QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
50.1K photos
5.4K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
#Билесизбе

Бирлемши медициналық-санитария мекемелеринде жумыс алып барып атырған шыпакерлер айлық ис ҳақысына қосымша ҳәр айлық үстеме төленетуғын алыс ҳәм шетки аймақлар дизими тастыйықланған.

❗️Бул аймақларда жумыс ислеп атырған барлық шыпакерлер айлық ис ҳақысына қосымша 2 миллион сўм муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди ҳәм оларға ипотека тийкарында үй-жай сатып алыýда үй-жай баҳасының 50 % ине шекемги бөлеги,бирақ БЕМ ның 500 есесинен(150 млн сўмнан)аспаған муғдарда қаплап бериледи.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
⚡️Qaraqalpaqstan Respublikasında islep shıǵarılǵan jalpı aymaqlıq ónim

Dáslepki maǵlıwmatlarǵa kóre, 2023- jıldıń yanvar-iyun aylarında Qaraqalpaqstan Respublikası boyınsha jalpı aymaqlıq ónim kólemi ámeldegi bahalarda 13 635,1 mlrd. somdı quradı hám 2022- jıldıń yanvar-iyun ayları menen salıstırǵanda ózgerissiz qaldı. JAÓ deflyator indeksi 2022 – jıldıń yanvar-iyundaǵı bahalarǵa salıstırǵanda 104,5 % ti quradı.

Qońırat rayonı
hákimliginiń Málimleme xızmeti
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
2023- jıldıń yanvar-iyun ayları juwmaqlarına kóre Qaraqalpaqstan Respublikasında xalıq jan basına jalpı aymaqlıq ónim qanshanı quradı?
2023- jıldıń yanvar-iyun ayları juwmaqlarına kóre, Qaraqalpaqstan Respublikasında xalıq jan basına esaplanǵan jalpı aymaqlıq ónim kólemi 6 881, 2 mıń somdı quradı.

Qońırat rayonı
hákimliginiń Málimleme xızmeti
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
💠Қоңырат районы Мәденият бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 32-жыллық байрамына таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар қурылысшылар ҳәм исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бир қатар бағдарларда кесип алып ислеўшилер, тәмийнатшы кәрханалар ҳәм исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 10-апрельдеги қарарына тийкар социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында модернизациялаў ҳәм көмирге өткериў мәселелери қарап шығылды. Бул бағдарда айырым кемшиликлер сынға алынды.

Белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели алып барыў бойынша бүгинги күнде көмир қорлары жаратылып, тийисли орынларда резервлер жайластырылған. Бүгинги күнде социаллық тараў объектлерине жергиликли көмирди жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилип, жеткерип берилген. Буннан басқа, жеке шерикликлер ушын талап етилетуғын көмирлерди алып келиў режелестирилген.

Ушырасыў даўамында көп квартиралы үйлерде ҳәм әтирапларында алып барылыўы керек қурылыс жумыслары ҳаққында атап өтилди. Айтып өтиўимиз керек, Президенимиздиң 2021-жыл 19-июньдағы ПҚ-5152-санлы қарары тийкарында быйылғы жылда жәми 57 объектте қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 45,7 млрд. сумлық қаржы ажырытылған.

Бул ажыратылған қаржылар есабынан 44 объектте 421 көп квартиралы турақ-жайларды капитал ҳәм жеңил оңлаў, 13 объектте 114 көп квартиралы турақ-жайлардың аймақларын абаданластырыў жумысларын алып барыў белгиленген.

Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс кәрханаларына көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилериниң тиккелей басламасы тийкарында ажыратылған қаржыны нәтийжели ҳәм өз орнында жумсаў, олардың турақлы қадағалаўында алып барылатуғын жумыслар, әлбетте, халқымыз күткендей әмелге асырылыўы керек екенлигин айрықша атап өтти. 

Ушырасыў даўамында бир қатар қурылысшылар ҳәм кәрхана басшылары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
💪Qońırat rayonı jasları, bul posttı ótkerip jibermeń!

2023-jıl 25-avgust kúni IT Park hám Qońırat rayonı hákimligi menen birgelikte Qońırat jasları ushın Ideathon startap tańlawı shólkemlestirilmekte

ℹ️ Ideathon - keleshekte óz texnologiyalıq biznesińizdi jaratıw ushın bir kún ishinde ideyanı oylap tabıw hám onı minimal turmıslıq ónimge aylandırıw imkaniyatın beretuǵın ilaj.

Ideathonda 18 jastan joqarı hár bir jas tómendegi jónelisler boyınsha qatnasıwı múmkin:

▫️Den sawlıqtı saqlaw hám ekologiya ;
▫️Finans-ekonomika hám xalıqtıń bántligin támiyinlew;
▫️ Awıl hám suw xojalıǵı ;
▫️Transport, bilimlendiriw hám turizm
▫️Qurılıs, energetika hám robototexnika

Dizimnen ótiw ushın silteme: https://forms.gle/CHxdvpK8joSnGfsV9

Baylanıs ushın:+998 99 048 11 99
Startap Menedjer:+998 99 454 11 96
Qonirat Menedjer:+998 99 700 27 44

Telegram | Instagram | YouTube
Facebook | Biz benen baylanıs
#жақсы_хабарлар

"Әдебий Азия-2023" халық аралық таңлаýында Қоңыратлы шайыр қыз Зүльфия Жийемуратова 1-орынды жеңип алды.
Қутлықлаймыз,дөретиўшилик жумысларында табыс тилеймиз!
💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Аль-Малик аз-Захир Рукн ад-дунийа ва-д-дин
Султан Бейбарыс

#ТОЛҒАНЫСЫ


Әкем Жамақ, анам Әйнек руўым Берш-Елбарлы,
"Еки рең"ли көзден аққан жастан жузим қуўарды,
Балгарларға қуллық күним балалықты туўарды,
Сындырмастан сақлап қалды... жолбарыс руўҳ қанымда.

Дамашққа палақманның тасы яңлы атылдым,
Мәмлюклердиң Әмирине қулы болып сатылдым,
Әке орнын басқан инсан, тәкирарладым, атын мың,
Ала ад-динь Айтегин аль Бундуклардың жанында.

Мәмлюклердиң сап ҳужданы, ары баслы намысы,
Өзгелерди наҳақ жағып, жанбаған ҳеш "қамыс"*ы,
Египетти он жети жыл қорғап- руўҳ жолбарысы,
Қуръан менен динин қорғаў болды мүслим қанында.

(*үйлер көбинше қапа-қамыстан болған)

Мәмлекеттиң қорғанышын нығайттым ҳәм көркейттим,
Уллы даңқын Европадан та, Шығысқа үлкейттим,
Үмбетиме көз алартса шердей терим үрпейттим,
Халқым болды, елим болды, арымда бар, жанымда.

Солай сүйдим, Аллаҳ таълам ҳақсүний* деп сүйгендей,
Ел шуўласа ҳеш бир бенде күймес, жаным күйгендей,
Халық сақлар, журегиниң бир мушына түйгендей,
Бир ақ сүтти емген яңлы, бинәдай бир қарында.

(*Иләҳий қудирет пенен жаратылған)

"Уллы дәстан тарийхында жазылып ат-жолбарыс,
Бас ураны, Пайғәмберден мусылманлық ар-намыс,
Бахрит династиясынан, мамлюк султан Бейбарыс"-
-Деп сегиз жүз жыллық тойым тойлар урпақ жанымда.

Мен Бейбарыс,мен жолбарыс, сақладым үрип-салтымды,
Жаман емес, жақсылықтан тараттым өз даңқымды,
Арқамнан тас атқанға да туттым нан, суў,қантымды,
Себеп Қыпшақ қаны ағар қайнаўытлы қанымда.

Зульфия Жийемуратова
Қарақалпақстан, Қоңырат

⚡️Танлаýда 1-орынды алған қосық

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz