QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.8K subscribers
47.6K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
August 19, 2023
August 19, 2023
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
August 19, 2023
August 19, 2023
August 19, 2023
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Исбилерменлер күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бүгинги күнде оғада əҳмийетли болған, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша турмысқа енгизилип атырған басламалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти. 

Жақында, 8-август күни “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы 129-санлы және бир тарийхый Президент Пәрманы қабыл етилди.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы тарийхый Пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылды.

Өткерилген байрам салтанатында мине усындай исбилерменлер ушын жаратылған кең имканиятлар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, берилген жеңилликлер ҳәм усы тийкарда елимизде бизнес орталығы жақсыланып, исбилерменлер саны көбейип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.

Байрам илажында ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманлары тийкарында сыйлықланған Мойнақ районындағы «Mойнақ Tур» жәмийетиниң директоры Амина Бекжановаға «Дўстлик» ордени, Нөкис районындағы «Нукус Агро Фиш Кластер» кәрханасының баслығы Қаллибек Примбетовқа «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, 6 белсенди исбилерменлеримизге “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.

Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
August 19, 2023
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президентимиздиң басшылығында болып өткен ушырасыўда белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў ҳәм елимизде исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларына шешим табыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде исбилерменлер менен туўрыдан-туўры ислесиў бойынша арнаўлы сектор өз жумысын баслады.

Атамурат Шамуратов-жаңадан дүзилген сектор баслығы лаўазымына тайынланды.

А.Шамуратов усы күнге шекем Экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри орынбасары лаўазымында ислеп келген.

Буннан тысқары, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жəрдем көрсетиў, ушырасып атырған мəселе ҳəм машқалаларды өз ўақтында шешиў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменликти раўажландырыў мəселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымы енгизилмекте.

Жолдасбай Есмурзаев Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменликти раўажландырыў мəселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды. Ж.Есмурзаев республикамызға белгили исбилерменлердиң бири есапланады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
August 19, 2023