QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.58K subscribers
50.8K photos
5.5K videos
31 files
15.7K links
Download Telegram
#Xoshamet_2022
#Qońırat

Nominaciya jeńimpazları menen tanısamız:

🔹"Jıldıń eń belsendi máhálle aqsaqalı" nominaciyası menen
"Berdaq" mákan puqaralar jıyını baslıǵı Saburov Azat Userovich;

🔹"Jıldıń eń belsendi jaslardı qollap-quwatlawshı kárxana hám shólkemi" nominaciyası menen "Qońırat sodа zavodı" JShJ qospa kárxanası;

🔹"Jıldıń eń belsendi hákim járdemshisi"
nominaciyası menen Palımbetov Jambıl Abdikalikovich;

🔹"Jıldıń eń belsendi jaslar jetekshisi" nominaciyası menen  "Hákim ata" MPJ jaslar jetekshisi Niyazov Muhammed Bazarbaevich;

🔹"Jıldıń eń belsendi birge islesiwshi shólkemi" nominaciyası menen Qońırat rayonı Xalıq bilimlendiriw bólimi;

🔹"Jıldıń eń belsendi medicina xızmetkeri" nomimaciyası menen Qońırat rayonı Medicina birlespesi nevropotolog shıpakeri Polatov Alımjan Polatovich;

🔹"Jıldıń eń belsendi jas oqıtıwshısı" nominaciyası menen 50-sanlı mekteptiń matematika páni muǵa'llimi Mámbetsapaev Rustambek Oralbaevich;

🔹"Jıldıń eń belsendi jas tárbiyashısı" nominaciyası menen 1-sanlı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi tárbiyashısı Erejepova Albina Kamiljan qızı;

🔹"Jıldıń eń belsendi jas isbilermeni" nominaciyası menen "Natural FOODS Servis" JShJ baslıǵı Tasauov Nodirbek Tasau ulı;

🔹"Jas pidayıları" nominaciyası menen Qońırat rayonı Abadanlastırıw basqarması sıylıqlandı.

Qońırat rayonı hakimliginiń Málimleme xizmeti
👉
@qongiratrkuz
#Меҳир_ҳәрекети

Республикамыз бойлап даўам етип атырған ийгиликли баслама "Меҳир ҳәрекети" Қоңыратта көплеген шаңарақлардың есигине кирип бармақта.

Бүгин, ҳәрекет шеңбериндеги қайыр-сақаўат илажлары районымыздағы "Сүўенли" АПЖ аймағында даўам етти.

Усы аймақта жасаўшы кем тамийинлеген шаңарақларға Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен азық-аўқат өнимлери ҳәм қысқы кийим-кеншеклер тапсырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
"Меҳир ҳәрекети" шаңарақларға меҳир үлесиўди даўам етпекте

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға көмек көрсетиў, оларға меҳир үлесиў халқымызға тән әзелий ағла пазыйлетлеримизден саналады. "Меҳир ҳәрекети" шеңберинде әмелге асырылып атырған ийгиликли ҳәм саўаплы ислер аўыр шәраятта жасап атырған шаңарақларға үлкен қуўаныш алып кирмекте.

Бүгин "Қоңырат регионаллық темир жол узели" унитар кәрханасы хызметкерлери районымыздағы Қашы, Ханжап ҳәм Хорезм мәҳәллелери аймағында жасаўшы жәрдемге мүтәж 43 шаңарақтың ҳалынан хабар алды.

Оларды кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, байрам саўғалары ҳәм  азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

"Меҳир ҳәрекети" шеңберинде әмелге асырылып атырған қайыр-сақаўат илажлары районымыз бойлап даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Тақыятас «Балалар үйи»нде Жаңа жыл байрамы болып өтти

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы қатнасты.

Шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде кишкентайлар тәрепинен таярланған ойынлар қойып берилди.

Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары және ғамқорлығында, әлбетте. Байрам босағасында балаларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас «Балалар үйи»ндеги шараятлар менен танысып, онда тәрбияланып атырған балалардың бүгинги жағдайларын өз көзи менен көрди.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
МЕҲИР ҲӘРЕКЕТИ ШЕҢБЕРИНДЕ...

Өзгелер жǝрдемине мүтǝж, кем тǝмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў халқымызға ағла  тǝн пазийлетлерден саналады.  

"Меҳир ҳәрекети" шеңберинде "Uz-Kor Gaz chemical" кәрханасы хызметкерлери 3-секторға қараслы "Қумбыз" МПЖ аймағында жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар  ҳалынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин тапсырды. 

Қоңырат  районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz
"Uz-kor Gas Chemical" кәрханасы балаларға қуўаныш үлести

🔹"Uz-kor Gas Chemical" кәрханасы қәўендерлигинде район аймағында жасаўшы, жасаў шәраяты аўыр ҳәм жәрдемге мүтәж 40 шаңарақтың перзентлерине жаңа жыл саўғалары тапсырылды.
🔹Илажды Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеўмуратова ашып берип, балаларды кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм олардың оқыўларында табыслар тиледи.
🔹Илаж даўамында Қоңырат районы Мәденият бөлими тәрепинен инәм етилген театрластырылған байрам тамашалары балаларға үлкен заўық бағышлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉👉
@qongiratrkuz