QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.18K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
⚡️😷 2020-жыл 13-апрель саат
23:00 ҳалатына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслар саны 998 ке жетти.

🔷85 наўқас бул инфекциядан толық емленди

ҮЙДЕ ҚАЛЫҢ !

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Forwarded from Times.uz
2020 йил 14 апрель соат 10:00 ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 1054 нафарни ташкил қилмоқда.

---------------------------------

По состоянию на 14 апреля 2020 года 10:00 часов в Узбекистане число случаев заражения коронавирусной инфекцией составляет 1054.

Манба: @ssvuz

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
Forwarded from Times.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Ўзбекистон Мусулмонлари идораси Уламолар кенгаши карантин даврида Рамазон ойини қандай ўтказиш бўйича баёнот берди

Уламолар кенгаши юртимиз мусулмонларини Рамазон ойидаги ҳатму Қуръонлар ва таровеҳ намозларини ўз уйларида, оила аъзолари билан ўтказишга, шунингдек оммавий ифторликлар ўтказмасликка фатво берди.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
Forwarded from Times.uz
🌙 Рамазон ойида кўзда тутилган диний маросимлар сабабли карантин талаблари бузилишининг олдини олиш мақсадида Ўзбекистон мусулмонлари идораси Уламолар кенгаши барча мусулмонларни қуйидаги кўрсатмаларга қатъий риоя қилишга чақиради:

〰️〰️〰️〰️

🕌 Рамазон ойида мўмин-мусулмонларимиз таровиҳ намозларини, хатми Қуръонларни ўз оила аъзолари билан хонадонларида ўтказсинлар.

🌐 Ўзбекистон мусулмонлари идораси тизимида фаолият юритаётган қориларнинг хатми Қуръонлари онлайн тарзда амалга оширилиши йўлга қўйилсин.

🙏 Ифторлик савобидан умидвор бўлган саховатпеша мусулмонларимиз ифторлик маросимлари учун мўлжаллаган маблағларини Ҳомийлик хайрияларини мувофиқлаштириш марказлари орқали моддий кўмакка муҳтож оилаларга етказсинлар.

📍Барча мусулмонларимиз қўни-қўшни ва яқин қариндошларни тўплаган ҳолда ифторлик уюштиришлари карантин талабларига зид келиши баробарида Аллоҳ таолонинг ишбошиларга итоат қилиш ҳақидаги Нисо сураси: “Эй, имон келтирганлар! Аллоҳга итоат этингиз, Пайғамбарга ва ўзларингиздан (бўлмиш) бошлиқларга итоат этингиз!..” 59-оятига ҳилоф эканини англашлари лозим.

💰 Закот маблағларини ҳамда фитр ва фидя садақаларини “Вақф” хайрия жамоат фонди ва унинг ҳудудий бўлинмалари ҳисоб рақамларига ёки Ҳомийлик хайрияларини мувофиқлаштириш марказларига топширишлари тавсия этилади.

〰️〰️〰️〰️

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Уламолар кенгашининг Рамазон ойини ўтказиш ҳақидаги баёнотидан

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
Ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Сизге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм басқармалардын рәсмий телеграм каналлары мәнзиллери дизимин усынамыз.
Усы каналларға ағза болың ҳәм Республикамыздағы ең соңғы жаңалықлар менен оператив түрде танысып барың!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси - t.iss.one/QRMinistlerKenesi

Ҳəкимликлер
Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги - t.iss.one/amudarya
Беруний районы ҳәкимлиги - t.iss.one/beruniy_news
Бозатаў районы ҳәкимлиги - t.iss.one/bozataw_uz
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги - t.iss.one/kanlikulnews
Қараөзек районы ҳәкимлиги - @QaraozekHakimligi
Кегейли районы ҳәкимлиги - @kegeylirkuzofficial
Қоңырат районы ҳәкимлиги - t.iss.one/qongiratrkuz
Нөкис қаласы ҳәкимлиги - t.iss.one/paytaxt_city
Нөкис районы ҳәкимлиги - t.iss.one/Aqmangituz
Тақыятас районы ҳәкимлиги - t.iss.one/taqiyatasrk
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги - t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Төрткүл районы ҳәкимлиги - t.iss.one/turtkulhokim_uz
Хожели районы ҳәкимлиги - t.iss.one/xodjeyli_rk
Шымбай районы ҳәкимлиги - t.iss.one/shimbayrk
Шоманай районы ҳәкимлиги - t.iss.one/shomanay_rayon
Елликқала районы ҳәкимлиги - t.iss.one/ellikqala1977
Мойнақ районы ҳəкимлиги - t.iss.one/MuynakPress

Министрликлер
Ишки ислер министрлиги – t.iss.one/qriim
Турақ жай – коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги - t.iss.one/mjkork
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги - t.iss.one/qrmtv_uz
Мәденият министрлиги - t.iss.one/QQRMadeniyatMinistrligi
Транспорт министрлиги - https://t.iss.one/krmintrans
Дене тарбия ҳәм спорт министрлиги - t.iss.one/qoraqalpoqsport
Әдиллик министрлиги - https://t.iss.one/KRAdillikMinistrligi
Халық билимлендириў министрлиги - t.iss.one/kkeduuz
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги - t.iss.one/miftrk
Қурылыс министрлиги - https://t.iss.one/qurilisministrligi
Аўыл хожалығы министрлиги - t.iss.one/QRagroministy

Комитет, басқарма ҳəм басқа да мəкемелер
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети - t.iss.one/Ecokomuz
Монополияға қарсы гүресиў комитети - @Qrmonopoliya
Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы - https://t.iss.one/tourism_rk
Бажыхана басқармасы - t.iss.one/krbajixana
Ғазнашылық басқармасы – https://t.iss.one/treasuryofrk
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси - t.iss.one/QR_jaslar_awqami

Жоқары оқыў орынлары
Қарақалпақ мәмлекетлик университети – https://t.iss.one/www_karsu_uz
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты – https://t.iss.one/nmpi1934
ТашМАУ Нөкис филиали – t.iss.one/ToshDAU_Nukus_filiali
ТАТУ Нөкис филиалы – @titunf
СамВМИ Нөкис филиалы – t.iss.one/SamVMINukusfilial

Партиялар
“Адолат” СДП ҚР Кеңеси – t.iss.one/adolat_qoraqalpoq
ƟзЛиДеП ҚР Кеңеси – https://t.iss.one/uzlidepqr


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети
https://t.iss.one/QRMinistlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Үйде_қалың

Районымыздағы Абдижамиловлар шаңарағы бос ўақытларынан үнемли пайдаланып, спорт пенен шуғылланбақта.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Бес_баслама_үйде

Районымыздағы 36~санлы улыўма билим бериў мектебиниң 6 Б класс оқыўшысы Қуандыков Сардор атқарыўында қосық.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
"Мийнетабад" АПЖ турғынлары үй алды қыйтақ жерлерин тапқа келтирип хожалық ушын зәрүр болған өнимлерин егип, дийханшылық жумысларын баслап жиберди.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
⚡️Жақсы жаңалық

♦️ Бухара ўалаяты жуғымлы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан емленип атырған 4 наўқастың ден саўлығы толық тикленди. 👏👏

♦️Республикамызда коронавирус инфекциясынан толық емленген пуқаралар саны 89 ға жетти.👏👏

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Пенсия пулларын нақ пулда алыўшы пенсионерлер дыққатына!

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2020


👉 Телеграм каналымызға ағза болыў - https://t.iss.one/QRMinistlerKenesi
https://kknews.uz/kk/56849.html
Мийнет ҳақыларын нақ пулда алыўшылар дыққатына!

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Неге makan.uz журналисти басқаларға ақыл үйретип, өзи ана тилимизди ҳүрмет етпейди?

Жүдә басқаша дәўирде жасап атырмыз. Бүгинги глобалласыў, техника әсири адамларға барлық имканият ҳәм қолайлықлар жаратыў менен бирге оларды ҳәр түрли унамсыз, кейпиятын бузатуғын, ҳәтте оннан да жаман ақыбетлерге алып келетуғын жағдайларға салып қоймақта.

Ҳәзир интернет журналистикасы жедел пәтлер менен раўажланып, халыққа хабар жеткериў бойынша басқа ҒХҚнан әдеўир озып кетти, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул жақсы, әлбетте.

Бирақ, теңгениң екинши тәрепи болғанындай, бүгинги күнде интернет журналистикасында мийнет етип атырған кәсиплеслеримиз хабарды биринши жеткериў бойынша бәсекиге кирисип кетип, көп қәтеликлерге жол қойып атырғаны, қолында смартфоны бар ҳәм интернеттен пайдаланыўды билетуғын ҳәр қандай адам өзин "блогер" деп есаплап, машқаланы көтерген адам болып, ойына не келсе соны жазып жүргени, айырым жағдайларда мәселени толық үйренбей, бир тәрептиң пикири менен екинши бир тәрепти сынға алып, ақыбетте объективлик ҳәм әдиллик принциплерине, журналистлик этика қағыйдаларына, инсаныйлық пазыйлетлерине қайшы келетуғын ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып атырғаны адамды ойландырады.
Блогерлер мәселеси өз алдына. Бирақ, Әдиллик министрлигинен (Мәмлекетлик хызметлер агентлиги) электрон ҒХҚ сыпатында дизимнен өткен, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинен арнаўлы лицензия алған интернет сайтларында хызмет етип атырған кәсиплеслеримиз өзлерине жүкленген ўазыйпаларды, халық алдындағы жуўапкершиликти сезиниўи тийис.

Хабарыңыз бар, жақында makan.uz сайтынан "Рәсмий мағлыўматларды қарақалпақша жәрияласаңыз сизлерге биреў бақыра ма?" деген темада мақала берилди. Оған жуўап ретинде бир топар баспасөз хаткерлери ашық хат та жоллады.

Не ушын екенин билмедим, бирақ көпшилик сол ўақытта бағанағы айтқанымдай мәселени толық үйренбей, эмоцияға берилген ҳалда баспасөз хаткерлерине "ҳүжим етти". Базы журналистлер жүдә қопал сөзлер менен олардың зейнине де тийди.

makan.uz журналистин ана тилимизди қорғаў жолында жәбир шеккен қаҳарманға айландырып, баспасөз хаткерлерин өз ана тилин қәдирлемейтуғын адамлар деп баҳалады.

Сол күни де кәсиплеслеримиз бенен тартысыў, ҳәзир де бүгингидей аўыр жағдайда бул темада жазыў нийетим жоқ еди.

Бирақ сол "тилимиздиң қорғаўшысы" болған makan.uz сайтының журналисти сайтта жәрияланған айырым материалларында ( "Велик пенен жумысқа барыўға болады..." https://t.iss.one/makan_uz/9042,
"Иранлылардың аўышлығын тәкирарламаң. Ямаса, перекись водорода ишкиси келип жүргенлерге"
https://t.iss.one/makan_uz/9024) тилимиздиң тәғдири ҳаққында улыўма ойламағаны, керисинше тил қағыйдаларын қопал тәризде бузғаны, ал оны қоллаўшылар ҳеш болмағанда "Ҳаў жақында ғана тил ҳаққында мақала жазып едиң, енди бул исиң қалай болды? Дурыслап қой!", деп бир аўыз айтпағаны қызық. Демек, "Тилимизди ҳүрмет етиң, деп басқаларға ақыл үйреткен адамның өзи оны ҳүрмет етпеўге ҳақы бар екен дә?!", деген сораўға жуўап табыў мақсетинде пикирлеримди жаздым.
"Иранлылардың аўышлығын тәкирарламаң. Ямаса, перекись водорода ишкиси келип жүргенлерге"
https://t.iss.one/makan_uz/9024 материалында сайт журналисти пүткил бир миллетти "аўыш" деп атағаны жетпегендей, материалда "перекись водорода" (тиккелей русша алынған, оны водород пероксиди ямаса перекиси деп алыў керек), "врач" (бул да русша сөз, қарақалпақшасы шыпакер болады) сыяқлы сөзлерден пайдаланады. Және бир қызық тәрепи, автор материалда келтирген силтемедеги русша материалда иранлылар ҳаққында бирде-бир сөз жоқ. makan.uz дағы материал темасында "иранлылардың аўышлығын" тәкирарламаўға шақырылса да, материал текстинде иранлылардың водород пероксидин ишкенлиги ҳаққында я факт, я бир аўыз сөз таба алмадым. Пикиримше, автор март айында тарқалған иранлылардың коронавирустан емлениў мақсетинде метанол - метил спирти ишиўиниң ақыбетинде жүзлеген адам набыт болғаны ҳаққындағы хабарларды (https://officelife.media/amp_news/15637-in-iran-hundreds-of-people-die-from-methanol-because-of-the-fakes-that-alcohol-cures-coronavirus/) нәзерде тутқан болыўы мүмкин. Бирақ водород пероксиди басқа, метанол басқа. ("Сонда сен водород пероксидин ишиўге болады, дейжақсаң ба?" деп келиспейтуғын сораў бермекши болғанлар дыққатына: яқ, мен буның менен водород пероксидин ишиўге болады демекши емеспен. Мен материалды таллап атырман) Айтпақшы болғаным, журналист жазып атырған материалындағы ҳәр бир гәпке, сөзге жуўапкер екенин билиўи керек. Айрықша атап өтиў тийис, басқа миллетти аўыш деп атаў журналисттиң я кәсиплик, я инсаныйлық принциплерине дурыс келмейди. Оның орнына "Иранлылардың қәтесин..."деп жазылғанда мақсетке муўапық болатуғын еди.

"Велик пенен жумысқа барыўға болады..." https://t.iss.one/makan_uz/9042 материалы болса, буннан бир неше күн алдын тил ҳаққында күйип-писип жазған адамның материалы екенине исенгиң келмейди. Материалдағы "велик", "налог" сөзлери қарақалпақша сөз болса, мен тилди улыўма билмеген-ақ болайын. Және бир айта кететуғын жери, makan.uz сайтының провокациялық материал жазатуғынын тән алғысы келмей атырғанлар, сайт не жазса да дурыс дейтуғынлар усы материалдағы "Шашты алдырыў керек. Бирақ бас та кетеди" деген сөзге ҳәм Бердақ бабамыздың "Салық" қосығын келтиргенине итибар қаратыўын сорайман. Дурыс, пандемия себепли қатаң қағыйдалар енгизилип атыр. Бирақ, бул қағыйдалар өзлеримиздиң қәўипсизлигимиз ушын екенин түсингиси келмеген автордың басқаларға да бул қағыйдалардың "бас алыў" мақсетинде енгизилгенин айтпақшы болғанын, изинен "Салық" қосығын тиркеў арқалы Президентимиз тәрепинен пандемия дәўиринде бир қатар салық жеңилликлери берилип атырғаны бийкар екенин, халық Бердақ бабамыздың заманындағыдай салықтан қыйналып атырғанын айтпақшы болғанын провокация деп атаўдан басқа илажымыз жоқ.
Оннан басқа материалларда да айырым сөзлер қәте жазылғаны ҳәм елеге дейин дурысланбағаны итибарсызлық ақыбетинде болыўы мүмкин екенлигин есапқа алып, оларға толық тоқталып отырмаймыз. (Сүўретлерде көрсетиледи)

makan.uz сайты журналистиниң барлық баспасөз хаткерлерин ана тилимизди ҳүрмет етиўге шақырып, оны өзи менсинбегенин, кейинги материалында болса "Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети халық ушын әҳмийетли болған мағлыўматларды еки тилде теңдей шығарып баслады!" деп Жоқарғы Кеңестиң алдынлары да материалларды еки тилде жәриялап келгенин итибарға алмай, makan.uz дың сынынан кейин еки тилде шығарды деген мазмунда пикир билдириўин не деп айтыў мүмкин?

"Мақтаған қыз тойда..." деген екен баяғыда биреў. "Тилимиздиң қорғаўшысы" болған "журналист"ти қоллап-қуўатлаўшылар не ушын жоқарыдағы материалларда тилимиздиң бузылып атырғаны ҳаққында ҳеш нәрсе демедиңиз? Ямаса жеке сайтында ҳәр ким қәлегенин жазады деген қағыйда бар ма? Егер ол блогер болса түсинер едим. Ол мәлимлеме тарқатыўшы статусына ийе сайт журналисти(!).

Мен де оқыўды питкерип, он жыл даўамында журналист сыпатында иследим. Мен де журналистиканың қандай аўыр кәсип екенин, журналистлерге қыйын екенин билемен.

Мен де кәсиплеслеримниң жетискенлигинен қуўанаман, басына тәшўиш түссе қапа боламан.

Бирақ қалыслық, әдиллик бузылған жерде шыдап тура алмайман, тек өзиниң мәпин ойлайтуғынларды, жыңғыл десе, қырғын, деп тек шаўқым шығаратуғынларды, үйинде ямаса офисинде ыссы кофени уртлап отырып, ойына не келсе соны жазатуғынларды журналист, деп есапламайман.

Баспасөз хаткерлерин арсызлықта, намыссызлықта айыплаўшылар бир нәрсени билип қойың, олар Ана Ўатанын, ана тилин сизлерден артық жақсы көриўи мүмкин, ҳасла кем емес.

Мениң бул жазғанларыма қандай пикир билдириўди өзлериңиз шешесиз, әлбетте. Бирақ пикирлериңизди ҳүждан, инсап тәрезилеринде бир өлшеп алып, кейин билдиресиз, деген үмиттемен.


Ҳүрмет пенен Б.Айтмуратов