QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
50.1K photos
5.41K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
Қоңыратта "Президент саўғалары"  тапсырылды

Бүгин, районлық Мәденият сарайында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен "Президент шыршасы" байрам илажы болып өтти.

Байрам илажына район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, район белсендилери ҳәм балалар қатнасты.

Байрам илажын район ҳәкими Б.Мадаминов қутлықлаў сөзи менен ашып берип,  бәршени кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Буннан соң сектор басшылары тәрепинен балажанларға "Президент саўғалары" ҳәм қәўендерлер тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.
Иләж даўамында Қоңырат районы Мәденият бөлими тәрепинен инам етилген театрластырылған байрам тамашалары балаларға үлкен заўық бағышлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉👉
@qongiratrkuz
#Фоторепортаж
#Жаңа_жыл

Қоңыратта "Президент саўғалары"  тапсырылды

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from QOŃÍRAT JASLARÍ| RÁSMIY KANALÍ (Qazaqbaev Tazabay (Qònģirot tumani))
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#QońıratMPJ

Yoshlar yetakchilari faoliyati bo'yicha yil sarhisobi!

"Qoñırat" mahallasi yoshlar yetakchisi Dauletiyarov Tazabayning yil davomida amalga oshirgan ishlari bóyicha yil sarhisobi
"Меҳир ҳәрекети" шаңарақларға меҳир үлесиўди даўам етпекте

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға көмек көрсетиў, оларға меҳир үлесиў халқымызға тән әзелий ағла пазыйлетлеримизден саналады. "Меҳир ҳәрекети" шеңберинде әмелге асырылып атырған ийгиликли ҳәм саўаплы ислер аўыр шәраятта жасап атырған шаңарақларға үлкен қуўаныш алып кирмекте.

Бүгин Қоңырат районы 3-сектор баслығы У.Ситмуратов ҳәм қәўендерлер тәрепинен  районымыздағы Қаратал, Түркистан, Мыңжарған ҳәм Хаким-ата мәҳәллелери аймағында жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлардын ҳалынан хабар алды.

Оларды кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, байрам саўғалары ҳәм  азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

"Меҳир ҳәрекети" шеңберинде әмелге асырылып атырған қайыр-сақаўат илажлары районымыз бойлап даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉👉
@qongiratrkuz