QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
🌳"Мыңжарған"мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Жумабай аға Бекбаулиев та үй алды қыйтақ жерин ықшам пайызлы бағқа айналдырған бағман аталарымыздың бири.
-"Жақсыдан бағ қалады",-дейди дана халқымыз.Сол айтқандай,бағ жетистирсек,буның шаңарағымызға да,қоршаған орталыққа да пайдасы көп.Ақлықларыңа теректен үзип алып жегизсең,кеште саясында дем алып отырсаң,буннан артық пайыз-берекет бар ма?",-дейди жасы 73 ти қарсылаған нураный атамыз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Online
#абаданластырыý_айлығы

🌳 30-июль - 30-август күнлери Республикамыз бойлап "Абаданластырыý aйлығы" өткерилмекте.
Қоңырат районындағы "Түркистан"мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары да көше бийлериниң басшылығында абаданластырыý жумысларына белсене қатнаспақта.Аймақтағы көшелер, ҳәýлилер әтирапларында тазалық ислери алып барылмақта.
   
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
😕 Siz sawda tarawında isleysiz, biraq SATIW SISTEMASI tuwralı;

☹️ TAZA KLIENTLERDIÑ itibarın qalay tartıwdı bilmeysiz be?

Bul mashqala emes! Sebebi sizdi

🗓 21-avgust 16:00 de
📍 QOÑIRAT rayonı, MÁDENIYAT sarayında bolıp ótetuģın

🔥SAWDA KÓLEMIN ASIRIW🔥 atlı BIYPUL treningimizge mirát etemiz!

Bul treningde siz tómendegi maģlıwmatlardı alasız:

◽️ Nátiyjeli biznes strategiyalar;
◽️ Sawdanı optimallastırıw;
◽️ Klientler bazasın kóbeytiw;
◽️ Óziñizdi qızıqtırģan sorawlarģa juwap
.

💼💪 Bizge qosılıń hám tabıs tárepke sayaxatıńızdı baslań!

👉 DIZIMNEN ÓTIŃ 👈

📞+998 (97) 359 22 29

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қыйтақ жер-дәрамат дереги

🌳 Қоңырат районының географиялық жайласыýы ,топырағының өнимдарлығы ,қала берсе,хәзирети дийханларымыздың жердиң тилин түсинип,түрли егинлерден мол зүрәәт топлаýдың әдисин билиýи жылдың төрт паслында да дийханшылық етиýге имкан береди. Бул имканиятлардан өнимли пайдаланып атырған заманласларымыздың турмысы ҳәмийше абадан,дәстурханында молшылық,шаңарағында пайыз-берекет. Дүзелбай aға Садыков
жасы 70 ти қарсылағанына қарамастан үй алды қыйтақ жерин пайызлы бағқа-шаңарағының тийкарғы дәрамат дерегине айналдырып қойыпты. Жүзим,алма,әнжир,анар,
ғоза қулласы Дүзелбай ағаның бағынан қандай мийýе түри болса табылады.Жүзимниң жақсы,суýыққа шыдамлы сортларынан нәл жетистирип,базарға шығарады.
Қоңыраттың ықлым шараяты кескин болыýы дийханшылыққа кери тәсири көп деген пикирлерди Дүзел аға Садыков тән алмайды.Ол "мийнет етсең,хәмме нәрсениң илажы бар,тек ýақтында сyý келип турса болғаны "деп есаплайды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Билесизбе

Пуқараларға пенсия тайынланыýында I топар майыбына яки 18 жасқа шекем болған майыплылығы болған балаға сондай -ақ ,өзгелердиң күтимине мүтәж болған (емлеý мекемесиниң жуýмағына көре)80 жасқа толған кекселерге қарап турылған ýақыт жумыс стажына қосып есапланады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ҒӘРЕЗСИЗЛИК МАЙДАНЫНДА ОРЫНЛЫҚЛАР ҲӘМ ШЫҒЫНДЫ ТАСЛАЎ ҚУТЫЛАРЫ ОРНАТЫЛАДЫ

⚡️Бүгинги күнде район халқы ушын ылайықлы шараятлар жаратыý,инфраструктура
жағдайын жақсылаý мақсетинде Қоңырат районында да бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен район ҳәкимлиги имараты алдындағы Ғәрезсизлик майданында да халықтың дем алыýы ушын қолайлылықлар жаратылады.Дем алыý орынлықлары,шығынды таслаý yшын арнаýлы қутылар орнатылады.Бул халқымыздың байрамды жоқары кейпиятта күтип алыýында,журтымыздың пәраýанлығын тәмийнлеýде үлкен әҳмийетке ийе.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Исбилерменлер күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бүгинги күнде оғада əҳмийетли болған, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша турмысқа енгизилип атырған басламалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти. 

Жақында, 8-август күни “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы 129-санлы және бир тарийхый Президент Пәрманы қабыл етилди.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы тарийхый Пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылды.

Өткерилген байрам салтанатында мине усындай исбилерменлер ушын жаратылған кең имканиятлар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, берилген жеңилликлер ҳәм усы тийкарда елимизде бизнес орталығы жақсыланып, исбилерменлер саны көбейип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.

Байрам илажында ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманлары тийкарында сыйлықланған Мойнақ районындағы «Mойнақ Tур» жәмийетиниң директоры Амина Бекжановаға «Дўстлик» ордени, Нөкис районындағы «Нукус Агро Фиш Кластер» кәрханасының баслығы Қаллибек Примбетовқа «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, 6 белсенди исбилерменлеримизге “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.

Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM