QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.51K subscribers
49.5K photos
5.34K videos
29 files
15.3K links
Download Telegram
Бир қатар халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм 40 тан аслам мәмлекет елшилери Қарақалпақстанға келди

Делегация қатарында 40 тан аслам мәмлекет елшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми раўажланыў бағдарламасы, ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, Халықаралық қызыл атанақ көмитети, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ўәкиллери республикамыз аймағына келген болып, мийманларды дәслеп Мойнақ аэропортында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев салтанатлы түрде күтип алды.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Б.Саидов қатнасты.

Делегация ағзалары Арал теңизи тарийхы музейи ҳәм ашық аспан астындағы кемелер комплексин барып көрди.

Буннан соң Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, соның қатарында сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер нәллерин ҳәм туқымларын егиў процеси көзден өткерилди.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайзарлықларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте. Бул әмелий жумыслардың нәтийжесинде 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 млн. 624 мың гектар майданларға шөл өсимликлери егилди.

Арал теңизи майданларына сапар даўамында Арал бойы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентациялар жыйналғанлар нәзерине усынылды. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Президентимиз басшылығындағы Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша әмелий жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы

Қоңырат районы "Жаслық" ППЖ аймағындағы KKRASI CHEMICAL натрий сульфат  хәм сульфид  ислеп шығарыý кәрханасы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен рәсмий түрде  иске қосылды.Ашылыý салтанаты онлайн тәризде болып өтти.

Кәрханада жылына 450мың тонна мирабилит қайта исленип, натрий сульфат ҳәм натрий сульфид  ислеп шығарылып,сырт еллерге экспорт етиледи. Заводтың иске түсиýи менен 195 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
30-апрель күни Өзбекстанда Конституцияны өзгертиў бойынша референдум болып өтеди.

Референдум өзи не? Референдум қандай өткериледи? Ким референдум өткериў басламасы менен шығыўы мүмкин?

Бул ҳаққында толық 👉видеода.

@qaraqalpaqstanqizi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasman

Shahida Qarlibayeva, Samarqand davlat veterinariya meditsinasi, chorvachilik va biotexnologiyalar universiteti Nukus filiali talabasi:

— Men talabaman. Kelajakda veterinar boʻlmoqchiman. Oʻz oldimga katta maqsadlar qoʻyganman. Ularni amalga oshirishimda Konstitutsiya muhim. Yaqinda oʻtkazilishi kutilayotgan referendumga #befarqemasman. Sizlarni, ayniqsa xotin-qizlarimizni ham befarq boʻlmaslikka chaqiraman.

@menbefarqemasman
Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте

Бүгин Қоңырат районы 2-сектор аймағына қараслы "Қашы"  ҳәм "Моншақлы", "Бердақ" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар ушын  район ҳәкимлиги ҳәм Қоңырат районы Мәҳәлле қайыр-сақаўат фонды тәрепинен мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен ифтарлық дәстүрханы жайылып ҳүрмет көрсетилди.
Жыйналғанларды район ҳәкимлиги, диний тараў ўәкиллери ҳәм басқалар жаңа айдың басланыўы менен қутлықлап Ораза тутып,  парызын орынлап,  елимиз раўажланыўына тилек билдирип атырған барлық мүмин мусылманларға тилеклери қабыл болыўларын тиледи.

👉 Толық оқыў

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
⚡️ТАЙЫНЛАЎ

Даулетияров Шухрат Қидирбаевич

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.


Каналға ағза болыў
Forwarded from Bugun.uz — LIVE
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Энди адвокатура ҳам суд ва прокуратура билан тенг мақомда бўлади. Яъни адвокатни, унинг шаънини ва фаолиятини давлат ҳимоя қилади

#yangilanayotgankonstitutsiya
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️ "Қўриқлаш" бош бошқармаси томонидан Республика худудида МУТЛАҚО ТЕКИНГА Назорат-қуриклаш воситалари урнатилиб берилади.

Қўриқловга топшириш учун онлайн аризани www.qbb.uz сахифа орқали қолдирилади.

Тулиқ маълумот учун тел номер: +99890-652-92-00.
Тақыятас районы ҳәкими тайынланды

Усы жылдыӊ 5-апрель күни халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезексиз алпысыншы сессиясы болып өтти.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессия күн тәртибинде район халқыныӊ турмыс шараятын жақсылаў, районда аўыл хожалығы, ислеп шығарыў, исбилерменлик сыяқлы бир қатар тараўларды раўажландырыў, бул бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сессияда Курбанов Данияр Розумбаевич Тақыятас районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өз гезегинде Д.Курбанов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Мағлыўмат ушын, Курбанов Данияр Розумбаевич усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Салық комитети, сондай-ақ, Есап палатасында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барған.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Onlayn
#Bes_baslama_olimpiadası
#Stol_tennis

⚡️Búgin Qońırat rayonınıń barlıq máhállelerinde "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde sporttıń stol tennis jarısları dawam etpekte.
📌Sporttıń stol tennis túrinen Qońırat rayonlıq barlıq 39 máhállelerindegi 11-15 jas, 16-21 jas, 22-26 jas hám 27-30 jastaǵı máhálle jasları arasında "Bes baslama olimiadası" sheńberinde sporttıń stol tennis túrinen máhálle basqıshları qızǵın dawam etip, qatnasıwshılar máhálle jaslar jetekshileri tárepinen 1-2-3-dárejeli diplomlar menen sıylıqlanbaqta.

Kanalǵa aǵza bolıw
👉👉👉👉@qonjasnews_1