QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.41K subscribers
45.4K photos
4.74K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
⚡️Халық абаданлығы жолында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарары тийкарында Қоңырат районындағы "Гүлабад" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 4,3 км аралықтағы ишки жоллар асфальтланды.
Бурын адам түўе,транспортлардың жүриўи қыйын болған жоллар бүгин  рәўан жолларға айналды.
Сондай-ақ, Президентимиздиң тапсырмасы менен ажыратылған 500 миллион сум  қаржы есабынан аймақтағы Нөкис-1, Нөкис-2, Әзиз мәкан, Алтын журт, А.Шамуратова
көшелерине 1,572 м аралыққа қуяш панельлери арқалы жақтыландырылатуғын түнги шырақлар орнатылды.
Адамлардың бүгинги турмысынан разы болып жасаўы жолындағы ийгиликли жумыслар районның ҳәр бир аймағында даўам етпекте.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға жәрдем көрсетиў системасы аңсатластырылды

Министрлер Кабинетиниң 17.10.2023-жылдағы 547-санлы қарары менен Ҳүкиметтиң айырым ҳүжжетлерине социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр шаңарақларды қоллап-қуўатлаў системасын әпиўайыластырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Соннан, «Темир дәптер»ди жүргизиў аркалы социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр шаңарақлардың машқалаларын системалы шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша ўақтынша тәртип (Ҳүкиметтиң 28.04.2021-жылдағы 250-санлы қарары менен тастыйықланған) ке төмендегише өзгерислер киргизилмекте:

Халық депутатлары район (қала) Кеңеслериниң сессиялары аралығында кешиктирип болмайтуғын жағдайларда, тез пурсатта жәрдем көрсетиў зәрүрлиги жүзеге келгенде «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақларға бир мәртелик жәрдем бир жумыс күнинде район (қала) ҳәкими қарары менен бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Семинар
#тоқсанбасты_усылы


Тоқсанбасты-мол дәрамат дереги

Қоңырат районында гүзги тоқсанбасты егинлерди егиў , үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар болып өтти. Семинарда Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары  Д.Қайыпов, район ҳәкими Б. Мадаминов халқымыздың овощ-палыз өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде егиннен босаған майданларға суўыққа шыдамлы егинлерден  пияз, чеснок  егиў базарларымызға қосымша өним , халқымызға  жақсы дәрамат  келтиретуғынлығын тастыйықлап өтти.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийнлеў ушын
тоқсанбасты егинлерди  өз ўақтында егип , агротехникалық илажларды  орынлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Районда  2024 - жылдың зүрәәти ушын 777 гектар барлық тайпадағы хожалықлардың майданларында тоқсанбасты овощ-палыз егинлерин егиў нәзерде тутылған. Соннан 75 гектар фермер хожалықларында, 70 г халықтың  үй алды қыйтақ жерлеринде, 632 гектар дийхан хожалықларында пияз, чеснок егиледи.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
МАШҚАЛА БАР ЖЕРДЕ ШЕШИМ БАР

Қоңырат районы  ҳәкими Б.Мадаминовтың  пуқараларды нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениý, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыý мақсетинде өткерилген қабыллаýда район ҳәкимине билдирилген ҳәр бир мүрәжатқа шешим табыўға ҳәрекет етилди.
  Қабыллаýда пуқаралардан үй-жайын оңлаў, ден саýлығын тиклеý, жумыссызлық,жолларды оңлаў, газ тәмийнатын жақсылаў мәселелери бойынша
мүрәжатлар келип түсти.
Мүрәжат еткен пуқаралардың шағымлары, усыныс хәм тилеклери үйренилип, көпшилигине  тийисли уйымлар менен биргеликте  шешим табылды.
Шешими ýақыт ҳәм қаржы талап ететуғын мүражатлардың орынланыýы қадағалаўға алынды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тил-миллет айнасы

"Әдебият"аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 14-санлы мектепте 21-октябрь - Өзбек тили байрамы күнине бағышланған байрам илажы
болып өтти.Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

@qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

❗️‼️Ҳүрметли районымыз турғынлары!

     ⚡️Дийханларымыздың жыл бойы төккен маңлай терлери есесине жетистирилген пахта зүрәәтин жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай  жыйнап-терип алыўға өзлериңиздиң үлеслериңизди қосып, шаңарағыңызға қосымша дәрамат киргизиўге асығың!

Терим пуллары

  2⃣5⃣ кг пахта терген пуқараларға
ҳәр бир  килограмм  пахта ушын
  1⃣5⃣0⃣0⃣ сўмнан  нақ пул ҳәм 1⃣ литр пахта майы

5⃣0⃣ кг пахта терген пуқараларға ҳәр бир килограмм пахта ушын
1⃣5⃣0⃣0⃣ сумнан нақ пул ҳәм 2⃣ литр ақ май
бериледи.

Әзиз Қоңыратлылар!

Атызларда топланған  пахта шийки затының бир де ханасын  зая етпей, жыйнап алыўға белсене қатнасып, районымыздың қырманына өз үлеслериңизди қосыўға шақырып қаламыз!

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️"Адамларымыз елимизде жүз берип атырған реформаларды ертең ямаса узақ келешекте емес, бәлким бүгин өз өмиринде сезиниўи керек"
Президентимиздиң журтласларымызға үмит ҳәм исеним берген бул сөзлери Қоңыратлылардың да турмысында өзиниң сәўлелениўин таўмақта.
Күннен күнге шырай ашып атырған бес қаланың бири - Қоңыраттағы халық пәраўанлығы жолындағы жумыслар барысынан  таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалының "Ҳәптелик"бағдарламасында.

@qongiratrkuz