QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
Бүгин район ҳәкимлигинде Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша комиссия ағзаларының гезектеги мәжилиси болып өтти

Мәжилисти район ҳәкими Б.Мадаминов басқарып барды ҳәм Өзбекстан Республикасының "Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында"ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Пәрманың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм режелер ҳаққында мағлыўматлар берди.

Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнет пенен байланыслы болған жынаятлардың алдын алыў, соның менен бирге адам саўдасы менен шуғылланыўдың әқыбетлери ҳаққында пикирлер додаланды. Жынаятлардың алдын алдыўда жәмийетшилик қадағалаўдың орны гиреўли екенлиги айрықша атап өтилди.
Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша аймақларда пуқаралар арасында үгит-нәсият илажларын турақлы түрде алып барыў ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша арнаўлы илажларды ислеп шығыў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
#Қабыллаў

Пуқаралардың турмыслық машқалаларын өз ўақтында сапластырыў, халық пенен ашық ҳәм туўрыдан-туўры байланысты күшейтиў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасына айланбақта. Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумы,1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
   Қабыллаў даўамында пуқаралардың түрли турмыслық мәселелерге байланыслы болған бир қатар мүрәжатлары қабыл етилип, пикир-усыныслары тыңланды.
Айырым мүрәжатлар бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мурәжат ийелерине түсиниклер берилди. Шешилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша район ҳәкими тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди ҳәм мүрәжатлардың үйренилиў процесси район ҳәкиминиң  қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти.

Қоңырат  районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👉
@qongiratrkuz
“Кўксарой” қароргоҳида Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ва Сингапур Республикаси Президенти Ҳалима Яқубнинг музокаралари бўлиб ўтди.

В резиденции «Куксарой» состоялись переговоры между Президентом Республики Узбекистан Шавкатом Мирзиёевым и Президентом Республики Сингапур Халимой Якуб.

#Mirziyoyev #tashrif #Singapur #muzokaralar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ва Сингапур Республикаси Президенти Ҳалима Яқуб ҳузурида икки томонлама ҳужжатларни қабул қилиш маросими бўлиб ўтди.

В присутствии Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева и Президента Республики Сингапур Халимы Якуб состоялась церемония принятия двусторонних документов.

#Mirziyoyev #tashrif #Singapur #hujjatlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter