Президент Шавкат Мирзиёев ер ресурсларидан оқилона фойдаланиш, ер ҳисобини юритиш ҳамда кадастр хизматларини яхшилаш масалалари бўйича йиғилиш ўтказди.
—
Президент Шавкат Мирзиёев провел совещание по вопросам рационального использования земельных ресурсов, улучшения учета земли и оказания кадастровых услуг.
#Mirziyoyev #yigilish #kadastr #yerhisobi
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Тайынлаў
Еденбаев Ерполат Измуратович - Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары-Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлими баслығы лаӯазымына тайынланды.
Е.Еденбаев бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы аӯыл хожалығы министириниң орынбасары лаӯазымында ислеп келген.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
#online #сессия Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 63-сессиясы болып өтпекте. Сессияға районлық Кеңес депутатлары, мекеме, кәрхана басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта. Сессия facebook тармағынан…
Сессияны Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов басқарып барды.
Сессияда Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды тәрепинен , "Қоңырат" МПЖ да шөлкемлестирилген 7-санлы хуқық тәртип орны тәрепинен,
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими тәрепинен өткен 9 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы есабатлары тыңланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-июльдеги "Энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин асырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерин енгизиўди және де жеделлестириў ҳаққында"ғы қарарының район аймағында орынланыўын тәмийнлеў бағдарындағы жумыслар бойынша да есабат берилди.

Сондай -ақ сессия күн тәртибинен Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 2023-жыл 29-май күнги "Қоңырат районы аймағындағы социаллық тараў объектлериниң жылытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарында модернизация етиў ҳаққында"ғы ҳәм "2023-жылдың || мәўсиминде "Басламалы бюджет"порталына жайластырылған ҳәм жеңимпаз деп табылған жойбарларға "Пуқаралар басламасы"жәмғармасы есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында"ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселе де орын алды.
Депутатлар сөз етилген мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
✅@qongiratrkuz

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#MAXSUS_REPORTAJ_
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле
💎Жаңаланыў босағасындағы "Рәўшан"
"Абат шаңарақ", "Абат көше", "Абат мәҳәлле" принципи тийкарында жақын арада аймақта алып барылатуғын қурылыс - абаданластырыў жойбарлары нәтийжесинде "Рәўшан"аўылының келбети жаңа түске енеди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Математика пәнинен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы II Халықаралық олимпиадасының сыйлықлаў мәресими болып өтти
Усы жылдың 25-27-октябрь күнлери аралығында пайтахтымыз Нөкис қаласында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында математика пәнинен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы II Халықаралық олимпиадасы өткерилди.
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Мухаммед ал-Хорезмий атындағы халықаралық олимпиадасының сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириўге, илим-пәнди раўажландырыўға ҳәм жаслардың тәрбиясына айрықша итибар қаратылып атыр. Жасларымыздың озық ойлы, жоқары билимге ийе ҳәр тәреплеме жетик инсан болып камалға келиўинде барлық мүмкиншиликлер жаратып берилмекте.
Бул бағдарда математика пәнин раўажландырыў, усы арқалы заманагөй тараўлар есапланған робототехника, IT, экономика ҳәм басқа да жөнелислердиң кеңнен ен жайыўына мүмкиншилик жаратылып атырғанлығын айрықша атап өтсек болады.
2 күн даўамында өткерилген халықаралық олимпиадада улыўма 40 тан аслам жоқары оқыў орынларынан 200 ден зыят студент-жаслар белсене қатнасты.
Өткерилген сыйлықлаў мәресиминде халықаралық олимпиада жеңимпазларына диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Пән олимпиадасында командалық есапта I орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Шароф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университети, II орынды Түркменстан Республикасының Халықаралық гуманитар пәнлер ҳәм раўажланыў университети, III орынды Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан миллий университети жеңип алды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети