QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.22K subscribers
45.6K photos
4.76K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Қоӊырат районы «Үстирт, Хорезм, Қоңырат, Қаңлы, Өрнек, Әдебият, Киет» АПЖ аймақларында 2023-жыл 3-февраль күни саат 09:10 нан 11:00 ге шекем арнаӯлы жук өтиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қоӊырат  районы «Қоңырат» АПЖ  аймағында  2023-жыл  3-февраль  күни саат 10:00 ден  16:00 ге шекем 623-санлы трансформатор  пунктинде  киши оңлаў  жумыслары өткерилиўине байланыслы  электр   энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
"Алмазар"да мәҳәлле хызметкерлериниң есабаты тыңланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты П.Айтжанов, район ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеумуратова,
Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Е.Турдымуратов ҳәм Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариат баслығы Б.Уалибаевалар Қоңырат районы "Алмазар" МПЖ имаратында мәҳәлле хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында, Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны ақсақалы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳәм алдағы режелери бойынша есабатлары тыңланды. Сондай-ақ "Алмазар" сайлаў округи депутаты Т.Айтбаевтың есабаты тыңлады.

Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен қабыл етилген пəрман ҳəм қарарлардың, мəмлекетлик бағдарламалардың турмысымызда тутқан орны ҳəм əҳмийети бойынша үгит-нəсият жумысларын алып барды ҳəмде пуқаралардың мүрəжатларын тыңлап, машқалаларын үйренип шықты.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли пуқаралар!

Айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде бәршеңизди қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиӊизди сорап қаламыз!

Өзиңиз, туўысқанларыңыз, перзентлериңиз ҳәм жақынларыңыздың өмирине бийпарўа болмаң!

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Сиясий_ағартыўшылық_сааты

Бүгинги күнниң ең әхмийетли темалары ҳаққында мағлыўмат бериўши "Сиясий-ағартыўшылық сааты" болып өтти.
⚡️Сиясий ағартыўшылық  сааты даўамында:"Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилеринде креатив пикирлеу",  "Китап оқыў ўақты" рубрикасы: "Фокус, жоқары мақсетлерге ерисиў" Стивет Кови, Стив Жонс, соның менен бирге, ҳәпте даўамында Өзбекстан ҳәм сырт ел мәмлекетлеринде жүз берген әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Оқыў саатына Қоңырат  районы ҳәкимлиги хызметкерлери ҳәм райондағы  мәкеме-шөлкемлердиң хызметкерлери қатнасты.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
"E-AUKSION" elektron savdo platformasidan foydalanish bo'yicha videoqo'llanmalar bilan tanishing!

🔹 Ro'yxatdan o'tish tartibi (ko'rish)
🔹 Savdoda ishtirok etish tartibi (ko'rish)
🔹 Elektron raqamli imzo kalitini olish (ko'rish)
🔹 Platforma orqali mulk sotish (ko'rish)
🔹 Dehqon xo'jaligi yerlari tanlovida qatnashish (ko'rish)

@auksionvideo
#Қабыллаў
#Инсан_қәдри_ушын

СЕКТОР БАСШЫЛАРЫНЫҢ ҚАБЫЛЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ

Бүгин Абу Али ибн Сино атынағы жәмийет саламатлығы техникумында барлық сектор басшылары пуқаралар мүрәжатларын тыңлады.

Қабыллаў даўамында коммунал хызметлер, медициналық жәрдем ҳәм бәнтлик сыяқлы бир қанша мәселелер бойынша  мүрәжат етти.
Мүрәжатлардың айрымлары сол орынның өзинде шешимин тапқан болса, үйренип шығылыўы ушын қосымша ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди


👉 Толық оқыў

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

🌐Web sayt |YouTube |InstagramFacebookTelegram/
«Оммавий ахборот воситалари менинг энг катта дўстларим, адолатли танқид бўлса ҳар доим эшитамиз» — Шавкат Мирзиёев

Президентнинг ушбу гапларини танқид кўтаролмайдиган айрим ташкилотлар тушуниб, ҳулоса чиқаришса яхши бўларди.

Kanalga ulanish👇👇
https://t.iss.one/gazetalar_sharhi
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен "Жаслар дәптери"не киргизилген 353 жигит-қызларға субсидия тийкарында 1 млрд. 800 млн. сум муғдарындағы әсбап-үскенелер топламы тапсырылды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен "Жаслар дәптери"не киргизилген 353 жигит-қызларға өзлериниң қәлеўи бойынша субсидия тийкарында 1 млрд 800 млн сўмлық 490 топлам, соннан, 166 тигиў машинасы, 50 кондитер печ ҳәм миксер, 31 мотокултиватор ҳәм қурылыс әсбап-үскенелери тапсырылды.

Айтып өтиў орынлы, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық жағдайын жақсылаў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар республикамыз бойынша даўам еттирилмекте.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter