QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.8K photos
5.08K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида аҳоли бандлигини таъминлаш ва иқтисодиёт тармоқларини тиклаш бўйича видеоселектор йиғилиши ўтказилди.
Фарғона ва Қашқадарё вилоятлари таҳлили асосида карантин чекловларини босқичма-босқич юмшатиш юзасидан таклифлар киритиш, қурилишларни жадаллаштириш, қишлоқ хўжалиги маҳсулотлари етиштириш бўйича кўрсатмалар берилди.

Под председательством Президента Шавката Мирзиёева состоялось видеоселекторное совещание по вопросам обеспечения занятости населения и возобновления деятельности отраслей экономики.
На основе анализа ситуации в Ферганской и Кашкадарьинской областях даны указания по внесению предложений для поэтапного смягчения карантинных ограничений, ускорению строительных работ, заготовке сельхозпродукции.

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #bandlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
⚡️⚡️⚡️Әжайып жаңалық! Өзбекстанда бир қатар тараўлардың жумысларына рухсат берилди

Республикамыз аймағында коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў, санаат, инфраструктура, транспорт ҳәм логистикалық субъектлердиң турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде Кризиске қарсы гүресиў бойынша республикалық комиссияның қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, эпидемиялық шараятта экономика тармақларының турақлы ислеўин тәмийинлеў, халық арасында жумыссызлықтың көбейип кетиўиниң алдын алыў және бюджет түсимлерин тәмийинлеў ушын экономиканың бир қатар бағдарларының жумысларына рухсат берилмекте.

Олар:

- қурылыс материаллары базарлары, соның ишинде, қурылыс материалларының усақлап ҳәм көтере саўдасы менен шуғылланатуғын хожалық басқарыўшы субъектлерге (майданы 500 кв м ден кем болмаған);

- ири ислеп шығарыўшы субъектлердиң өз өнимлерин сатыўға арналған аймақлардағы тармақлық дүканларына (магазинлерине) (санитариялық нормасы 10 кв м ге 1 қарыйдар тәртиби тийкарында);

- өнермент ҳәм усталарға - олар тәрепинен исленген буйымларды базардағы саўда орынларынан тысқары өз алдына жайласқан орында (дүкан) сатыўға;

- туқым ҳәм нәл жетистириў және оларды сатыў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине (мүлкшилик формасына қарамастан);

- коммерциялық банклердиң объектлердеги шақапшалары (кассалары);

- автомобильлерге аўысық бөлеклер сатыў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине (мүлкшилик формасына қарамастан);

- автомобильлер, аўыл хожалық ҳәм қурылыс техникаларына сервис хызмет көрсетиўши шөлкемлерге - 1000 кв м ден кем болмаған майданға ийе субъектлер, сондай-ақ, вулканизация хызметлерин көрсетиўши субъектлерге;

- химиялық тазалаў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъетклерине;

- нотариаллық кеңселер ҳәм қамсызландырыў компанияларының хызмет көрсетиўи;

- тоқтап қалған инвестициялық жойбарлар ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыў жумысларын даўам еттириўге рухсат берилди.

Ислам Матеков.
Дерек:@kknews_uz

👉@qongiratrkuz
МДҲдаги айрим мамлакатлар ва ривожланган давлатлар билан COVID-19 га чалинган беморларнинг соғайиш ва ўлим кўрсаткичлари бўйича солиштирма жадвал

Манба: @ssvmatbuotkotibi

👉 @qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслар саны 82 ге жетти.
⚡️😷 2020-жыл 25-апрель саат 10:00 ҳалатына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслар саны 1836 ға жетти.

ҮЙДЕ ҚАЛЫҢ !

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Карантин себепли жумыссыз қалған пухаралар да итибарда!
Карантин себепли жумыссыз қалған пухаралар да итибарда!


Дунья жүзин ләрзеге келтирген вирусты пүткиллей жоқ етиӯ барлық мәмлекеттиң тийкарғы мақсетине айланған. Себеби бул ҳалықты қорқынышқа салып қоймастан, олардың социаллық машқалаларында келтирип шығармақта. Мәмлекетимиз де бул экономикалық жағдайлардан шығып кетиӯ ҳәрекетинде бәршени аӯызбиршиликке шақырымақта. Әлбетте буның мәниси карантин қағыйдаларына әмел етиӯ арқалы вирусты пүткиллей тоқтатып қоймастан ѳз жақынларымызды асыраӯ екенлигин умытпаӯымыз лазым. Карантин ҳәзир ҳәр биримиздиң мақсет ҳәм режелеримизди тоқтатты. Сол себепли ѳмир даӯам етер екен вирусты тоқтатыӯдың ҳәр биримиз тәрепдары болып ѳз үлесимизди қосыӯымыз ҳақыйқый бирлик есапланады. Сол себепли Өзбекстан Экология партиясының Қоңырат районлық Кеңесинен сайланған 19-санлы «Устирт» сайлаӯ округи депутаты Бужебаев Қанат Мусатаевич ѳз сайлаӯ округи ҳалқынан хабар алып, кем тәмийнленген шаңарақларға керекли болған азық-аӯқат ѳнимлерин тарқатты. Буннан соң оларға вирустың қаншелли дәрежеде қәӯипли екенлигин, үйде қалыӯ арқалы бәршеге үлги болыӯ кереклиги ҳаққында айтыӯды депутат ѳз ӯазыйпасы деп билди. Бәршемиз ҳалықтың ең қыйын дәӯирди бастан кеширип атырғанлығын билип, мине усындай жәрдемди ѳз ӯақтында ѳз керекли жеринде кѳрсете алыӯымыз нағыз адамгершилик пазыйлетлериниң бири деп есаплайман. Әлбетте кимгедур жақсылық етип, ҳәр күни алғыс алыӯ ушын басшы яки депутат болыӯ шәрт емес. Себеби адамгершилик пазыйлети мусылман ҳалкының тийкарғы қуралы саналады.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
2020-жыл Рамазан айы ушын питир садақасы ҳәм фидя муғдары белгиленди

Өзбекстан мусылманлары басқармасының Пәтўа комиссиясы 2020-жылғы питир садақасы ҳәм фидя муғдарын белгиледи, деп жазбақта Paziylet.uz сайты.

Оған муўапық:

- питир садақасының ең аз муғдары бир жан ушын 8 мың сум;

- фидя 20 мың сумды қурайды.

👉@kknews_uz

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
"Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек", дейди дана халқымыз. Бүгингидей сынаўлы күнлерде, бир-биреўди қоллап, қыйналғанларға жәрдем қолын созғанлардың саўабы үлкен болары сөзсиз.
Район ҳәкимлиги ҳәм "Ҳәким-Сулайман" жоме мешити тәрепинен районымыз бойлап кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери бийпул тарқатылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Санитария-эпидемиология хызмети қәнигелери хошаметленеди!

«Коронавирус пандемияси дәўиринде санитария-эпидемиология хызмети қәнигелерин буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4695-санлы, 24.04.2020 й.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги ҳәм оның аймақлық бɵлимлериндеги медициналық хызметкерлердиң:
Лаўазым мийнет ҳақына мийнеттиң денсаўлық ушын қәўиплилиги ҳәм аўыр шараятлары ушын белгиленетуғын қосымша тɵлемлер муғдары тийислилигинше 15 проценттен 50 процентке ҳәмде 40 проценттен 75 процентке кɵбейтиледи;
Мийнетке ҳақы тɵлеў разрядлары бойынша тариф коэффициенти 5 процентке кɵбейтилген ҳалда қолланылады.
Бул материаллық хошаметлеў илажлары 2020-жылдың 16-март сәнесинен баслап, республикада коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажлары рәсмий түрде тоқтатылатуғын айға шекем әмел етеди.
Сондай-ақ, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына тартылған дәўирде Агентлик ҳәм оның аймақлық бɵлимлериниң медициналық хызметкерлери ушын айлық лаўазым мийнет ҳақысына салыстырғанда 6 процент муғдарында күнлик қосымша тɵлем, сондай-ақ, нызамшылықда нәзерде тутылған басқа үстемелерди алыў ҳуқықы сақланып қалады.
Қарарға муўапық, Агентликтиң орайлық аппаратында Материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм инвестицияларды қаратыў басқармасы шɵлкемлестирилди.
Қарар менен Бас мәмлекетлик санитария шыпакерлерине карантин дәўиринде, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық мәкемелердиң медициналық ҳәм басқа да хызметкерлерин тартқан ҳалда эпидемияға қарсы ўақтыншалық отрядларды шɵлкемлестириў ҳуқықы берилди.
Карантин дәўиринде ўақтыншалық отрядлардың қурамына тартылған мәмлекетлик медициналық мәкемелер хызметкерлериниң тийкарғы жумыс орнындағы мийнетке ҳақы тɵлеў тәртиби, шәртлери ҳәм муғдары сақланып қалады.

Дерек:@huquqiyaxborot
Дeзинфекция жумыслары үзликсиз даўам етпекте

Коронавирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыў мақсетинде районымыздың ҳәр бир аймағында дезинфекция жумыслары даўам етпекте.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz