QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.18K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Қыйтақ жерде жумыс ислеп мийнет стажына ийе болыў мүмкин

Пуқаралар өзлериниң қыйтақ жерлеринде төмендеги искерлик түрлерин жолға қойса ҳәм жылына БЕМның кеминде 1 есеси муғдарында социаллық салық төлеп барса, усы дәўир олардың мийнет стажына қосылады:

шәрўашылық, ыссыхана, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилиги, балықшылық, бағшылық, лимоншылық, гүлшилик.

Қыйтақ жер ийелерин кооперация тийкарында жумыс пенен бәнт қылған исбилерменлик субьектлерине төмендеги товарларды алыўы ушын субсидия ажыратылады:

қус (таўық), қусшылық ушын кетек, азықлық жем ҳәм дәри өнимлери;

жүзим нәли, пал ҳәрре, пал ҳәрре уясы ушын қуты ҳәм азықлық жеми;

қоян, қоян кетеги ҳәм азықлық жеми;

балық шабақлары, жасалма ҳәўиз ҳәм азықлық жеми;


☝️Бул субсидия қыйтақ жер ийесине базалық есаплаў муғдарының 20 есесине шекем ҳәким жәрдемшилериниң усынысына тийкар бериледи.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети


👉@qongiratrkuz
Қоңырат районында шаңарақлық кәрханалар саны қанша?

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы мағлыўматларына бола, 2023-жылдың 1-апрель жағдайына Қоңырат районында 125 шаңарақлық кәрханалар дизимнен өткен болып, өткен жылға салыстырғанда 46 ға көбейген.

📍https://kungrad.uz/3113.html

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
Жас археологлар Қоңыратта

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх қәнигелиги студентлери Қоңырат районы аймағындағы "Бограхан" тарийхый естелигинде археологиялық изертлеў жумысларын алып бармақта. Район орайынан 15 км қашықлықта жайласқан бул тарийхый орын белгили археолог С.П.Толстов басшылығындағы экспедиция тәрепинен өткен әсирдиң 50-60-жылларында анықланған.

Бул тарийхый орын Уллы жипек жолы бойындағы қалалардан бири болып, Ислам дини дереклеринде "Мадмина Хвонд Борахан" атамалары менен аталып келген.

Бүгин район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов археологиялық изертлеў жумысларының барысы менен танысыў мақсетинде тарийхый естелик жайласқан орында болып, жас археологлар менен ушырасты.

Археологиялық изертлеў жумысларына тарийх факултети археология кафедрасы баслығы Ж.Ҳәкимниязов басшылық етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
#Қарар_ҳәм_оның_орынланыўы
⚡️Қоңырат районы

Районымыздағы “Қоңырат” мәкан пуқаралар жыйынында жәми 4,1 км асфальтлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта жумыс процесси қызғын даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz
Жумыс бериўши хызметкердиң арзасына бола төмендеги ҳүжжетлерди 3 жумыс күнинен кешиктирместен бериўи шәрт:

🔷жумысқа қабыл етилгенлиги ҳәм басқа жумысқа өткериў ҳаққындағы буйрықлардың көширме нусхалары;

🔷мийнет дәптершеси яки электрон мийнет дәптершесиниң көширме нусхалары;

🔷мийнет ҳақы ҳаққындағы, есапланған ҳәм хызметкер тәрепинен төленген салықлар ҳәм басқа жыйымлар ҳаққындағы, жумыс бериўшиде ислеў дәўири ҳаққындағы ҳәм басқаларды.

Жоқарыдағы ҳүжжет нусхалары мәкеме-шөлкем басшысының яки басқа ўәкилликли шахстың қол таңбасы, сондай-ақ, мөри менен тастыйықланған болыўы лазым. Жумыс пенен байланыслы ҳүжжетлер ҳәм олардың көширме нусхалары хызметкерге бийпул бериледи.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz
ХҮРМЕТЛИ АТА-АНАЛАР!
ӘЗИЗ ЎАТАНЛАСЛАР!

✔️Бәршемизге мәлим, быйылғы 2022-2023-оқыў жылы да өз жуўмағына жетпекте. Сол ушын мектеп администрациясы класс ханаларын кейинги оқыў жылына таярлаў бойынша ҳәрекетлерин баслаўы тәбийий. Нәтийжеде айырым улыўма орта билим бериў мектеплеринде мектеп ремонты ушын пул жыйналмақта деген хабарлар тарқалып атыр.

✔️Усы орында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мектеплерде жазғы ремонт жумысларына, “Соңғы қоңыраў” сыяқлы ҳәм басқада илажлар белгиленген тәртипте ҳеш қандай пул жыйнаўсыз өткерилиўин мәлим етеди!

✔️Егерде усындай жағдайлар анықланса мектеплердиң тийисли жуўапкер шахслары әмелдеги тәртипке көре жуўапкершиликке тартылады!

☝️✔️Сиз ҳәр қандай билимлендириў мекемесинде пул жыйнаў менен байланыслы жағдайлар ҳаққында хабардар болсаңыз, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ☎️ (61)-222-95-20 номерли «ИСЕНИМ ТЕЛЕФОНЫ»на ямаса министрликтиң бот каналына (@QRXBministrbot) мүрәжат етиўиңизди сораймыз.

❗️ Сизиң шахсыңыз СЫР тутылатуғынлығы кепилленеди!


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Bes_baslama_olimpiadası
#Qońırat_rayonı
#Kásipler_tańlawı
#Aspazlıq

📌Búgin “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde "Kásipler tańlawı"nıń "Aspazlıq" jónelisi boyınsha rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Qızǵın ótken tańlaw nátiyjesine kóre:

🥇orındı Xakim ata MPJdan Edilbayeva Jipek,
🥈orındı Qashı MPJdan Sarıbayeva Barno,
🥉orındı Sanaat MPJdan Yuldasheva Ulmeken joqarı nátiyjelerdi iyelep, 1-orındı iyelegen Edilbayeva Jipek keyingi Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollanma aldı.

⚡️Tańlaw jeńimpazlarına keyingi basqıshta áwmet tileymiz.

Kanalımızǵa aǵza bolıń👇👇👇
@qonjasnews_1
Барлық әмеллер халқымыздың турмыс абаданлығы ушын

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қоңырат районында ишки хожалық жоллары оңланып атыр.

Районда 18,7 млрд сумлық қаржы тийкарында 61,3 км ишки хожалық жолларды оңлаў, соннан 12,4 км жолға асфальт, 48,9 км жолга ЩПС төселиўи белгиленген. Ҳәзирги ўақытта “Қоңырат” мәкан пуқаралар жыйынында жәми 4,1 км жолларға асфальт төсеў жумыслары қызғын даўам етпекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter