинги күнде халықты биринши дәрежели азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тараўлардың бири болып есапланады. Республикамыз аймағындағы базарларда күнделикли азық-аўқат ѳнимлери баҳасының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде турақлы түрде саўда ярмаркалары шѳлкемлестирилип келинбекте.
Өткерилген ушырасыўда республика дийқан базарлары жанында шѳлкемлестирилген өнимлерди таярлаў, сақлаў кәрханаларына базарлардағы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша ажыратылған қаржылар есабынан өнимлер резервин жаратыў илажлары алып барылып атырғанлығы, музлатқыш ҳәм қоймаханаларды нәтийжели шөлкемлестириў кереклиги, буннан тысқары, шет елден өним сатып алып келиў ушын кредит қаржыларын ажыратыў илажлары да көрилип атырғанлығы атап өтилди.
Ушырасыўда сондай-ақ, базарларды тәртиплестириў, саўда расталары санын көбейтиў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарларға қолайлы шараятлар жаратыў, қыстың қыраўлы ҳәм жаўын-шашынлы күнлеринде де хызмет етиўши орынларды қурыў мәселелери көтерилди.