QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46K photos
4.84K videos
27 files
14K links
Download Telegram
Шымбай районында “Жасыл мәкан” акциясы өткерилди

Усы жылдың 11-октябрь күни ҳүрметли Президентимиз тәрепинен кеӊейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйылғы жылы гүз мәўсиминде 25-октябрь ҳәм 1-декабрь сәнеси аралығында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде республикамыз бойынша 85 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў тапсырмасы белгилеп берилген еди.

Усы тапсырма тийкарында бүгин Шымбай районы аймағында “Жасыл мәкан” акциясы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде биргеликте ҳәр бир пуқара үлес қосыўы керек екенлигин атап өтти.
Акцияда сондай-ақ, районның белсенди жаслары, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасып, жақсы нийет пенен терек нәллерин отырғызды.

Айтып өтиў орынлы, соӊғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўели терек нәллери егилиўи даўам еттирилип атыр. Усы тийкарда быйылғы жыл бәҳәр айларында қала ҳәм районларымыз аймағында жәми 9 миллионға жақын терек нәллериниң егилиўи тәмийинленди.

Шымбай районында акция шеңберинде быйылғы жылдың гүз мәўсиминде 385 000 түп терек нәллерин егиў режелестирилген болып, бул нәллерди биринши нәўбетте автомобиль жоллары бойлары, социаллық тараў объектлери, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәм де Абаданластырыў басқармасы есабындағы жер майданларына егиў жумыслары қызғын даўам етпекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Бүгин Шымбай районы орайында жаңадан қурып питкерилген «Жаслар орайы» имаратының ашылыў мәресими болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесинде алып барылып атырған болып, бул бағдарда олардың талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў, ҳәр тәреплеме жетик, озық ойлы болып камалға келиўинде барлық шараятлар жаратылып берилмекте.

Жаңадан бой тиклеген «Жаслар орайы» имараты да мине усы бағдарда қурып питкерилген болып, буның ушын 2,3 млрд сумнан аслам қаржы жумсалды. 

Имаратта жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ҳәм өз үстинде ислеўи ушын дөгереклер шөлкемлестирилген болып, IT, математика, тарийх, шахмат, шет тиллери сыяқлы бир қанша жөнелислерди өз ишине қамтыйды.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы имаратта жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#ашық_сәўбет

Кемшиликлер талқыланып,ўазыйпалар белгиленди

⚡️Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында аўыл хожалығында кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға бағышланып аўыл ҳәм суў хожалығы қәнигелери, фермер хожалықлары басшылары қатнасыўында ашық сәўбет болып өтти.
Онда райондағы пахта тапсырыў шәртнамалы режесин орынлай алмаған фермер хожалықларының жумыслары кең түрде додаланды.
Ушырасып атырған машқалаларға айрықша итибар қаратылып, фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў бойынша анық режелер белгилеп алынды.
Ижараға алынған жерлерден нәтийжели пайдаланбай атырған фермерлардиң жумыслары сын көз қарастан талқыланды.

@qongiratrkuz
#абат_мәнзиллер

Президентимиз тапсырмасы менен ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан  Қоңырат районындағы "Моншақлы " мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы  Саид Ахмад , Уллы жол, Н.Дәўқараев, Т.Қайыпбергенов, Инталы жаслар  көшелериндеги  жоллардың  жәми 2 км 300 метр аралығына қум щебень араласпасы төселмекте.
Халықтың абадан турмысын тәмийнлеў бағдарындағы жумыслар районның барлық аймақларында даўамлылығы менен де әҳмийетли болмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#абат_мәнзиллер

"Адамларымыз елимизде жүз берип атырған реформаларды ертең ямаса узақ келешекте емес, бәлким бүгин өз өмиринде сезиниўи керек"

Президентимиздиң журтласларымызға үмит ҳәм исеним берген бул сөзлери бүгин Қоңыратлылардың да турмысына жаңаланыў, өзгерислерди алып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 13-июль күнги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы  қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасындағы 452 ,соның ишинде Қоңырат районындағы 39 мәкан ҳәм аўыл  пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы ажыратылған еди.

Усы қаржы есабынан  Қоңырат районындағы "Түркистан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы "Түркистан" көшеси жолының  1 км 120 метр аралығына қара асфальт қапламасы төселди. Район ҳәкими Бекзод Мадаминов көше бийлери менен ушырасып, жол қурылысы жумысларының барысы менен танысты.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz