QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.27K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
Photo
Сўнгги йилларда мамлакатимизда соғлиқни сақлаш тизимини тубдан ислоҳ қилиш, уни ривожлантиришни янги босқичга олиб чиқиш давлат сиёсатининг устувор йўналишига айланди. Бирламчи тиббий-санитария ёрдамини, шошилинч тиббий ёрдамни ва ихтисослаштирилган тиббий хизматлар тармоғини ўз ичига олувчи уч босқичли миллий тиббиёт модели яратилди, аҳолига кўрсатилаётган тиббий хизматлар самарадорлигини, сифатини ва қулайлигини ошириш таъминланмоқда.
Шу билан бирга, охирги пайтларда беморлар ва уларнинг яқин қариндошлари томонидан тиббиёт ходимларига тажовуз қилиш ҳоллари кўпайиб бормоқда. Бу жараёнда тиббиёт ходимларини беморларнинг соғлиғи ёмонлашишида ёки ўлимида асоссиз равишда айблаш, шунингдек ҳеч бир сабабсиз шифокорларга ва ўрта тиббиёт ходимларига тажовуз қилиш ҳоллари юз бермоқда.
Бироқ Ўзбекистон Республикасининг Маъмурий жавобгарлик тўғрисидаги амалдаги кодексида хизмат вазифаларини бажараётган тиббиёт ходимларига нисбатан қонунга хилоф равишда турли шаклларда таъсир ўтказганлик, шунингдек тиббиёт ходимларининг тиббий ёрдам кўрсатиш билан боғлиқ қонуний тиббий фаолиятига тўсқинлик қилганлик учун тўғридан-тўғри маъмурий жавобгарлик белгиланмаган.
Шу муносабат билан «Тиббиёт ходимининг қонуний тиббий фаолиятига тўсқинлик қилганлик учун жавобгарлик белгиланиши муносабати билан Ўзбекистон Республикасининг Маъмурий жавобгарлик тўғрисидаги кодексига қўшимчалар киритиш ҳақида»ги Қонунчилик палатаси томонидан 2022 йил 13 декабрда қабул қилинган
Сенат томонидан 2023 йил 2 мартда маъқулланган Ўзбекистон Республикаси Президенти томонидан 2023 йил 27 март куни имзоланган ЎРҚ-827-сонли Ўзбекистон Республикаси Конуни билан Ўзбекистон Республикасининг Маъмурий жавобгарлик тўғрисидаги кодекси тиббиёт ходимининг қонуний тиббий фаолиятига тўсқинлик қилганлик учун жавобгарлик белгиловчи янги модда билан тўлдирилмоқда.
Яъни Ўзбекистон Республикасининг Маъмурий жавобгарлик тўғрисидаги кодекси «1977-моддаси билан Тиббиёт ходимининг қонуний тиббий фаолиятига тўсқинлик қилиш ҳақида деб тўлдирилган.
Унга кўра, тиббиёт ходимининг қонуний тиббий фаолиятига тўсқинлик қилиш ёки шу мақсадда тиббиёт ходимига қонунга хилоф равишда ҳар қандай шаклда таъсир ўтказиш, — фуқароларга базавий ҳисоблаш миқдорининг беш бараваридан етти бараваригача, мансабдор шахсларга эса — етти бараваридан ўн бараваригача миқдорда жарима солишга ёки ўн беш суткагача муддатга маъмурий қамоққа олишга сабаб бўлади» деб белгиланмоқда.
Шу сабабли Ушбу Қонуннинг қабул қилиниши тиббиёт ходимлари ҳуқуқларини ҳимоя қилишга ва уларнинг касбий фаолиятига турлича аралашувларнинг олдини олишга, шифокорлик касбининг мақоми ҳамда нуфузини оширишга, фуқароларга ўз вақтида ва сифатли тиббий ёрдам кўрсатилишига хизмат қилади.

A.Садиев
Қорақалпоғистон Республикаси маъмурий суди судьяси                  

@qongiratrkuz
Президент жўуапкерлерге Қарақалпақстанда әмелге асырылыўы керек болған мәселелер бойынша бир қатар тапсырмалар берди

Атап айтқанда, 1-майдан баслап «Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеу» жолының Елликқала, Төрткүл, Беруний районлары аймағынан өткен 25 километри реконструкцияланады.

Жыл жуўмағына шекем Миллий банктың басламасы тийкарында басқа районларға бириктирилген банклер де кеминде үш үлкен санаат жойбарын әмелге асырады.

Пуқараларға дийқаншылық пенен шуғылланыўға берилетуғын жерлерде шарўаға азықлық жетистириў ушын 5 гектарға шекем ажыратыў усынысы қоллап-қуўатланады.

2023-жылда Қарақалпақстандағы мийўе-палыз ҳәм шарўашылық жойбарларына 10 миллион доллар бағдарланады.

1-октябрьге шекем Бостан каналын бетонлаў жумысы жуўмақланып, 100 мың гектарда суў тәмийнаты жақсыланады. Буның есабынан 23 насос станциясы ҳәм 400 насос агрегаты тоқтатылып, келеси жылдан баслап жылына 45 миллион киловатт электр үнемленеди.

Барлық мектеп ҳәм емлеўханаларды реконструкциялаўға, соның ишинде ыссылық тәмийнатын жақсылаўға қосымша қаржы ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстанда 21 мың үй оңланып, 709 үй жаңадан қурып бериледи

Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 2023-жылда 1,5 триллион сум берилип атырғанлығын атап өтти.

Буннан тысқары, 452 мәҳәлледеги шараяты аўыр 21 мың үй оңланады, 709 үй жаңадан қурып бериледи. Буған бюджеттен 132 миллиард сум, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан 232 миллиард сум ажыратылып атыр.

Соның менен бирге Президент өзине аймақлардан үй-жайлар кадастры мәселесинде оғада көп мүрәжатлар болыўын айтты.

«Қарақалпақстанда да 47 мың үй-жай ҳәм көшпес мүлклердиң кадастры жоқ. Бул – адамларымызды ипотека алыў, қыйтақ жеринде дийқаншылыққа кредит, субсидия алыў, жасап атырған баспанасын перзентлерине мийрас етип қалдырыў имканиятын шеклеп атыр. Көп ойлап, Қарақалпақстан халқына усы мәселеде жеңиллик жаратпақшыман», — деди мәмлекет басшысы.

Президент Жоқарғы Кеңес Баслығына еки айда 38 мың адамның қолына кадастр ҳүжжетлерин толық ислеп бериў бойынша тапсырма берди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Қорақалпоғистон Республикасига ташрифи

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына сапары


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасында 6 жаңа кәрхана иске қосылды

Кегейли районында болып өткен мәжилисте 6 жаңа кәрхананы иске қосылды Беруний районындағы «Беруний бийдай кластер» ҳәм «Райхан аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының 3-басқышы, Қоңырат районындағы «ККРаси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут ҳотел», Төрткүл районындағы «Хозагро» ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслер потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди. Бул кәрханаларда жәми 1 мың 100 турақлы жумыс орны жаратылады, олар арқалы өндириске 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.

Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, бул жаңа кәрханаларды иске қосты.

Негизинде бул Қарақалпақстан Республикасындағы раўажланыўдың избе-из даўамы. Соңғы алты жылда аймақта 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылған. Исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейип, 46 мың турақлы жумыс орны жаратылған. Бурын санааты ең төмен болған 6 районда өндирис 2-3 есеге артып, Қарақалпақстандағы үлеси 12 процентке жеткен.

– Биз бир ел ҳәм бир халықпыз! Ҳәмме ўәлаятлар Қарақалпақстанды раўажландырыўға өз үлесин қосыўға бел байлаған. Ҳәр бир районға министрлер, ўәлаят ҳәкимлери, уйым ҳәм банклердиң басшылары бириктирилген. Оның нәтийжелери барлық районларда көринбекте ҳәм бул жумыслар тоқтамайды,-деди Шавкат Мирзиёев.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстан халқының абаданлығын және де арттырыўға қаратылған үш жаңа басламаны билдирди

Бириншиси, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум ажыратылады.

Екиншиси, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп бериледи.

Үшиншиси, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрди

Бул комплекс жаслардың қәбилети ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған. Соннан, компьютер саўатлылығы, график дизайн, робототехника, 3D моделлестириў, акселерация сыяқлы 9 жөнелисте жылына 1 мың 500 жигит-қыз билим алыўы мүмкин. Буның ушын заманагөй техника, лаборатория ҳәм устахана үскенелери орнатылған.

Бүгинги күнде оқыў курслары питкериўшилериниң идеялары стартап формасына келтирилип, “Болажақ илимпаз”, “Technoways”, “Start4 Region” сыяқлы таңлаўларға 50 ге жақын жойбар тапсырылған. Сондай-ақ, “Арал теңизиниң қурғақшылықлы аймақларында туқымгершилик плантациясын шөлкемлестириў” темасында улыўмалық баҳасы 955 миллион сумлық жойбар әмелге асырылмақта. Бул теңиздиң қурыған түбиндеги жерлерден пайдаланыў, суўды тежеў ҳәмде дузды кемейтиўге хызмет етеди.

Улыўма алғанда, усы технопарк жаслардың умтылыс ҳәм идеяларын жетистириўине шекем жәрдем береди.

Мәмлекетимиз басшысына жас фермер ҳәм илимпазлардың қурғатылған органикалық помидор, ақаба суўларды тазалаў ҳәм балықларға азықлық өсимлик жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасыл технологияларға тийкарланған бул жойбарлар Европа мәмлекетлериниң сертификатларына ийе болған.

Президентимиз бул жойбарларды қаржылық қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў кереклигин атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға жақыннан жәрдем бериў арқалы төмендеги хызметлерди усынады:
Палатаға бийпул ағза болыў арқалы Судларға бажы пулсыз даўа арза киритиў.
Экспорт-импорт қылыў, исбилерменлерге әсбап ускене алыўда жәрдем бериў.
Жергиликли көргизбе ҳәм ярмаркалар шөлкемлестириў.
Исбилерменлерди шет ел көргизбе ҳәм ярмаркаларына қатнасыўын тәмийинлеў.
Исбилерменлерге мағлыўмат ҳәм мәслаҳатлар бериў.
Бизнес реже дүзип бериў.
Жаслар ҳәм ҳаял-қызларды бизнеске оқытыў.
Исбилерменлерди мәмлекетлик сыйлықларға усыныў.
Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жай. Бағдар: Алоқа банк.
Толық мағлыўмат ушын телефон номерлеримиз: (61) 222-05-95 (61)222-15-02
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/sspchamberuz
Kishi kólemdegi kemelerge guwalıq beriw tártibi

Qońırat rayonı Ayrıqsha jaǵdaylar bólimi
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Референдумға арналған илаж

Қоңырат районы “Түркистан”  мәкан пуқаралар жыйынында
Қоңырат районы пуқаралық ислери бойынша районларара суды баслыгы А.Сейтназаров,
"Түркистан" МПЖ баслығы Г.Жуманиязова ҳәм көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында ушырасыў жыйналысы болып өтти.
Ушырасыў барысында шығып сөйлеўшилер  бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың барысы, жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасы Конституциясының мазмуны ҳәм ондағы жаңадан киритилип атырған өзгерислердиң әҳмийети ҳәмде Конституциялық нызам жойбары бойынша өткерилетуғын Референдум ҳаққында түсиник жумысларын алып барды.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz