QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
49.7K photos
5.36K videos
29 files
15.4K links
Download Telegram
Буннан соң исши топар ағзалары Қоңырат районы Мәденият орайында шөлкемлестирилген концерт бағдарламасын ташамалап, үгит-нәсият илажында қатнасты ҳәм районымыздың қолы гүл ҳаял-қызлары тәрепинен исленген көргизбелерди тамашалады.

Исши топар ағзалары илаж шеңберинде район аймағында жасаўшы социаллық дәптерлер дизиминдеги ҳаял-қызлар ҳалынан хабар алып, зәрүрлигине бола нәгиранлық арбашаларын ҳәм еситиў аппаратларын тапсырды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
🔥 Mámleketlik qáwipsizlik xizmeti kubogı

Sporttıń Mini futbol túrinen "Mámleketlik qáwipsizlik xizmeti kubogı" ushın jarıslar qızǵın bellesiwlerge bay tárizde dawam etpekte.

Komandalar "A", "B", "C" hám "D" toparlarǵa bólinip, 4 maydanshada jarıs baslanǵan edi. "A", "B" hám "C" toparlardan keyingi basqıshqa shıqqan komanda atları belgili boldı.

"A" topardan
1. Sanaat MPJ
2. Elabad PPJ

"B" topardan
1. Rawshan APJ
2. Miynetabad APJ

"C" topardan
1. Gulabad MPJ
2. Suwenli APJ komandaları.

🤔 Qızıq, "D" topardan kimler keyingi basqıshqa shıǵadı eken?

Búgin bunı bilip alamız!

Maǵlıwmat ushın: Oyınlar "ECH 11" sport maydanshasında dawam etpekte.

Kanalımızǵa aǵza bolıń
@qonjasnews_1
🔥 Sporttıń mini futbol túrinen "Mámleketlik qáwipsizlik xizmeti kubogı" sport jarısınıń topar basqıshı jeńimpazları anıqlandı
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Mámleketlik qáwipsizlik xizmeti kubogı" sport jarıslarınıń ashılıw máresiminen tayarlanǵan videorolik‌‌

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Кеўил билдириў

Усы жылдың 13-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис қалалық Халық қабыллаўханасы баслығы Арыслан Балтабаев дүньядан өтти.

Арыслан Балтабаев кишипейил, ҳақкеўил, пидайы ҳәм жанкүйер инсан еди.

Ол бүгинги күнге шекем халқымыздың тилек-өтинишлерин, машқалаларын тийисли уйымларға жеткериўде, оларды қыйнап киятырған мәселелерге шешим табыўда аянбай мийнет етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Шторм хабарландырыў
       
Ҳүрметли пуқаралар, «Өзгидромет" берген мағлыўматына қарағанда усы жылдыӊ 15-17-апрель күнлери Өзбекстан  аймағына суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди.
15-апрель күни Республикамыз аймағында айырым жерлерде жаўын жаўады, гулдирмама болыўы күтиледи.
15-17-апрель күнлери айырым жерлерде самалдыӊ тезлиги 17-22м/с тан 25-28м/с қа шекем  күшейип, айырым районларда шаӊ-тозаӊ болыўы күтиледи.
16-17-апрель күнлери ҳаўаныӊ температурасы түнги ўақытлары 0+5гр жыллыдан айырым жерлерде -1-3гр суўыққа, күндизги ўақытлары +7+12гр жыллыға шекем төменлейди.

Сонлықтан, пуқараларымыздан бундай ҳаўа райы ўақтында сергекликти асырыўын, өзлериңизди ҳәм перзентлериңизди кеўилсиз жағдайларды келтирип шығарыўшы айрықша жағдайлардан қорғаў мақсетинде, автомобиллерди тереклер яки ушып кетиўи итимәлы болған бастырмалардың астына ҳәм басқада орынларға (электр линиялары, тереклер, там бастырмалары астына) қоймаўыңызды сорап қаламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы
👉@qongiratrkuz
Forwarded from «ҲЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы (Админстратор АО "ККПТЭС" 78-780-07-44)
Коӊырат районында «Мыӊжарған» АПЖ аймағында 2023-жыл 14-апрель күни саат 08:08 ден баслап «Айран» фидеринде авариялық жағдайларға байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылды.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы мүнәсибети менен Қоңырат районындағы Мәденият сарайында өткерилген салтанатлы байрам илажынан таярланған репортаж

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Úgit-násiyat ilajları dawam etpekte

Qońırat rayonı ádillik bólimi  yuridikalıq xızmet kórsetiw orayı tárepinen “Ózbekstan Respublikasınıń Konstituciyası haqqında”ǵı Ózbekstan Respublikası Konstituciyalıq nızam joybarınıń mazmun-mánisin túsindiriwge baǵıshlap rayon xalıq bilimlendiriw bólimine qaraslı ulıwma orta bilm beriw mektepleriniń juwaplı xızmetkerleri qatnasında huqıqıy úgit-násiyat ilajı shólkemlestirildi. Ilaj dawamında oray xızmetkerleri tárepinen Jańalanıp atırǵan Konstituciya Ózbekstan jámiyetiniń rawajlanıwınan kelip shıǵıp atırǵan turmıslıq zárúrlik ekenligi, bul mámleket, millet hám xalıq sıpatında keyingi rejelerimizdi anıqlap alıwımız ushın oǵada áhmiyetli, ádil jámiyet qurıw jolındaǵı úlken reje ekenligine ayırıqsha toqtalınıp ótildi.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#15_aprel #jer #mal_múlk

Mal-múlk hám jer salıqların 15-aprelden keshiktirmey tólewdi umıtpań❗️

Siz to‘legen salıqlar puqaralardı socıallıq-ekonomikalıq qollap-quwatlawǵa hám elimiz párawanlıǵına xızmet etedi.

🟢telegram 🔴 facebook 🔵 instagram 🟠 youtube