QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.5K photos
4.9K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, Ҳүрметли Президентимиздиң идеялары, баслап берген ийгиликли ислери, белгилеп берген əҳмийетли ўазыйпалары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан ушын да шын мəнисинде раўажланыўлар, жаңаланыўлар дəўири сыпатында үлкен итибар қаратылып атырғанлығы буның айқын мысалы бола алады.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Меҳир_ҳәрекети

Мине бир неше күннен берли басланған ийгиликли баслама "Меҳир ҳәрекети" бүгин Қоңыратта көплеген шаңарақлардың есигине кирип бармақта.

Бүгин  Қоңырат районы Әдиллик бөлими хәм Мәмлекетлик хызмети орайы хызметкерлери тәрепинен «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйынында социаллық жәрдемге мүтәж   шаңараклардың жағдайынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин тарқатты.

Ҳәрекет шеңбериндеги қайыр-сақаўат илажлары районымыз бойлап даўам етпекте.


Қоңырат  районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
🎓 Jaslar hám nızam tańlawınıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshı Qońırat rayonında ótkerildi.

🔥 13-dekabr kúni Qońırat rayonı Muzika mektebinde "Jaslar hám nızam" tańlawınıń Qaraqalpaqstan Respublikası aymaqlıq basqıshı ótkerildi. Aymaqlıq basqıshına Qanlikól, Shomanay, Moynaq hám Qońırat rayonlarınan kelgen 14-18 jas hám 18-30 jas kategoriyasındaǵı máhálle jasları arasında 4-shárt boyınsha óz-ara bellesti.

🔹Qızǵın bellesiwlerge bay ótken aymaqlıq basqıshı juwmaǵında 14-18 jas kategoriyası boyınsha Qanlikól rayonı jasları 1-orındı, 18-30 jas kategoriyası boyınsha Qońırat rayonı jasları 1-orındı iyelep, dekabr ayı aqırında ótkeriletuǵın Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollanmanı qolǵa kiritti.


⚡️Jaslar isleri agentligi Qońırat rayonı bóliminiń sociyal tarmaqlardaǵı rásmiy kanalı
👇👇👇

👉@qonjasnews_1👈
⚡️Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

⚡️Қыс мǝўсиминиң аязлы күнлеринде электр энергиясынан пайдаланыў көлеми сезилерли көбейгенликтен тармақларда оның жетиспеўшилиги жүзеге келди. Сонлықтан Республикамыз аймақларында қала, район ҳәкимликлери менен келисилген түрде алдын хабар берилген электр энергиясына енгизилген қысқа мүддетли шеклеўлер декабрь айының 14, 15 ҳәм 16 сәнелеринде де әмел ететуғынлығын мәлимлеймиз.
Нөкис қаласы
Хожели районы
Тақыятас районы
Нөкис районы
Әмиўдәрья районы
Беруний районы
Шымбай районы
Шоманай районы
Тахтакөпир районы
Елликқала районы
Төрткүл районы
Қараөзек районы
Қанлыкөл районы
Кегейли районы
Бозатаў районы
Қоңырат районы
Мойнақ районы
“Ҳудудий электр тармоқлари” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы
#Мүрәжатлар_итибарда
Район ҳәкими үй шараятында даўаланып атырған наўқастың ҳалынан хабар алды

Район ҳәкими тәрепинен өткерилген қабыллаўлардың биринде "Темиржол" МПЖ аймағында жасаўшы пуқара өзиниң перзентиниң наўқаслығы  себепли Ташкент қаласында операция қылыныўы зәрүрлигин билдирип, операцияға зәрүр болған қаржыны топлаў имкәнияты болмағанлығы ушын әмелий жәрдем көрсетиўин сораған.

Бүгин район ҳәкими Б.Мадаминов сектор басшылары ҳәм районлық медицина бирлеспеси ўәкиллери менен биргеликте мүрәжатты үйрениў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде наўқастың ҳалынан хабар алды. Шаңарақтың жасаў шәраятлары менен танысып, наўқас пенен жақыннан сәўбетлести.

-Азғана меҳир-итибар наўқасқа үлкен руўхый күш береди. Өмирлик жолдасымның ҳалынан хабар алыў ушын келген районымыз басшылары бәршемиздиң кеўлимизди көтерди. Әсиресе, операция ушын зәрүр қаржыны ажыратып бериўинен жүдә қуўанышлымыз,-дейди наўқастың өмирлик жолдасы.


Қоңырат  районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасында қой жүнин қайта ислеўдиң заманагөй технологиялары бойынша ҳаяллар ушын бизнести раўажландырыў ҳаққында оқыў бағдарламасы иске түсирилилген болып, бунда Қырғызстан Республикасынан келген өнерментлер менен тәжирийбе алмасыў жолға қойылмақта


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Audio
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!
⚡️Ҳаўа-райының суўып кетиўи ҳәмде электр энергиясынан пайдаланыў дәрежеси кескин артып кеткен ўақытларда Қарақалпақстан Республикасы аймағы ушын белгиленген пайдаланыў тапсырмасын орынлаў, санаат ҳәм ислеп шығарыўдағы технологиялық процесслердиң тоқтап қалыўының алдын алыў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыў ортасындағы тең салмақлықты услап турыў ҳәмде тәмийнаттағы тәртипсиз үзилислерди тоқтатыў мақсетинде республикамыз аймақларында қала, район ҳәкимликлери менен келисилген түрде алдын хабар берилген электр энергиясына енгизилген қысқа мүддетли шеклеўлер декабрь айының 14, 15 ҳәм 16 сәнелеринде де әмел ететуғынлығын мәлимлеймиз.                                      
«Ҳудудий электр тармоқлари» акционерлик жǝмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы мәлимлеме хызмети
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август сәнесинде тек Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген ПП-213-санлы Пәрманында көрсетилген жеңиллик тийкарында Қарақалпақстанлы жаслар бүгин Ферғана мәмлекетлик университетинде билим алып атыр


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Qońırat rayonı statistika bólimi
Президент раислигида видеоселектор йиғилиши бошланди. Йиғилиш аввалида давлатимиз раҳбари сўнгги кунларда аҳолимизни қийнаётган энергия таъминоти масаласига тўхталиб ўтди.

Охирги олти йилда соҳада катта ўзгаришлар бўлгани, жумладан:

- 5 минг мегаваттдан ортиқ янги электр қувватлари яратилгани (аввалги 25 йилда бор-йўғи 3,3 минг мегаватт қувватлар ишга тушган);

- 45 минг километр электр тармоқлари ва 13 мингдан ортиқ трансформатор пунктлари янгилангани (бу ҳам аввалги йилларга нисбатан 3-4 баравар кўп);

- суюлтирилган газ ва кўмир ишлаб чиқариш ҳажмлари 1,5 бараварга ошгани таъкидланди.

Лекин бир ҳафта бўлган совуқда О.Раматов, М.Абдуллаев, Ф.Абдурахманов, Д.Исакулов, У.Мустафоев, Б.Норматов, Б.Эшмуродов, вилоят, туман, шаҳар ҳокимлари ва сектор раҳбарлари пастда ишламагани кўриниб қолди.

Улар қишга тайёргарликни барбод қилди, шунча қилаётган ислоҳотларимизни обрўсизлантирди
.

Ваҳоланки, уларнинг тизимида 115 мингдан зиёд ходимлардан иборат катта армияси бор. Улар ҳам ойлик олади”, - деди Президент.

Facebook|Instagram|Twitter