Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент қарары тийкарында Қоңырат районында ишки хожалық жолларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймағында бир қатар қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.
Режеде белгилеп алынған жумыслар шеңберинде қала ҳәм районларда жумыслар баслап жиберилип, бүгинги күнде де қызғын түрде даўам етпекте.
Қарар орынланыўын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша Қоңырат районында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, соннан, ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында 18,7 млрд сумлық қаржы тийкарында 61,3 км ишки хожалық жоллары оңланыўы, соннан 12,4 км жолға асфальт, 48,9 км жолга ЩПС төселиўи белгиленген. Бунда тийкарынан жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы көшелерди қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў белгиленген болып, буннан тысқары, социаллық объектлер, биринши дәрежели асфальтланыўы керек көшелерге асфальтобетон қапламасын төсеў жумыслары режелестирилген.
Бүгинги күнде “Алмазар” МПЖ аймағындағы ишки хожалық жолларын оңлаў жумыслары даўам етпекте. Аймақтағы жәми 4 км узынлықтағы көшелерге асфальт қапламасы төселип атыр.
Халқымыздың “жол салған, көпир қурған саўап” деген даналық сөзинде айтылғанындай, пуқаралардың узағын жақын, аўырын жеңил қылыў бағдарында пидайы жолшылар тарепинен ишки жолларды оңлаў жумыслары еле де даўам етириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#тамарқа
#пал_ҳәррешилиги
Жети ғәзийнениң бири-пал ҳәррешилиги өзине жараса мийнет, қунт ҳәм тәжирийбе талап ететуғын дәраматлы тармақ болып, оннан жетистирилетуғын пал, мум, прополис, пал ҳәрресиниң сүти, хәттеки зәҳәри де сийрек ушырасатугын баҳалы ҳәм инсан организми ушын оғада пайдалы өнимлер қатарына киреди. Әсиресе, аýыл хожалығы егинлеринен, мийуе тереклеринен мол өним алыýда пал ҳәррелериниң орны гиреýли. Қоңырат районы «Қаңлы» аýыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Алламбергеновлар шаңарағы да үй алды қыйтақ жеринде пал ҳәррешилиги менен шуғылланып, бир жыл ишинде пал ҳәррелериниң уялары санын 30 ға жеткерди...
Кеңирек Қарақалпақстан телеканалында
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

✅ Кимлер рефередумда қатнасыў ҳуқықына ийе?
🔹 Толық мағлыўмат: https://saylov.uz/uz/docs/kimlar-referendumda-ishtirok-etish-huquqiga-ega-2
Каналға ағза болыў 👉 @referendum_QQR

2023-жыл 27-апрель күни саат 16:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезектеги 57-сессиясы болатуғынлығын хабарлаймыз.
Сессия ҳәкимликтиң facebook каналы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў:@qongiratrkuz

Туӯылғанлықты дизимге алыӯ тәртиби
Баланыӊ туӯылыӯы ҳәр бир шаӊарақ ушын шексиз қуӯаныш, шаӊараққа жаӊа бир ағзаныӊ қосылыӯы нызам тийкарында бир қатар ҳуқық ҳәм миннетлерди пайда етеди.
Туӯылғанлықты дизимге алыӯ бойынша арза бала туӯылған күннен баслап бир ай мүддет ишинде аӯызеки ямаса жазба түрде берилиӯи керек.
👉Толық оқыў
https://t.iss.one/qongiratrkuz

#Абаданластырыў
Қоңырат районы көшелеринде абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етпекте.
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы көшелеринде абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етпекте.
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы Алмазар мәҳәллесиндеги Бөрибаевлар шаңарағы үлги боларлықтай тынып-тыншымас шаңарақлардың бири саналады. Шаңарақ баслығы Бөрибаев Сәбит субсидия тийкарында үй алды қыйтақ жерине ықшам ыссыхана шөлкемлестирип, шаңарақ ағзалары менен биргеликте ҳәр қыйлы палыз өнимлерин қыстың қәҳәрли күнлери де халқымыз дәтүрханына үлесип келмекте.
Сәбит аға тек дийханшылық пенен шекленип қалмастан, өзиниң бәнтлигин тәмийинлеп ерлер ушын Шаштәрезхана шөлкемлестирип, аймақ турғынларына хызмет көрсетпекте.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz