QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.8K subscribers
47.5K photos
5.05K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
#Дыққат_вакансия

🔷 Қоңырат районы ҳәкимлиги:

▫️ Қоңырат районы мәҳәллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы: Мәҳәллелерде драйверлерди анықлаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў секторы бас қәнигеси.

❗️Aрзалар 11.06.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелердеги әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәллелердеги әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Мажилисте ҳаял-қызлар мәселесинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жол қойылып атырған кемшиликлер атап өтилди.
 
Атап айтқанда, быйылғы жылы жәми 62 ҳаял-қыз турақ-жай менен тәмийинленбеген. Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Тақыятас районларында мүтәж болған ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмеген. Буннан тысқары, 2021-2022-жылларда 15 млрд.сум қаржы бюджеттен ажыратылған болса да, бүгинги күнге шекем Хожели районында социаллық үй-жайлар ҳаял-қызларға елеге шекем тапсырылмаған.

Белгиленген илажларды дурыс шөлкемлестирмей атырғанлығы себепли айырым мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының рейтинг нәтийжелери төмен дәрежеде болмақта. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары да қанаатландырарсыз дәрежеде.

Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласындағы “Жаңабазар” ҳәм “Қурылысшы” мәҳәллелери, Беруний районындағы “Алтынсай” ҳәм “Шимом” мәҳәллелери, Қоңырат районындағы “Қырыққыз” ҳәм “Көкдәрья” мәҳәллелери, Әмиўдәрья районындағы “Бостан” мәҳәллеси ҳаял-қызлар белсендилерине  интизамий жаза шарасы қолланылды.

Сондай-ақ, өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қарағаны, көрсеткишлери басқа районларға қарағанда салыстырмалы түрде жоқары болғанлығы ҳәм жумысларын нәтийжели шөлкемлестиргени ушын Нөкис районы, Шымбай ҳәм Мойнақ районы ҳәкиминиң  орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслықларын хошаметлеў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған  қандай жеңилликлер бар?

Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди. 

Атап айтқанда:

🔹 өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.

🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.

🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.

Қарақалпақстан Республикасында
қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды.

❗️ Түсиндирме

2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.

Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Италия Республикаси Президентининг қароргоҳи – Рим шаҳридаги Квиринал саройида расмий ташриф билан ушбу мамлакатда бўлиб турган Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевни расмий кутиб олиш маросими бўлиб ўтди.

В резиденции Президента Итальянской Республики – Квиринальском дворце в Риме состоялась церемония официальной встречи Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева, совершающего официальный визит в эту страну.

#Mirziyoyev #tashrif #Italiya #marosim

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Римдаги Квиринал саройида Ўзбекистон Президенти Шавкат Мирзиёев тантанали кутиб олинди. Италия Президенти Сержо Маттарелла билан учрашув бўлиб ўтди.

Президента Узбекистана Шавката Мирзиёева торжественно встретили в Квиринальском дворце в Риме. Состоялась встреча с Президентом Италии Серджо Маттареллой.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
🔥 Qońırat jaslarınan jetiskenlik

🔷 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde "Kásipler tańlawı" jónelisinde 8-iyun kúni "Ónermentshilik" tańlawınıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshı ótkerildi.

🔷 Bul tańlawǵa rayonımızdan belsendi qatnasqan jasımız Sarsengaliyeva Albina Qurmangaziyevna sıylı 1-orındı iyeledi hám tańlawdıń Ózbekstan Respublikası basqıshına jollamanı qolǵa kiritti.

🥇Albinaǵa tańlawdıń Ózbekstan Respublikası basqıshındada áwmet tileymiz!

@qonjasnews_1