QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.51K subscribers
50.5K photos
5.47K videos
31 files
15.7K links
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы жазыўшы-шайырлар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм журналистлер менен ушырасты

Өткерилген ушырасыўда бүгинги күнде жазыўшы-шайырларымызға итибар қаратыў, ғалаба хабар қуралларының еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў, олардың мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды халқымызға жеткерип барыўдағы ролин күшейтиў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде сөз етилди.

Айтып өтиў орынлы, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, турмыста өз сәўлесин таўып атырған ийгиликли басламалар, заманымыз қаҳарманларының бүгинги келбети, мийнет пидайыларының әдиўли хызметлери, реал турмысқа көшкен саўаплы ислерди халқымызға жеткерип бериўде, өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда жазыўшы-шайырларымыздың, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң орны айрықша. Себеби, олар бүгинги ийгиликли әмеллердиң кең жәмийетшиликке жетип барыўында баслы хызмет атқарады.

Ашық-айдынлыққа тийкарланған ушырасыўда еркин түрде пикир алмасылып, усыныслар тыңланды.

Өз нәўбетинде ел таныған жазыўшыларымыз, шайырларымыз ҳәм журналистлеримиз Жоқарғы Кеңес Баслығының көрсетип атырған итибары, өткерилген жақыннан сәўбет ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы байрам қарсаңында қоңыратлы 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды

Соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиўге, бәнтлигин тәмийинлеўге, социаллық-сиясий белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аўыр турмыс шараятына түсип қалған, кем тәмийинленген ҳәм турақ-жайға мүтәж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў илажлары да жаңа басқышларға көтерилип бармақта.
Усындай ийгиликли жумыслар республикамыз аймағында да кең түрде даўам еттирилип атыр.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы социаллық жәрдемге мүтаж 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды.

Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеў мақсетинде район аймағынан жәми 1 млрд. 664 млн. сўмлық 10 турақ-жай сатып алынды.

Заманагөй етип қурып питкерилген бул турақ-жайларда барлық қолайлы шараятлар жаратылған болып, өз нәўбетинде жаңа үйлердиң ийелериниң көзинде ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформалардан миннетдаршылық сезими көринеди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳаял-қызларды кирип киятырған байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, жаңа имарат олардың жақсы күнинде хызмет етиўин тиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти

Азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў түнги саат 03:00 ге шекем яғный, 17 саат даўам етти.

Болып өткен қабыллаўда пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди.

Мәселен, Қоңырат районы Қырық қыз АПЖ турғыны Қ.Өтегенов 1000 хожалыққа шамалас аўылы интернет тармағына жалғанбағанлығы бойынша билдирген мүрәжаты орнында шешимин таўып, усы жылы хожалықлардың барлығына толық интернет тармағы тартылыўы белгилеп алынды.

Мойнақлы Р.Аяпованың мүрәжаты бойынша материаллық жәрдем берилип, районлық медицина бирлеспесине жумысқа орналастырылды.

Шоманай район турғыны С.Алланазаров шаңарақлық бақша шөлкемлестиргени бирақ, оны ашыў ушын толық имканияты жетпей атырғанлығы бойынша билдирген мүрәжаты да унамлы шешимин тапты ҳәм өз жумысын жолға қойыў ушын 1 ҳәпте мүддетте кредит қаржылары ажыратылып, нәтийжеде 14 жаңа жумыс орны ашылатуғын болды.

Улыўмаластырып айтқанда, бүгинги қабыллаўда 700 ге шамалас мүрәжат келип түсти ҳәм оның басым көпшилиги яғный 55 пайызы орнында унамлы шешимин тапты.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
"Коррупция -Раўажланыўға тосық" атамасында ушырасыў болып өтти

👉 Толық оқыў

🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebookTelegram/
Ҳүрметли пуқаралар!

Усы жылдың 1-март күнинен 1-апрель күнлери аралығында республикамыз бойлап «Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм пуқаралық қорғаў» айлығын өткериў белгиленген.

Айлықты өткериўден мақсет айрықша жағдайлар жүз бергенде халықты туўры ҳәрекет етиўге таярлаў ҳәм жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып табылады.

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими


🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebookTelegram/
«Jasıl mákan» ulıwma milliy joybarı

Qońırat rayonı Xalıq bilimlendiriw bólimi hám rayonlıq Mektepke shekemgi bilimlendiriw bólimi xizmetkerleri tárepinen "Jasıl mákan"ulıwma milliy joybarı sheńberinde dekorativ hám miyweli terek nálleri egildi.

Qońırat rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebookTelegram/