QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
50.2K photos
5.43K videos
31 files
15.6K links
Download Telegram
ХАЛЫҚ РАЗЫЛЫҒЫ ЖОЛЫНДА

Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы , 4-сектор баслығының Қоңырат районы "Туран" мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары  ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилди.
Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы баслығының орынбасары У.Алиев, Қоңырат районы ҳәкими орынбасары А.Мамутов, Қоңырат районы салық инспекциясы 4-сектор баслығы П.Абдикеримовлар тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.
  Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениý, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыý мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаýда келип түскен ҳеш бир мүрәжат  итибарсыз қалдырылмады. Пуқаралардан электр тәмийнатын жақсылаў, жолларда қәўипсизликти тәмийнлеў яғный зәрүрли жол белгилерин орнатыў мәселелери бойынша
мүрәжатлар келип түсти.
Қабыллаўда 13 жасқа "Жаслар дәптери" жәмғармасы  есабынан оқыў контракт  пуллары төленгенлиги ҳаққындағы ваучерлер  тапсырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#жасыл_мәкан

ҮНДЕЎДЕН РУЎХЛАНЫП
...

Өзбекстан мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ўәкиллериниң "Жаңа Өзбекстан-жасыл мәканда  бирге жасайық" сүрени астында халқымызға жоллаған мүрәжатынан руўхланған гүллән Қоңыратлылар  "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги нәл егиў жумысларына белсене қатнасты.
Бүгин райондағы "Санаат" мәкан пуқаралар жыйыны белсендилери "Қоңырат" көшеси турғынлары менен биргеликте "Көшемди абат етемен" ураны астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў  жумысларын алып барды.
Район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов та көше бийлериниң бул ийгиликли басламасын қоллап-қуўатлап, жасы үлкен нураныйлардың пәтиясы менен жақсы нийетлерди тилеп, олар менен бирге мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин екти.
"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ҳәр бир аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында даўам етпекте.


@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#көшпели_қабыллаў

ХАЛЫҚ РАЗЫЛЫҒЫ ЖОЛЫНДА


⚡️Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы , 4-сектор баслығының Қоңырат районы "Туран" мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары   ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилди.
Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениý, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыý мақсетинде өткерилген көшпели қабыллаýда келип түскен ҳеш бир мүрәжат  итибарсыз қалдырылмады.
 
Қабыллаўда 13 жасқа "Жаслар дәптери" қоры  есабынан оқыў контракт  пуллары төленгенлиги ҳаққындағы ваучерлер  тапсырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
КҮН ФОТОСЫ

🌳Тәбиятқа ғамхорлық,итибар туйғысы балалықтан қәлиплеседи.
Кишкене Арсен анасына жәрдем берип, тереклерге суў қуймақта.


@qongiratrkuz
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
🍓ҚОҢЫРАТТА АВГУСТ АЙЫНДА ҚУЛПЫНАЙ ПИСТИ! Қулпынай әдетте май,июнь айларында писеди. Лекин ,"қалаýын тапсаң қар жаýады"дегениндей,қулпынайдан ҳәттеки жыл даýамында зүрәәт алыýға болатуғынлығын әзелден жүзимлери менен даңқы шыққан "Қоңырат"аýыл пуқаралар…
🍓🍓🍓ҚОҢЫРАТТА ГҮЗДЕ ДЕ ҚУЛПЫНАЙ ПИСТИ!

Есиңизде болса, каналымызда август айының басында пискен қулпынай ҳаққында репортаж таярлаған едик.
Ал, бүгин жылдың төрт мәўсиминде де жерден өним алып отырған "Санаат"мәкан пуқаралар жыйыны "Қоңырат"көшесинде жасаўшы,усы көшениң бийи Мақсет Халмуратовтың үй алды қыйтақ жеринде 🍓қулпынай писип атырғанының гуўасы болдық.
Мақсет Халмуратовты қоңсылары "Мичурин" (атақлы рус биологи) деп те атайды. Себеби, ол үй алды қыйтақ жеринде тәкирарый егин егиўди жолға қойып, жылдың төрт  мәўсиминде де зүрәәт алыўдың әдисин алған. Қыйтақ жериниң шетлерине  рәңбәрең гүллер егип, гүзги қыяр, түрпи, ләблеби, қүлпынай, әнжир  жетистирип, ақлықларына еле витаминли жемислерден жегизип отыр. Оның еккен шырша ағашлары болса көшеге сән берип, әтирапқа өзгеше пайыз бағышламақта.
Мақсет аға бөдене  бағыўды да жолға қойып, қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша тәжирийбелерин қоңсылары менен ҳәмийше бөлиседи.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz