Халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў баслы ўазыйпа
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы азық-аўқат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Айтып өтиў керек, дийқан базарлары бүгинги күнде халықты биринши дәрежели азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тараўлардың бири болып есапланады. Бирақ, Нөкис қаласы, Шымбай, Манғыт дийқан базары жәмийетлери тәрепинен айырым өнимлерди сатыў ушын фермер хожалықларына саўда дуканлары қурылмаған. Буннан тысқары, бир неше дийқан базарлары тәрепинен халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар орынланбаған.
Республикамыз аймағындағы базарларда күнделикли азық-аўқат ѳнимлери баҳасының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде турақлы түрде саўда ярмаркалары шѳлкемлестирилип келинбекте. Бирақ, айырым дийқан базарларында аўыл хожалық ѳнимлери қымбат баҳаларда сатылмақда.
Өткерилген ушырасыўда республика дийқан базарлары жанында шѳлкемлестирилген өнимлерди таярлаў, сақлаў кәрханаларына базарлардағы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша ажыратылған қаржылар есабынан өнимлер резервин жаратыў илажлары алып барылып атырғанлығы, музлатқыш ҳәм қоймаханаларды нәтийжели шөлкемлестириў кереклиги, буннан тысқары, шет елден өним сатып алып келиў ушын кредит қаржыларын ажыратыў илажлары да көрилип атырғанлығы атап өтилди.
Ушырасыўда сондай-ақ, базарларды тәртиплестириў, саўда расталары санын көбейтиў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарларға қолайлы шараятлар жаратыў, қыстың қыраўлы ҳәм жаўын-шашынлы күнлеринде де хызмет етиўши орынларды қурыў мәселелери көтерилди.
Соның менен бирге, онда Нөкис қаласы, Шымбай ҳәм Әмиўдәря районындағы базарлар қатаң сынға алынып, бул орынлардағы машқалаларды тез пурсатта шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

#пахта_2023
Бүгин Қоңырат районы "Қоңырат"АПЖ, Агрохызмет массивиндеги"MUSTAQILLIK" фермер хожалығында 2023-жыл ушын жетистирилген пахта зүрәәтин зая етпестен,жыйнап-терип алыў бойынша көргизбели семинар болып өтти.Семинарға район
аўылхожалығы тараўы ўәкиллери,пахташылық кластери,мәҳәлле белсендилери ҳәм терим отрядлары баслықлары қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Сағындық Турманов,район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Сейтмуратов ҳәм басқалар сөзге шығып,дийханларымыздың жыл бойы мийнетиниң жемиси болған ақ алтынның бир де ханасын зая етпей ел телегине тапсырыў,жыйын-терим мапазын халық ушын дәрамат мәўсимине айналдырыў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти.
Быйыл район бойынша пахташылық пенен шуғылланатуғын 133 фермер хожалықларындағы 4700 гектар майданнан мәмлекетке 11280 тонна пахта шийки затын тапсырыў режелестирилген.Жыйын-терим мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў ушын 42 отряд дүзилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#пахта_2023
Бүгин Қоңырат районы "Қоңырат"АПЖ, Агрохызмет массивиндеги"MUSTAQILLIK" фермер хожалығында район дийханлары тәрепинен 2023-жыл ушын жетистирилген пахта зүрәәтин зая етпестен,жыйнап-терип алыў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!
Қарақалпақстан Республикасы аймағында 10-11-сентябрь күнлери ескен күшли самал себепли тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериўши ҳаўа электр узатыў тармақларында сымлардың үзилиўи себебинен авариялық өшиўлер жүз берди. Нәтийжеде электр энергиясы тәмийнатында үзилислер келип шықты. «ҲЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы авариялық хызмети тәрепинен барлық қала ҳәм районларында насазлықларды сапластырыў жумыслары алып барылмақта.
«ҲЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы баспасөз хызмети
@qongiratrkuz

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәр бир мәҳәлле ушын ажыратылған 500 млн сум қаржы тийкарында машқалалар өз шешимин табады
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы бүгинги күнде республикамыз турмысын жақсылаўға қаратылған қарарлар ҳәм пәрманларда өз сәўлесин таўып атыр. Жақын қысқа ўақыт ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын бир неше нызам ҳүжжетлери қабыл етилди.
Соның менен бирге мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған бағдарламалардың орынланыўы ҳәмде бар болған машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин қаржылық жақтан тәмийинлеў мақсетинде республикамыздағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылды.
Бул ажыратылып атырған қаржылар мәҳәлле белсендилери менен көше бийлериниң қадағалаўында аймақта жасаўшы пуқаралардың усыныслары тийкарында жумсалады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Kiyim islep shıǵarıw sanaatı
⚡️ 2023- jıldıń yanvar-iyul aylarında Qaraqalpaqstan Respublikasında islep shıǵarılatuǵın sanaat ónimleri quramında kiyim islep shıǵarıwdıń úlesi 1,4 % ti quraǵan. Al, fizikalıq kólem indeksi 92,6 % ti quraǵan bolsa, islep shıǵarıw kólemi 107,9 mlrd. somdı quradı.
Aǵza bolıń:⤵️
➡️@qongiratrkuz

Енди Қоңыратта жетистирилетуғын мийýелер қатарынан Ҳинд анары да орын алды.
Қоңырат әзелден бағманлар ели.Үй алды қыйтақ жерлерине мийýeниң әлýан түрлеринен егип,базарлардың молшылығына үлес қосып отыр.
Жүзим,алма,анар,әнжир,алмурт,
ерик,шабдалы,қәрели...Енди бул мийýелер қатарынан Мomordika -яғный,ҳинд анары(араб анары,қытай қаýыны,сары қыяр деп те айтады) да орын алды.Бул экзотикалық өсимлик болып,оның палыз яки мийýе екенлигин анықлаý қыйын.Бирақ,алымлардың анықлаýынша,бул өсимликтиң инсан организмине пайдалы төреплери көп.Оның қурамында қантлы диабет,қан басымы,онкологиялық кеселликлерге қарсы нәтийжели гүресетуғын элементлер бар екенлиги айтылмақта...
Демек,Қоңыратлы қыйтақ жер ийелери Қарақалпақстан телеканалы нәзеринде.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️"Миллий гүрес"бойынша "Қоңырат районы прокуроры кубоги " жарысларынан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстандағы ҳәр бир мәҳәллеге ажыратылған қаржылар тийкарында машқалалар өз шешимин табады
Жақында Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстандағы ҳәр бир мәҳәллеге 500 миллион сумнан қаржы ажыратып берилди. Бул өз гезегинде республикамыз бойынша кең түрде мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың даўамы болып, орынлардағы еле де шешимин күтип турған машқалаларды сол мәҳәллениң өзинде көтерип, орнында шешимин табыўға имканият жаратып берди.
Бүгинги күнде мәҳәлле баслықлары, белсендилер ҳәм көше бийлериниң басшылығында мәселелер белгилеп алынып, ҳәр бир сум қаржының мақсетли жумсалыўы қадағалаўға алынған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Жақында Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстандағы ҳәр бир мәҳәллеге 500 миллион сумнан қаржы ажыратып берилди. Бул өз гезегинде республикамыз бойынша кең түрде мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың даўамы болып, орынлардағы еле де шешимин күтип турған машқалаларды сол мәҳәллениң өзинде көтерип, орнында шешимин табыўға имканият жаратып берди.
Бүгинги күнде мәҳәлле баслықлары, белсендилер ҳәм көше бийлериниң басшылығында мәселелер белгилеп алынып, ҳәр бир сум қаржының мақсетли жумсалыўы қадағалаўға алынған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from UzA | Tezkor xabarlar
Аҳоли учун электр нархи ҳам ошадими?
Бу саволга энергетика вазири Жўрабек Мирзамаҳмудов жавоб берди.
“Ҳозир эълон қилинган лойиҳада фақат юридик шахслар учун янги тарифлар белгиланиши назарда тутилган, лекин аҳоли учун нархлар ўзгартирилмаяпти.
Аҳоли учун табақалаштирилган тарифларни белгилашдан олдин биз энг аввало узлуксиз электр энергияси етказиб беришни таъминлашимиз керак. Яъни нарх ошсаю, лекин яна электрда узилиш бўлаверса, аҳолининг ҳақли эътирозларига сабаб бўлади. Шу сабабли биз ҳозирда генерацияларни ошириш, тармоқларни модернизация қилиш ишларини жадаллаштиряпмиз.
Агар узлуксиз электр етказиб беришни таъминлай олсакгина, аҳоли учун электр энергиясида табақалаштирилган тарифларни 2024 йилнинг 1 майидан жорий қилиш бўйича лойиҳани Ҳукуматга киритишни режалаштиряпмиз. Лекин бу айнан шу кундан нарх ошади, дегани эмас, ҳозирча барчаси лойиҳа холос.
Табақалаштирилган тариф деганда белгиланган “ижтимоий норма”дан кўп электр истеъмол қилаётган, айтайлик уйида бассейни, саунаси, кўплаб маиший техникалари бор хонадонлар, яъни нисбий олганда бой ва ўзига тўқ хонадонлар учун нарх ошади, дегани. Ҳозир аҳолининг 15 фоизи ойига 300 kW•соатдан ортиқ электр энергиясини истеъмол қилади. 75 фоиз аҳолининг истеъмоли эса 200 kW•соатдан ошмайди”, — деди энергетика вазири.
Каналга уланиш:
➖@uzauz

Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Qizil qum" mákan puqaralar jıyını aymaǵında ishimlik suw tarmaqları jańalanbaqta.
Joqarǵı Keńes Baslıǵı Amanbay Orınbaev tárepinen orınlarda ótkerilgen kóshpeli qabıllawlarda bildirilgen múrájatlar, kóshe biyleriniń kótergen máseleleri tiykarında Prezidentimiz tárepinen Qaraqalpaqstan Respublikası ushın 329,7 mlrd. sum qarjı ajıratılǵan edi. Bul qarjılar tiykarında máhállelerdegi infrastruktura obyektlerinde qurılıs-ońlaw jumısları alıp barılıp atır.
Nókis qalası Qizil qum mákan puqaralar jıyını aymaǵındaǵı Nókis haqıyqatı kóshesine 230 metr ishimlik suw tarmaqlarınada rekonstrukciya jumısları alıp barılmaqta hám 23 xojalıqtıń ishimlik suw tarmaqları jańalanbaqta.
Каналға ағза болыў