QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
⚡️Қоңырат районында пахта-жыйын терими жумысларына пәт ендирилмекте.

Бүгин  атызларымызда дийханларымыз тәрепинен жыл даўамында исленген мийнеттиң жемиси -топланған"ақ алтын"ның бир де ханасын зая етпей ел телегине тапсырыўға асыққан теримшилерге қалалы көмекшилер де жәрдем қолын созбақта.

"Қоңырат","Темир жол","Наўайы","Гүлабад","Азатлық"
МПЖ белсендилери тәрепинен пахтакешлерге  "ҳармасын"айтылып,алдыңғы теримшилер саўғалар менен хошаметленди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
❗️Ҳүрметли районымыз турғынлары!

  Журтымыздың атызларында пахта жыйым-терими ҳәўиж алмақта. Далаларымызда белгиленген режени артығы менен қаплайтуғын дәрежеде мол зүрәәт жетистирилди. Ендиги  ўазыйпамыз, машақатлы мийнет есесине жетистирилген өнимди  жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай жыйнап алыў - Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы ушын жан күйдиретуғын ҳәр бир пуқараның әдиўли миннетине айланыўы тийис.

Әзийз Қоңыратлылар!

Атызларда шағаладай болып ашылған аппақ пахталар сизиң ырысқы-несийбеңиз!Шаңарағыңыз ушын мол ҳәм ҳадал дәрамат дереги!

Теримшилер ушын арнаўлы автотранспортлар ажыратылып,атыз басларында зәрүрли шараятлар жаратылған.Терим пуллары сол күнниң өзинде 1кг пахта ушын 1500 сумнан берилмекте.

Елимиз қырманына үлес қосып,мол дәрамат тапқыңыз келсе,өзлериңиз жасап атырған аймақтағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларына хабарласыўыңызға болады.

Пахта теримине байланыслы сораўларыңыз болса жыйын-терим штабына қоңыраў етиўиңиз мүмкин:

Тел: 
+998935400192


@qongiratrkuz
Давлатимиз раҳбари “Яшил макон” лойиҳаси доирасида кузги дарахт экиш мавсумини бошлаб берди. Чилонзор туманидаги Оқтепа ва Боғзор маҳаллаларига ташрифи чоғида жамоатчилик билан бирга кўчат экди.

Глава государства дал старт осеннему сезону посадки деревьев в рамках проекта "Яшил макон", посадив вместе с общественностью саженцы в ходе посещения махаллей Октепа и Богзор Чиланзарского района.

#Mirziyoyev #tanishuv #mahalla #Yashilmakon

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Байрамыңыз_қутлы_болсын

❗️15 октябрь– Халық аралық аўыл ҳаяллары күни!

⚡️БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги "Аўыллық аймақларда ҳаяллардың аҳўалын жақсылаў"ҳаққындағы резолюциясына муўапық 15-октябрь -"Халық аралық аўыл ҳаяллары күни"деп жәрияланған болып, бул сәне журтымыз бойлап кең түрде белгиленип келинбекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Paxta_2023
#Pidayı_jaslar
#Qońırat
#Xоrezm_APJ

📌Qońırat rayonı "Xоrezm" APJ aymaǵında "Qońırat paxta klaster"de Jaslar isleri agentligi Qońırat rayonlıq bólimi tárepinen  “Jas terimshi ” joybarı shólkemlestirildi.
Joybarda Pidayı jaslar otryadında belsendilik kórsetip, mámleket qırmanına óz úleslerin qosıp atırǵan aldıńǵı terimshi jaslarǵa qimbat bahalı sawǵalar tapsırıldı.

@qongiratrkuz