QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46.1K photos
4.84K videos
27 files
14K links
Download Telegram
"Eń kitapqumar shańaraq"

📚Shańaraqlarda ruwxıy ortsalıqtı bekkemlew,  hayal -qızlardıń jámiyetlik belsendiligin asırıw maqsetinde  Qańlı awıl puqaralar jıyını hám rayonlıq málimleme kitapxana orayı menen birgelikte "Eń kitapqumar shańaraq" tańlawı bolıp ótti.
Tańlaw 3 shártten ibarat bolıp 5 shańaraq qatnastı. Bellesiwler  juwmaǵına kóre Otewlievlar shańaraǵı  l orındı, Orınbaevlar shańaǵı ll orındı, Xalbaevlar shańaraǵı III orındı iyeledi.
Jeńimpazlar shólkemlestiriwshiler tárepinen xoshametlendi.

@qongiratrkuz
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қоӊырат районында «Қаңлы, Сүўенли» АПЖ аймақларында 2023-жыл 18-октябрь күни саат 10:00 ден 13:00 ге шекем "Көкли көл" фидеринде  киши оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат РЭТК

@qongiratrkuz
#Архив_сүўретлер

Өткен әсирдиң 80-жыллары. Қоңырат районы, "Рәўшан" совхозы. Аўыл хожалық авиациасы самолётлары жумыс ўақтында.

Фото архив: Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды.

Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қоӊырат районында «Мийнетабад» АПЖ аймағында 2023-жыл 18-октябрь күни саат 11:00 ден 14:00 ге шекем "Карбид завод" фидеринде  киши оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Қоңырат РЭТК

@qongiratrkuz
#online
#пахта_2023

ХОШАМЕТ БАР ЖЕРДЕ ЖУМЫС ӨНИМДАРЛЫҒЫ БАР

Дийханларымыз тәрепинен жетистирилген ақ алтынның бир де ханасын зая етпей, ел қырманына тапсырыўда Қоңыратлы зәбердес пахтакешлер өзлериниң пидайылығын көрсетип,жыйын-терим жумысларына пәт ендирмекте.
Мапаздың дурыс шөлкемлестирилиўи,теримшилер ушын барлық қолайлы шараятлардың жаратылыўы ертеңги мол қырманға тийкар болмақта.
Бүгин Халық депутатлары Қоңырат районлық кеңесиниң УзДидеп  депутатлық топары ағзалары пахта жыйын -терими мәўсиминде аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы пахта жетистиретуғын  фермер хожалықларына қол-қанат болып атырған "Бостан","Туран","Гүлабад"мәкан пуқаралар жыйынларынан барған теримшилердиң ҳал-жағдайынан хабар алып ҳармасын айтты. Алдыңғы теримшилер саўғалар менен хошаметленди.

⚡️Атызларда еле зүрәәт мол. Районымыз турғынларын мәўсимге белсене қатнасып,шаңарақларына қосымша дәрамат табыўға шақырып қаламыз.

@qongiratrkuz
#online

Ҳаял-қызларға итибар-келешекке итибар

Жәмийетте ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў ҳәм оларға медициналық жәрдемлер көрсетиў бойынша Шаңарақ ҳәм  ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен медициналық жәрдемге мүтәж,майыплылығы болған ҳаял-қызлар мәкан пуқаралар жыйыны  усынысларына тийкарланып, бийпул реабилитация үскенелери менен тәмийнленбекте.
"Қаратал" мәкан пуқаралар жыйынында  жасаўшы жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға реабилитация үскенелери берилмекте.

Каналға ағза болыў:
➡️@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев рафиқаси билан бирга “Бир макон, бир йўл” учинчи халқаро форумида иштирок этаётган делегациялар раҳбарларини расмий кутиб олиш маросимида иштирок этди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев вместе с супругой принял участие в официальной церемонии встречи глав делегаций, участвующих в третьем Международном форуме «Один пояс, один путь».
Qońirat rayonınıń sanaat islep shıǵarıwı qanshaǵa ósti?
2023- jıldıń yanvar-sentyabr aylarında Qońırat rayonınıń sanaat islep shıǵarıw kólemi 935,8 mlrd. somdı qurap, 2022- jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda òsim pàti 115,1 % ke òsken.

@qongiratrkuz
Qońırat rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi

2023-jıldıń yanvar-sentyabr aylarında Qońırat rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi 1250,3 mlrd. somdı quradı. Ósiw páti ótken jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 100,1% ti quradı.‌‌

@qongiratrkuz