Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Qońırat rayonında “Hayallar dápteri” diziminde turǵan 27 hayal-qızlardıń turaq jayın ońlaw ushın qurılıs materialları alıp berildi
Elimizde hayal-qızlardı qollap-quwatlawǵa ayrıqsha itibar qaratılıp, olardıń turmıstan razı bolıp jasawı ushın keń kólemli imkaniyatlar jaratılmaqta. Atap aytqanda, Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabinetiniń 2022-jıl 6-sentyabr kúngi 500-sanlı qararına tiykar Qońırat rayonında “Hayallar dápteri”niń 3-4-basqıshında úy-jayın ońlawǵa mútáj hayal-qızlar taypasına kiritilgen 27 hayal-qızlardıń úy-jayların ońlaw ushın jámi 397 mln 376 mıń swm qarjı ajıratılıp, kerekli qurılıs materialları alıp kelindi hámde juwapkerler qatnasında puqaralarǵa tarqatıldı. Búgingi kúnde qurılıs-ońlaw jumısları izbe-izlikte baslap jiberildi.
Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xizmeti
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Ҳаяллар дәптери-имкәниятлар дәптери
Елимизде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги рөлин беккемлеў, әсиресе, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда районымызда да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
"Жиңишке" МПЖ аймағында жасаўшы М.Смайлованың жасаў шараяты үйренилди ҳәм "Ҳаяллар дәптери" дизимине киритилип, субсидия тийкарында заманагөй тигиў машинасы берилген еди. М.Смайлова жаратылған имканияттан үнемли пайдаланып, тигиў машинасы арқалы кийим тигиўди жолға қойды. Бүгинги күнге келип районымыздың түрли аймақларынан буйыртпа қабыллап, өзиниң машақатлы мийнети арқалы турақлы дәраматқа ериспекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Қыйтақ жер-дәрамат дереги
"Мийнет түби рәҳәт",- дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жерлеринде аянбай мийнет етип, мийнетиниң рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды.
Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.
Қоңырат районы "Қаңлы" АПЖ аймағында топырақ пенен тиллесип, қыйтақ жерден мол өним алып атырған дийқанлар баршылық. Аймақтағы бир қанша шаңарақлар өзлериниң қыйтақ жерлеринде дийқаншылық етип, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеп келмекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz

⚡️Qońıratta "Arm Wrestling" sport jarısı ótkerildi
💥 Búgin Qońırat rayonı 37-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde
"30-iyun Jaslar kúni" múnásibeti menen "Jaslar aylıǵı" sheńberinde jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw hámde olardı sport menen keńnen qamtıp alıw maqsetinde sporttıń "ARM WRESTLING" túrinen jarıs shólkemlestirildi.
Jarısta máhállelerden 18-30 jas aralıǵındaǵı jaslar qatnasıp,
🥇1-orındı Hákim ata máhállesinen Baltabaev Qurbanbay
🥈2-orındı Xanjap máhállesinen Kabulov Javlonbek
🥉3-orındı Qashı máhállesinen Kudenov Islam jeńip aldı.
Jeńimpazlar diplom hám qımbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlandı.
Kanalımız: @qonjasnews_1

Қоңырат районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте
Елимизде инсан қәдир-қымбаты жоқары қәдирият дәрежесине көтерилмекте. Мәмлекетимиз тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың турмыслық шараятларын жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги 52-санлы қарары тийкарында бүгинги күнде Қоңырат районында да үлкен әмелий жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы қатары райондағы "Қаратал" мәкан пуқаралар жыйынындағы жәрдемге мүтәж пуқаралардың жайларының төбесин шиферлаў жумыслары даўам етпекте.
Қоңырат районында Қашқадәрья ўәлаятының 14,1млрд сумлық қаржылары есабынан жәми 934 үй оңланыўы режелестирилген. Соннан 889 үйдиң төбеси шиферланыўы, 45 үйди толық қайтадан қурып бериў белгиленген.