QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.6K subscribers
47K photos
4.96K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
🍓ҚОҢЫРАТТА АВГУСТ АЙЫНДА ҚУЛПЫНАЙ ПИСТИ!

Қулпынай әдетте май,июнь айларында писеди.
Лекин ,"қалаýын тапсаң қар жаýады"дегениндей,қулпынайдан ҳәттеки жыл даýамында зүрәәт алыýға болатуғынлығын әзелден жүзимлери менен даңқы шыққан "Қоңырат"аýыл пуқаралар жыйыны турғыны Полат аға Қуýандиковтың шаңарағында болғанымызда айқын гүýасы болдық.Полат аға үй алды қыйтақ жерин пайызлы бағқа айналдырып,алма,жүзим,ерик,шабдалы,алмурт мийýе тереклериниң астына помидор,қыяр,болгар бурышынан тысқары қулпынайдың да бир неше сортларын егип,өним алып отырған бағманлардың бири.
-Қулпынайдан май айында бир қатар өним алдық,ҳәзир августте де писип жетилискенин ақлықларыма жегизип атырман.Енди сентябрьде писетуғын сорты гүллеп, түйнеклеý алдында.Базардан гөштен басқа азық-аýқат сатып алмаймыз.Бәрин усы үй алды қыйтақ жеримнен өндирип алып отырман.Ең баслысы-тынымсыз мийнет,сонда ғана жемиси татлы болады,-дейди дийханшылықтың әдисин алған Полат аға.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
📣📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

❗️Усы жылдың 3-4-август кунлери Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәм Нөкис қаласындағы 2-Санлы Спорт мектеби комплексинде «Тәбийий ҳәм минераль ресурсларды қайта тиклеў, нефт-химия санааты өнимлери, қурылыс материаллары, мебель усташылығы, электроэнергиясы ҳәм электротехника өнимлери санааты» на қәнигелескен аймақлық тармақлар-аралық санаат ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз!

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан санаат тараўындағы исбилерменлик субъектлери ҳәм ири кәрханалар қатнасыўы күтилмекте.

➡️Илажда қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы яки төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип мағлыўмат алыўына  болады:

📞  +998(94) 212-55-77


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан 24 /Арнаýлы репортаж | Қоңырат районы

#1aug #uzbekiston24

https://t.iss.one/qongiratrkuz

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
Forwarded from QOŃÍRAT JASLARÍ| RÁSMIY KANALÍ (Қоңырат районы Саламат Серимбаев)
📍 Qońırat rayonında "Atalıqqa biriktirilgen" jaslar menen individual islesiw boyınsha sistemalı jumıslar ámelge asırılmaqta

🔹Búgin Qońırat rayonı 47-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde "Awır" taypaǵa kiritilgen jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw maqsetinde sporttıń shashka hám shaxmat túrlerinen jarıslar shólkemlestirildi.

Jarıslar qızǵın bellesiwlerge bay tárizde ótti hám jeńimpazlar shólkemlestiriwshiler tárepinen diplom hám estelik sawǵaları menen sıylıqlandı.

Kanalımızǵa aǵza bolıń
@qonjasnews_1
Президент Шавкат Мирзиёев фойдали қазилмалар захираси ва ишлаб чиқариш ҳажмини кўпайтиришга оид тақдимот билан танишди.

Президент Шавкат Мирзиёев ознакомился с презентацией о мерах по наращиванию запасов и увеличению объемов освоения полезных ископаемых.

#Mirziyoyev #taqdimot #geologiya #foydaliqazilmalar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter