"Халық мәмлекетлик уйымларға емес мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиýи керек"
⚡️ Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилип атырған бул идея мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың мазмунын қурайды .
Әйне соның ушын халықтың турмыс абаданлығын асырыý, олардың бүгининен разы болып жасаýын тәмийнлеý мақсетинде мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятлары жумсалмақта.
Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында Қоңырат районы ҳәкиминиң физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти. Онда район ҳәкими Бекзод Мадаминов тәрепинен қабыллаўға келген жәми 28 пуқараның үй-жайларын оңлаý, перзентлериниң оқыў контракти төлемине жәрдем бериў, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, кредит қаржыларын ажыратыў, жумыссызлық сыяқлы мүрәжатлары тыңланды.
Оларды қыйнап киятырған машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде тийисли уйымлардың қатнасыўында шешим тапты.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

#абат_мәнзиллер
"Алмазар"дың жақты көшелери
⚡️Қоңыраттың жаратыýшылық,абатлық мәсканына айланғанын сәýлелендириýши гөззаллығы түнде және де айқын көзге тасланады. Рәýан көшелер бойларына орнатылған шырақлар қаланың жамалын күндизгиден де саýлатлы етип тур.
✨Енди тек ғана орайлық көшелер емес , ал ҳәр бир мәҳәлледеги көшелердиң бойларына орнатылып, қараңғы түнди жақтыландырған шырақлар болса адамлардың да қәлбине нур болып қуйылған яңлы...
Президент қарары менен ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан "Алмазар"мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы
Бийбаҳа, Қуяшлы, Төрелер, Теберик Алмалық көшелерине жәми 50 дана қуяш панели арқалы жақтыландырыўшы түнги шырақлар (220 млн сум) орнатылды.
Сондай-ақ, 30 млн сумға бес дана видеобақлаў камерасы орнатылып баслады. Жақын арада 1 километр узынлықтағы пиядалар жолы(250 млн сум) қурылыўы нәзерде тутылған.
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Әҳмийетли мәселелер қарап шығылды
Усы жылдың 31-октябрь күни Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети ҳәмде Бюджет ҳәм экономикалық раўажландырыў мәселелери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте гезектеги мәжилиси өткерилди.
Онда Сенаттың Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығы Б.Алиханов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Мәжилисте аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәмде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге тийисли ис-илажлардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика өсимин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Президентимиз тәрепинен Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде аймақта жүзеге келген социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген әмелий жумыслар турмысқа енгизилип атыр.
Өткерилген мәжилисте Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы, Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын жаратылған шараятлар, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Мәжилис жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынып, жергиликли Кеңес депутатларына тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter