QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.8K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
#Online
#Qońırat

"Xoshamet 2022" sıylıqlaw máresimi baslanıw aldında

Qońırat rayonı hakimliginiń Málimleme xizmeti
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Өзбекстан Қаҳарманы, сиясий искер, мәмлекетлик ғайраткер Муса Тажетдинович Ерниязовтың 75 жыллық юбилейи кең түрде белгиленди

Бүгин сиясий искер, мәмлекетлик ғайраткер, дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, инсаныйлық пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан Муса Тажетдинович Ерниязов туўылғанының 75 жыллық юбилейи мүнәсибети менен кең көлемли илажлар өткерилди.

Дәслеп Өзбекстан қахарманы Муса Ерниязовтың қәбири зияратланды ҳәм марҳумның естелиги ҳүрметине Қуран оқылды.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси болып өтти.

Онда марҳумның естелигине арналған ҳүжжетли фильм тамаша етилди.

Буннан кейин, еслеў кешеси көркем өнер тараўы ўәкиллери тәрепинен таярланған көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
⚡️Қарақалпақстанда самал электр станциясын қурыў бойынша шәртнамаға қол қойылды

🔷Толық оқыў

Каналға ағза болыў
Қоңырат районында тийисли хызметлер менен биргеликте ботулизм ҳәм аўқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыў бойынша профилактик сәўбетлер ҳәм рейд илажлары әмелге асырылмақта.
Буннан гөзленген мақсет жаңа жыл байрамы қарсаңында саўда орынларында сапасыз ҳәм жарамлылық мүддети өткен азық-аўқат өнимлери саўдасының алдын алыў саналады.

Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Ўзбекистон Президенти Шавкат Мирзиёев Саудия Арабистони инвестициялар вазири Ҳолид ал-Фалиҳ билан учрашув ўтказмоқда.

Кун тартибидан энергетика, кимё тармоғи, қишлоқ хўжалиги, инфратузилмани ривожлантириш, банк, туризм ва бошқа соҳаларда йирик инвестиция лойиҳаларини амалга ошириш масалалари ўрин олган.

Давлатимиз раҳбари Саудия компанияларининг устувор минтақавий лойиҳаларни илгари суришда иштирок этиш имкониятини кўриб чиқишни таклиф этди.

Президент Узбекистана Шавкат Мирзиёев проводит встречу с министром инвестиции Саудовской Аравии Халидом аль-Фалихом.

В повестке дня - вопросы ускорения реализации крупных инвестиционных проектов в сфере энергетики, химической отрасли, сельского хозяйства, развития инфраструктуры, банковского сектора, туризма и других направлений.

Глава нашего государства также предложил рассмотреть возможность участия саудовских компаний в продвижении приоритетных региональных проектов.

Facebook|Instagram|Twitter
Пуқаралардың қыс мәўсиминен зиянсыз ҳәм саў-саламат өтиўин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында пуқаралрдың қыс мәўсиминен зиянсыз ҳәм саў-саламат өтиўин тәмийинлеў, социаллық тараў объектлерин электр энергиясы ҳәм тәбиий газ бенен үзиликсиз тәмийинлеў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти.

Жыйналысқа район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм басқа да жуўапкер шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Жыйналыста район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып, пуқаралардың гүз-қыс мәўсиминен қыйыншылықсыз ҳәм саў-саламат өтиўин тәмийинлеў ушын мәнзилли қоллап-қуўатлаў, әсиресе жасаў шәраяты аўыр шаңарақларға зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда көмир жеткерип бериў, электр энергиясы менен үзиликсиз тәмийинлеў ҳәм турақлы түрде газ баллонларын жеткерип бериў лазымлығын айрықша атап өтти.

Соның менен бирге, қарыздарлығы себепли коммунал хызметлерден үзилген жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў мәселелери бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилди.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қоңырат Медицина бирлеспесинде медициналық шығындыларды стерилизация жолы менен зиянсызландырыўшы үскене иске түсти

Қоңырат районы Медицина бирлеспесинде ЮНИСЕФ тиң Өзбекстандағы ўәкиллиги баслығы Мунир Мамедзаде, Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаý Министри М.Қурбанов, район хәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратовлар қатнасында илаж болып өтти.

Илажда ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен медициналық шығындыларды стерилизация жолы менен зиянсызландырыўшы арнаўлы үскене районлық медицина бирлеспесине тапсырылды.

Бул үскенениң абзаллығы сонда, медициналық шығындылар экология ҳәм қоршаған орталыққа зиян жеткермеген ҳалда, стерилизация жолы менен зиянсызландырылады.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz