QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.21K subscribers
45.6K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Нәўбеттеги көшпели қабыллаў Қоңыратта өткерилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы басшылары тәрепинен Қоңырат районында көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районлары пуқараларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланды.

Дәслеп суд басшылары тәрепинен пуқараларға судларға қай тәризде мүрәжат етиў тәртиплери, мүрәжатларды көрип шығыў мәселелери бойынша қысқаша түсиник берип өтилди. Буннан соң, тараў басшылары тәрепинен секцияларға бөлинген ҳалда мүрәжатлар қабылланды. Өткерилген қабыллаў барысында пуқаралардан келген мүрәжатлардың басым көпшилиги шаңарақлық мәселелер менен байланыслы болды. Атап айтқанда, некеден ажырасыў, алимент өндириў, мал-мулкти бөлисиў, турақ жайға ийелик етиў ҳуқықын тиклеў ямаса турақ жайдан үлес алыў, қарызды өндириў ҳәм тағы басқа мәселелерден ибарат.

Шоманайлы С.Кенжалиева кредит шәртнамасы бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққында шығарылған суд буйрығынан наразы екенлигин билдирип мүрәжат етти ҳәм оның сол жердиң өзинде суд буйрығын бийкар етиў бойынша шағым арзасы қабылланды.

Қоңыратлы А.Халмуратова буннан бир-еки жыл алдын жеңилликли тийкарда жер майданларын ижараға алып, оннан мақсетли пайдаланып келген. Бирақ, көп өтпей бул жер майданлары тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен қайтарып алынған. А.Халмуратова мине усы мәселеде өз наразылығн билдирип мүрәжат етти. Суд басшылары оларға бул мәселеде тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў бойынша ҳуқықый түсиниклер берди.

Мойнақ районы турғыны С.Кошимова болса турақ жайдан үлес алыў мәселесинде мурәжат етип, машқаласы бойынша тийисли тәртипте ҳуқықый түсиник берилди. Сондай-ақ, Қанлыкөл районы Қоскөпир аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Р.Тайровада үй-жай мәселесинде мүрәжат етти.

Көшпели қабыллаў барысында жәми 27 пуқараның суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланып, тийислилиги бойынша ҳуқықый түсиник берилди. Соны айтып отиў орынлы, суд-ҳуқық тараўы менен байланыслы машқалалар мүддет ҳәм ўақыт талап еткенлиги себепли сол жердиң өзинде тез унамлы шешимин таппаўы мүмкин, бирақ олар тиккелей суд басшылары тәрепинен қадағалаўға алынады.

Сайт | Telegram | Facebook
#Tayınlandı

⚡️Qaraqalpaqstan Respublikası Qońırat rayonı Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi baslıǵı lawazımına podpolkovnik Eshjanov Qaljanbay Joldasbevich tayınlandı.

⚡️Tayınlawǵa shekem podpolkovnik Q.Eshjanov Qarqalpaqstan Respublikası AJB "Uz-Kor Gas Chemical" JShJ QK obektlerinde órt qáwipsizligin támiyinlewdi shólkemlestiriw bólimi baslıǵınıń orınbasarı lawazımında islegen.

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması Málimleme xızmeti

https://t.iss.one/QR_AJB
https://joqargikenes.uz/18864.html
Спорт тараўындағы ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берилди


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter