QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.07K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Қоңырат районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде  питкериўшилер саны қанша?...

Бүгинги күнде Қоңырат районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 49 мектеп бар болып, оларда 2520 педагог хызметкерлер оқыўшыларға тәлим-тәрбия берип келмекте.

Быйылғы оқыў жылында райондағы улыўма билим бериў мектеплеринде 1390 оқыўшы 11-класты питкерип атырған болса, 9-класс пикериўшилери саны 2088 ди қурайды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
25-май сәнесин "Соңғы қоңыраў" сыпатында белгилеў қашаннан басланған ?...

Соңғы қоңыраўды байрам сыпатында белгилеў 1948-жылы Россияда басланған. Краснадор қаласындағы 182-санлы мектеп директоры Ф.Брюховетский оқыў жылы жуўмақланғанлығын жәриялап, қоңыраў қағады ҳәм бул қоңыраў биринши "Соңғы қоңыраў" сыпатында тарийхқа киреди.

Кейинирек көпшилик мектеплерде оқыў жылы жуўмағында "Соңғы қоңыраў" қағылып, оқыў жылы тамамланған ҳәм бул тенденция ҳәзирги күнге шекем сақланып қалған.

Интернет материаллары тийкарында таярланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
🔹 Қўнғирот туманида “оғир тоифадаги” ёшлар билан индивидуал ишлаш буйича тизимли ишлар ташкил этилмоқда

🔰 Ўзбекистон Республикаси Президенти Ш.М.Мирзиёевнинг 2023 йил 11 апрель кунги “Ёшлар сиёсати соҳасидаги ишлар натижадорлигини ошириш ҳамда улар билан ишлаш тизимини янада такомиллаштириш чора-тадбирлари”га бағишланган видеоселектор йиғилишида “Ёшлар баланси” асосида ижтимоий аҳволи, қобилияти ҳамда қизиқишларига қараб ёшлар 3 тоифага (яшил”,“сариқ”,“қизил”) га ажратилиб, “қизил” тоифадаги жами 842 нафар ёшлар тумандаги сектор раҳбарлари, ҳоким ўринбосарлари ва корхона ташкилот раҳбарларига номма-ном бириктирилиб берилган эди.

Қўнғирот тумани Устюрт қидирув бурғулаш бошқармаси томонидан бириктирилиб берилган 11 нафар ёшлар билан суҳбат ўтказилиб, уларнинг ҳар бирига 1 млн 500 минг сўмдан жами 15 млн сўм миқдорида моддий ёрдам берилди.

@qonjasnews_1
Qońırat rayonı jasları dıqqatına!

🔹25-may kúni saat 19:00 de sporttıń futbol hámde kishi futbol túrlerinen ótkerilgen "Ózbekstan Respublikası Mámleketlik qáwipsizlik xizmeti kubogı" sport jarısınıń Qońırat rayonlıq basqıshı jeńimpazların saltanatlı sıylıqlaw máresimi hámde 25-may Pitkeriwshiler bayramı múnásibeti menen gala koncert bolıp ótedi
🔥Iláj sheńberinde DJ lar tárepinen jaslar ushın diskoteka shólkemlestiriledi.
⚡️Bárshe jaslardı hámde pitkeriwshilerdi koncert dástúrine mirát etemiz!!!

Mánzil: Qońırat rayonı hákimligi, Ǵárezsizlik maydanshasında

Kanalımızǵa aǵza bolıń
@qonjasnews_1
Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди

Өткерилген мәжилисте қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар сын көз қараста қарап шығылды.

Мәжилисте 2022-жылда Инвестиция бағдарламасына ҳәм Президент сапары протоколына қосымша киргизилген 9 объект қурылыс кәрханаларының кемшиликлерге жол қойыўы себепли усы күнге шекем пайдаланыўға тапсырылмағанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, айырым кәрханаларға суд иси ашылғанлығы билдирилди. Булардан тысқары, “Абат аўыл” бағдарламасына киргизилген Қоңыраттағы 2 объект усы күнге шекем пайдаланыўға тапсырылмаған.

“Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлериниң қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы” буйыртпашылығында жәми 87 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып атырған 12 объекттың пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери өтип кеткен.

Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февралдағы 52-санлы қарары тийкарында республика бюджетинен қубла районлардағы үй-жайларда қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 112,3 млрд.сум қаржы ажыратылған. Бирақ, район ҳәкимликлериниң немқурайдылығы нәтийжесинде усы күнге шекем қурылыс-оңлаў жумысларының басланбаўына алып келген.

2020-2022-жылларда жәми 1019 пуқаралар субсидия алыў бойынша унамлы жуўмақ алған, соннан, 295 пуқараға, яғный 29 процентине субсидия ажыратылған. Бирақ, қала ҳәм район ҳәкимлери май айында бирде-бир үй-жай пайдаланыўға тапсырмаған.

Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында “Жаңа Өзбекстан” массивлериндеги режелестирилген үй-жайлардың қурылысы талап дәрежесинде емес. Бүгинги күнде үй-жайлар пайдаланыўға тапсырылмаған.

Мәжилис жуўмағында жуўапкерлер ескертилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Qońırat rayonı jasları dıqqatına!

🔹25-may kúni saat 19:00 de sporttıń futbol hámde kishi futbol túrlerinen ótkerilgen "Ózbekstan Respublikası Mámleketlik qáwipsizlik xizmeti kubogı" sport jarısınıń Qońırat rayonlıq basqıshı jeńimpazların saltanatlı sıylıqlaw máresimi hámde 25-may Pitkeriwshiler bayramı múnásibeti menen gala koncert bolıp ótedi
🔥Iláj sheńberinde DJ lar tárepinen jaslar ushın diskoteka shólkemlestiriledi.
⚡️Bárshe jaslardı hámde pitkeriwshilerdi koncert dástúrine mirát etemiz!!!

Mánzil: Qońırat rayonı hákimligi, Ǵárezsizlik maydanshasında

Kanalımızǵa aǵza bolıń
@qonjasnews_1
#Онлайн

Спорттың Футбол ҳәм киши
футбол түрлеринен өткерилеген Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы беллесиўлери жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм мектеп питкериўшилери ушын арналған концерт бағдарламалары болып өтпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz