QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.22K subscribers
45.6K photos
4.76K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди

Соңғы жыллары ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлықлар нəтийжесинде елимизде олар ушын барлық шараятлар, көплеген имканиятлар жаратылып берилмекте. Бул мүмкиншиликлер негизинде шаңарақ уйытқысы болған ҳаяллардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў баслы мақсет етип алынған.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Онда бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий реформаларда ҳаял-қызлардың тутқан орнының артып баратырғаны, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында бар мүмкиншиликлер жаратылып атырғаны айрықша тилге алынды.

Айтып өтиў орынлы, усындай имканиятлардан кеңнен пайдаланып атырған ҳаял-қызларымыз көпшиликти қурайды. Быйылғы жылдың январь-май айларының өзинде 4418 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды, 4814 ҳаял-қызға 43 млрд. 331 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, 272 ҳаял-қызға 1 млрд. 347 млн сумлық субсидиялар берилди.

Буннан тысқары, пуқараларымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларды шешиў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Исбилерменликти раўажландырыў бойынша тарийхый 213-санлы Пәрман, мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша инфраструктураны жақсылаў бағдарында 408-санлы қарар, жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў бойынша 52-санлы қарар, буннан тысқары және бир неше нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Усы тийкарда ҳаял-қызларымыз дусласып атырған қатар мәселелер өз шешимин таўып атыр.

Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратылған имканиятлар, соның менен бирге, тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилди.

Толық мағлыўмат

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни менен қызғын қутлықлаймыз.

Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.

Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына  жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.

Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз.

Сизлерди Ғалаба хабар қураллары күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#ҚУТЛЫҚЛАЎ

Ҳүрметли баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!
Журналист ҳәм блогерлер!


Сизлерди жеке өзимниң ҳәм район ҳәкимлиги жәмәәти атынан 27-июнь-Ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.

Машақатлы ҳәм жуўапкершиликли кәсибиңиз арқалы елимиз ҳәм пүткил дүньяда жүз берип атырған жаңалықларды, соның менен бирге мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды өз ўақтында халқымызға жеткериў ҳәм бул арқалы халқымыздың ҳуқықый саўатханлығын асырыўдағы мийнетлериңиз ушын сизлерден шексиз миннетдармыз.

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Пурсаттан пайдаланып бәрҳама жаңалыққа талпынып жасаўшы, жәмийетимизде жүз берип атырған ўақыяларды тезлик ҳәм анықлық пенен халқымызға жеткериўши бәрше ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин бүгинги кәсиплик байрамы менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлайман. Ҳәмийше қәлемиңиз өткир болыўын тилеп қаламан.

Ҳүрмет пенен,
Қоңырат районы ҳәкими
Бекзод Баходирович Мадаминов
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимлари куни муносабати билан соҳа ходимларидан бир гуруҳини мукофотлаш тўғрисида"ги Фармони

Указ Президента Республики Узбекистан "О награждении в связи с Днем работников печати и средств массовой информации группы работников сферы"

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимларига табрик

Поздравление работникам печати и средств массовой информации

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Қоңырат районы "Санаат" макан пухаралары жыйыны аймағында жайласқан 47-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Нураныйлар қоры" Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Әбдижаббаров, Өзбекстан Миллий тикланиш демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Т.Рамановлар нураныйлар менен ушырасты. Болып өткен ушырасыўға  “Нураныйлар қоры” Қоңырат районы бөлими баслығы А.Нурыллаев ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаевлар, сондай-ақ,
район аймағындағы нураныйлар қатнасты. Ушырасыўда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша сәўбетлесилди ҳәм нураныйлардың пикирлери тыңланды
 
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасына белгили бақсы жыраўлар атқарыўында жанлы ҳаўаздағы қосықлар жыйналғанлар нәзерине усынылды,  сондай-ақ, бир қатар нураныйлар “Нураный қоры” тәрепинен сыйлықланды ҳәм ушырасыў бир кесе шай үстинде сәўбет пенен мазмунлы даўам еттирилди.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Жумысқа_мәрҳамат

Ҳүрметли жумыссыз, жол қурылысында ислеўди қәлеўши пуқаралар!

Азербайжан Республикасының ири жол қурылыс кәрхаларынан бири есапланған “NORT WEST KONSTRAKSN” жуўапкершилиги шекленген жәмийети халықаралық А-380-“Гүзар-Бухара-Нөкис-Беинеу” жол қатнаўы жөнелисиндеги жол қурылысына жумысқа мирәт етеди.

Жумыс орынлары ҳәм айлық ис ҳақылар:

Инспектор – 3 000 000 - 4 000 000;
Жумысшы – 2 500 000 (+премья ҳәм овертайм);
Грейдер операторы – 6 000 000 сўм;
Қараўыл – 1 200 000 (мезгил менен) сўм;
Механик-слесарь – 3 500 000 - 4 500 000 сўм;
Электрик – 2 500 000 - 3500 000 сўм;
Сантехник –3 000 000 – 4 000 000 сўмды қурайды.

Жәмийет жумысшыларды 3 мезгил аўқат ҳәм турақ жай менен тәмийинлейди.

Мәнзил: Қоңырат районы “Жаслық” ППЖ.

Тел: 94 307-55-44, 91306-55-44

Асығың, жумыс орынлары саны шекленген.

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram | Instagram | Facebook
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, ашық-айдынлықты беккемлеў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги жаңаланыў процесслерин, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, заманагөй журналистика бағдарлары ушын жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен
Ережепов Бахытбай Кеңесбаевич - Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «Nukus teleradiomarkazi» филиалының бас сес режисёры

«Шуҳрат» медалы менен
Ажимуратов Азамат Лепесбаевич - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме бөлими баслығы.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Қабыллаў

Район ҳәкиминиң жеке қабыллаўы болып өтти

Пуқаралардың турмыслық машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, халық пенен ашық ҳәм туўрыдан-туўры байланысты күшейтиў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланбақта. Бүгин Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы,1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.

Кабыллаўға келген пуқаралар бәнтлик, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, кредит қаржыларын ажыратыў сыяқлы басқа да турмыслық машқалалары  менен район ҳәкимине мүрәжат етти.
Билдирилген машқалалар тийисли тәртипте үйренилип, олардың қысқа мүддет ишинде орынланыўы бойынша тараў басшыларына бир қатар тапсырмалар берилди ҳәм район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.‌‌


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz