Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткерди
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздың алыс, ең шетки аймақларынан есапланған Қоңырат районының Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлка пуқаралар жыйынлары, Бостан аўыллық пункти пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткериў режелестирилген еди.
Күнниң екинши ярымында Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ турғынларының мүрәжатларын тыңлаў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде аймақта болды.
Қабыллаў даўамында бир қатар мәселелер, соннан, коммуналлық хызмет кѳрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, медициналық жәрдем бериў, бәнтлигин тәмийинлеў, турақ жайларын оңлаў, контракт пулларын тѳлеп бериў ҳәм басқа да күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Өз нәўбетинде, барлық билдирилген мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының қадағалаўына алынып, басым кѳпшилиги орнында шешимин тапты.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы"Жаслық" посёлкасына да 450 мың доллар муғдарындағы Социаллық орай қурылысы ушын жойбар тастыйықланды. Социаллық орайда пуқаралар ушын сапалы медициналық хызметлер көрсетиў менен бирге халыққа хызмет көрсетиў орынларын шөлкемлестириў белгиленген. Мәселен, тигиў цехы, оқыў орайы менен кәсипке таярлаў орайлары усылар қатарынан.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев өз сөзинде “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар” деп атап өткен еди. Өткерилген қабыллаў арқалы бул сөз өз тастыйығын таўып, олардың ҳуқықлары тийкарында мүрәжатларының шешимин табыў бойынша зәрүрли илажлар көрилди.
Бундай ийгиликли ислер республикамыз бойлап буннан-былайда даўам еттириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#biyparıqemespen #befarqemasman
Aytmuratov Uluǵbek, «Qońırat RTU» UK qaraslı Qońırat temir jol distanciyası miynetti qorǵaw injeneri:
– Jańa redakciyadaǵı Konstituciyanıń 21-statyasına tiykar «Hesh kimge onıń razılıǵısız nızamshılıqta belgilenbegen minnetleme júkletiliwi múmkin emes» delingen. Yaǵnıy jumıs beriwshi tárepinen qanday da bir wazıypanı xızmetkerge júklew sıyaqlı unamsız jaǵdaylarǵa qatań túrde shek qoyadı. Men 30-aprel kúni bolıp ótetuǵın referendumǵa #biyparıqemespen siz hám referendumda aktiv qatnasıp, keleshegińiz ushın dawıs beriń!
@pch_kungrad

#Qaraqalpaqstan_telekanalı
Qońırat rayonında "Abat hám Qáwipsiz máhálle" principi tiykarında ushrasıw bolıp ótti.
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

#Қабыллаў
ПУҚАРАЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНБАҚТА
Бүгин 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың нәўбеттеги қабыллаўы болып өтпекте.
Қабыллаў даўамында пуқаралардың түрли турмыслық мәселелерге байланыслы болған бир қатар мүрәжатлары қабыл етилип, пикир-усыныслары тыңланбақта.
Айырым мүрәжатлар бойынша тараў қәнигелери тәрепинен мурәжат ийелерине түсиниклер берилди. Шешилиўи ушын ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша район ҳәкими тийисли тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берди ҳәм мүрәжатлардың үйренилиў процесси район ҳәкиминиң қадағалаўында болатуғынлығын атап өтти.
Мәмлекетимизде "Инсан қәдири ушын" деген идеяда әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаўға, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте.
Көшпели қабыллаўлар ҳәр бир мәҳәлледе даўам етпекте.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

#ОНЛАЙН
Әйне ўақытларда 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың азанда басланған нәўбеттеги қабыллаўы даўам етпекте.
Егер сизди қыйнап киятырған машқала болса әйне ўақытта барып мүрәжат етсеңиз болады.

⚡️Jaslar berilgen imkaniyatlardan únemli paydalanbaqta
📌Búgingi kúnde mámleketimizde jaslardıń bántligin támiyinlewge ayriqsha itibar qaratılıp, olar ushin keń imkániyatlar esikleri ashılmaqta.
Qońırat rayonı Kiyet APJ aymaǵında jasawshı, jaslar dapteri dizimindegi A.Nurillayevqa ótken jılı Xalıqaralıq PROON shólkemi qáwenderliginde 0,01ga maydanǵa jeńil konstruktsiyalı issıxana qurıp berilgen edi.
Búgingi kúnde puqara óziniń bántligin támiyinlep, ıssıxanaǵa hár qıylı palız ónimlerin tuqımnan egip, nál halatına keltirdi. Bunnan tisqari jas diyxan óziniń úy aldı qiytaq jerinende únemli paydalanıp, hár qıylı miywe hám palız ónimlerin jetilistirmekte.