QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.24K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти

Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте.

Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында мийрим-шəпəəтлилик, қайыр-сақаўатлылық орталығын жəне де беккемлеўде, жас әўладты миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда, өз-ара дослық, аўызбиршилик, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де күшейтиўде айрықша орын ийелейди.

Усы жылдың 20-март күни Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти.

Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, ҳүкимет ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ўакиллери қатнасты.

Байрам тамашалары пайтахтымыздағы Жаслар Орайы имараты алында да даўам етип атырған болып, жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер республикамыздың барлық орынларында даўам етпекте.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Баходирович Мадаминовтың Наўрыз байрамы мүнәсибети менен район халқына жоллаған байрам қутлықлаўы

Ассалаўма алейкум әзиз заманласлар!
Ҳүрметли Қоңырат халқы!


Бәршеңизди кирип келген жаңаланыў ҳәм жасарыў пасылы есапланған Наўрыз әйямы менен қызғын қутлықлайман. Шаңарақларыңызға аўызбиршилик, дәстурханыңызға қут-берекет тилеймен.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде алып барылып атырған үлкен реформалардың унамлы тәсири районымызда да өз сәўлелениўин таўмақта. Көпшилик тараўларда районымыз унамлы нәтийжелерге ерисип келмекте. Бунда районымыздың ҳәр бир пуқарасының салмақлы үлеси бар деп ойлайман.

Ҳүрметли  заманласлар!
Әзиз дослар!


Пурсаттан пайдаланып бәршеңизди кирип келген Наўрыз әйямы менен және бир мәрте қутлықлайман. Бәрҳәма қырманымыз бәлент, аспанымыз ашық ҳәм елимиз тыныш болсын
.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Наўрыз

Қоңырат районы «Әдебият» АПЖ аймағындағы 14-санлы мектепте «Ҳәр күниң болсын Наўрыз, жанажан Өзбекстаным!» ураны астында театрластырылған кең көлемли байрам илажы болып өтти.

Онда Олий Мажлис сенаты ағзасы Б.Мәтмуратов, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов, АПЖ баслығы И.Юлдашев, 14-санлы мектеп директоры С.Ешбаева ҳәм аўыл жасы үлкенлери шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Сондай-ақ, «Әдебият» АПЖ қурамындағы аўыллардың ҳаял-қызлары миллий тағамлар көргизбеси, миллий ойынлар ҳәм сахналық көринислер менен өз-ара беллести. Ер жигитлер арасында болса тас көтериў, арқан тартысыў, миллий гүрес ҳәм қораз урыстырыў спорт түрлери бойынша күш сынасыўлар болып өтти.

Илаж районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 14-санлы мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған кеўилге қонымлы қосық намалары, миллий салт-дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген сахналық көринислер менен даўам етти.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Наврўз умумхалқ байрамига бағишланган тантанали маросимдаги табрик нутқи

Приветственное слово Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева на торжествах, посвященных всенародному празднику Навруз

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Әзиз ўатанласлар!

Ең дәслеп, бәршеңизди, көп миллетли пүткил халқымызды жанажан Өзбекстанымызға, әзиз Қарақалпақстанымызға кирип келген Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәммемиз жақсы билемиз, Наўрыз тынышлықты, татыўлықты қәдирлеп, бир-биримизге мийирманлық етип, қәстерлеп жасаўға шақырады.

Тынышлық ҳәм татыўлықты, аўызбиршиликти сақласақ, қалған нәрселерге әлбетте ерисемиз.

Гөззал үлкемизде жасап атырған, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық ўатанласларымыз беккем аўызбиршиликте, дослық, татыўлықта Ўатанымыздың гүллеп жаснаўы жолында хызмет етип, биргеликте жасап келмекте.

Бүгинги күнде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында байрам салтанаты республикамыз бойлап кең түрде даўам етпекте.

Айтып өтиў керек, қәдирданлықты, ҳүрмет-иззетти тастырып жиберетуғын дийдарласыўлар Наўрыздың кеңпейиллик ҳәм жақсылық тымсалы екениниң және бир айқын мысалы бола алады. Наўрыздың жанға жағымлы намасы шалынып, миллий кийимлери менен әтирапқа сән берген жаслар, ақ пәтиясы менен бәрҳама оларға туўры жолды көрсетип отыратуғын нураныйлар, қәдирли Ўатанласларымыз беккем аўызбиршилик пенен байрамды мүнәсип белгилемекте.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Илайым, кеўлимиздеги барлық жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!

Елимиз тыныш, халқымыз аман, аўызбиршилигимиз даўамлы болсын!

Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM