QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.8K photos
4.95K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
Ҳүрметли Қурылыс тараўы хызметкерлери,
Қәдирли келешегимиз қурыўшылары!


Ең дәслеп, мәмлекетимизде кең түрде белгиленип атырған Қурылыс тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен бәрше тараў пидайылары ҳәм мийнет ветеранларын қызғын қутлықлаймыз. 

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде сиз әзизлер, шебер қурылысшылар, инженер-механиклер, машина-механизмлерди басқарып атырған пидайы инсанлар, жойбарлаўшы-дизайнерлер, қурылыс санааты ўәкиллериниң тутқан орны айрықша.

Сизлердиң тымсалыңызда қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде жаңа ислеп шығарыў кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, заманагөй үй-жайлар, жол ҳәм көпирлерди қурып, турмысымызды еле де абат етиўге үлкен үлес қосып атырған кеңпейил кәсип ийелерин көремиз. 

Мийнеткеш халқымыз барқулла сизлердиң машақатлы соның менен бирге, мақтанышлы мийнетлериңизди жоқары баҳалайды.

Сиз әзизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, шаңарағыңызға аманлық ҳәм тынышлық, қут-берекет тилеп қаламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси



Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президент Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон қурилиш соҳаси ходимларига табриги

Поздравление Президента Шавката Мирзиёева работникам сферы строительства Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
⚡️ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ БЕКЗОД БАҲОДИРОВИЧ МАДАМИНОВТЫҢ ҚУРЫЛЫС ТАРАЎЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ КҮНИ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Әзийз дослар!
Ҳүрметли қурылысшылар!
Бәршемизге мәлим,август айының екинши екшембиси елимизде  Қурылыс тараýы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленеди.Сол мүнәсибет пенен Сиз,қәдирданларды-мәмлекетимиздиң қурылыс тараýын раýажландырыýға ылайықлы үлес қосып киятырған барлық журтласларымызды бүгинги кәсиплик байрамыңыз -Қурылыс тараýы хызметкерлери күни менен шын кеýилден қутлықлайман!
Бул қутлы сәнеде сизлерге өзимниң атымнан,районымыз белсендилери атынан ең ийги тилеклерди ҳәм терең миннетдаршылық билдиремен!
Соны айрықша атап өтиýимиз керек,пүткил мәмлекетимиздеги жаңаланыýлар киби,қурылыс тараýы да раýажланыýдың жаңа басқышына көтерилмекте.
Елимиз экономикасында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар,жәмийетлик турмысымыздағы үлкен өзгерислер,"Абат аýыл","Абат мәҳалле",Үлгили жойбардағы үй-жайлар қурыý,"Жаңа Өзбекстан"массивлерин жарaтыýда,Инвестиция бағдарламаларын әмелге асырыýда белгилеп алған ýазыйпаларымыз улыýма жаңаша тәризде  заманагөй технология
заманагөй технологиялар ҳәм инновация жетискенликлери тийкарында шөлкемлестириýди талап етпекте.
Халқымыздың турмыс абаданлығын асырыýда Сизлердиң ийгиликли жумысларыңыз ҳаққында айтатуғын болсақ,елатлы пунктлер,үй-жайлар,түрли имаратлар менен бирге аймақларда инфраструктура объектлери,саýда ҳәм хызмeт көрсетиý шақапшалары,билимлендириý,мәденият орайлары,медицина мекемелери,жаңа спорт ҳәм балалар майданшалары қурылып атырғанлығын мақтаныш пенен тилге алыý лазым .
Районымызда ишки жолларды оңлаý,ишимлик суý ,электр тармақларын жаңадан тартыý жумыслары жедел пәтлер менен алып барылмақта
Мен исенемен,қолы гүл,жигерли қурылысшыларымыз бар билим ҳәм тәжирийбеси,күш ҳәм имканиятларын иске салып,бундай уллы ýазыйпаларды,әлбетте,мақтаныш пенен атқарады.
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман,бәршеңизге беккем ден саýлық,шаңарақларыңызға пайыз-берекет тилеймен!
Елимиздиң абатлығы,халқымыздың абаданлығы жолында алып барып втырған қайырлы ислериңизде хәмийше жетискенликлер,табыслар бола берсин,әзийзлер!

@qongiratrkuz
#Onlıne

⚡️Қоңырат районы аймағындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тиклениўши энергия қуяш панеллеринен пайдаланыў нәтийжели жолға қойылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
#Onlıne ⚡️Қоңырат районы аймағындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тиклениўши энергия қуяш панеллеринен пайдаланыў нәтийжели жолға қойылмақта. Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети 👉@qongiratrkuz
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 16-февральдағы «2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында районымыздағы бир қатар мекеме, шөлкем ҳәм кәрханалар,исбилерменлик субъектлериниң төбесине қуяш панеллери орнатылмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
➡️@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Шаңарағына қуяш панеллери ҳәм қуяш суý ысытыý cистемаларын орнатқан пуқараларға қандай жеңилликлер бар?
Электр энергиясы жетиспеýшилиги жүзеге келген ҳәзирги ýақытта қуяш энергиясынан пайдаланыýдың қандай абзаллықлары бар екенлиги ҳаққында билип алың.‌‌

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
❗️12-август күни өткерилген тест сынағы нәтийжелери жәрияланды

Абитуриентлер өз нәтийжелерин 3 түрли усылда билип алыўы мүмкин:

1️⃣ my.uzbmb.uz сайтының “Нәтийжени алыў” бөлими арқалы;

2️⃣ mandat.uzbmb.uz сайты арқалы;

3️⃣ Төмендеги телеграм ботлар арқалы:

@e_dtm_mandatbot
@e_dtm_mandat1bot
@e_dtm_mandat2bot
@e_dtm_mandat3bot
@e_dtm_mandat4bot

Telegram | Instagram | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"ЖАҢА ТУРМЫС УШЫН, ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН УШЫН!"

Усы сүрен астында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы алдынан"Қаңлы"аýыл пуқаралар жыйынында 5445 халыққа хызмет ететуғын шаңарақлық поликлиника пайдаланыýға тапсырылды.
Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалы"Хабар"
бағдарламасында.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
❗️Рәсмий: Өзбекстандағы барлық мектеплерде Face ID системалары ҳәм даўыслы камералар орнатылады

⚡️“Қәўипсиз мектеп” системасы шеңберинде 2025-жыл 1-сентябрьге шекем барлық мектеплерде биометрикалық ҳәм даўыслы идентификация камералары орнатылады.

Бул система оқыўшылардың өзлестириўлерин бақлаў,  олар арасында жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде ислеп шығылады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

❗️2023-жыл 14-август күни "Наýaйы" мәкан пуқаралар жыйыны  аймағында 555-санлы трансформатор пунктинде, "Бостан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 90-санлы трансформатор пунктинде киши оңлаý жумыслары, "Санаат", "Ҳәким ата" мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы тармақларда ири оңлаý жумыслары алып барылыýына байланыслы саат 09:00ден баслап 18:00 аралығында электр энергиясы менен тәмийнлениý ýақтынша тоқтатылады.

Қоңырат районы Электр тармақлары кәрханасы

@qongiratrkuz
#Тайынлаў

Султанов Рустам Бегдуллаевич Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри лаўазымына тайынланды.

Р.Султанов
усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы акционерлик-коммерциялық Халық банки, Мәмлекетлик акционерлик – коммерциялық «Асакабанки» ҳәм Өзбекстан Республикасы Есап палатасында жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

Мағлыўмат орнында, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри лаўазымында усы күнге шекем жумыс ислеп келген Махмуд Содиков өз арзасына бола ийелеп турған лаўазымынан босатылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter